1 Timothy 3
Жәмәәт жетекшилери ҳәм хызметшилери ҳаққында
1«Егер ким де ким жәмәәт жетекшиси болыўды аңсаса, жақсы исти арзыў еткени», – деген сөзлер ҳақыйқат. 2Солай етип, жәмәәт жетекшиси айыпсыз, тек бир ҳаяллы, салмақлы, өзин тутып билетуғын, ҳүрметли, миймандос ҳәм тәлим бериўге қәбилетли болыўы шәрт. 3Және де, ол мәскүнемликке берилген, қызба, жәнжелкеш, пайдакүнем болмай, ал мүләйим, 4өз үйин жақсы басқаратуғын, балаларына сөзин тыңлатып, өзин ҳүрмет еттире алатуғын адам болыўы лазым. 5Себеби өз үйин басқара алмайтуғын адам Қудайдың жәмәәтине қалай ғамхорлық қыла алады? 6Жетекши жақында исенген адам болмаўы тийис. Олай болса, ол мақтанып кетип, шайтан сыяқлы жазаға дуўшар болыўы мүмкин. 7Және де, ол айыпланып, шайтанның дузағына түспеўи ушын, жәмәәттиң сыртындағы адамлардың алдында жақсы атқа ийе болыўы керек. 8Сол сыяқлы, жәмәәт хызметшилери де мәскүнемликке берилген, ҳарам пайданы гөзлейтуғын адам болмай, бир сөзли ҳәм ҳүрметли адамлар болыўы шәрт. 9Олар исенимниң терең ҳақыйқатлығын билип, таза ҳүждан менен ис-ҳәрекет етиўи тийис. 10Бул хызметшилер де дәслеп сынақтан өтиўи лазым. Егер айыпсыз болса, хызметке қойылсын. 11Сондай-ақ, хызметши ҳаяллар да өсекши болмай, ҳүрметли, салмақлы ҳәм ҳәмме исте исенимли болсын. 12Жәмәәт хызметшилери тек бир ҳаяллы, балаларын ҳәм өз үй-ишин жақсы басқаратуғын адамлар болсын. 13Хызметин жақсы атқарған хызметшилер жоқары мәртебеге ериседи ҳәм Масийх Ийсаға деген исенимде үлкен батырлыққа ийе болады.Уллы сыр
14– 15Мен жақын арада сениң жаныңа барыўдан үмит етемен. Бирақ егер кешиксем, Қудайдың шаңарағында исениўшилердиң қалай ис тутыўы кереклигин билиўиң ушын, саған усы хатты жазып атырман. Қудайдың шаңарағы – ҳақыйқат тиреги ҳәм тийкары болған тири Қудайдың жәмәәти. 16Қудайдың жолының сыры уллы екени сөзсиз: Келди Масийх адам денесинде,Мухаддес Руўх тәрепинен ҳақ деп тастыйықланды Ол,
Периштелерге көринди,
Ол ҳаққында жәрияланды миллетлерге,
Жер жүзинде Оған исенди,
Ол жоқарыға алынды салтанат пенен.
Copyright information for
KaaIBT22C