1 Timothy 4
Жалған тәлиматлар ҳаққында
1Мухаддес Руўх анық айтпақта: соңғы ўақытларда гейбир адамлар алдаўшы руўхларға ҳәм жинлердиң тәлиматларына қулақ асып, исенимнен қайтады. 2Бундай тәлиматлар ҳүждансыз болған еки жүзли өтирикшилер тәрепинен тарқалады. 3Бул өтирикшилер үйлениўди ҳәм турмысқа шығыўды қадаған етеди, және де, айырым азық-аўқатларды жемеўди буйырады. Деген менен, Қудай бул нәрселерди ҳақыйқатты билетуғын исениўшилердиң миннетдаршылық билдирип жеўи ушын жаратқан. 4Қудай жаратқан ҳәр бир нәрсе жақсы ҳәм егер миннетдаршылық пенен қабыл етилсе, ҳеш нәрсеге тыйым салынбаўы керек. 5Өйткени бизлер ҳәр бир нәрсени Қудайдың сөзи бойынша ҳәм дуўа етиў арқалы мухаддес деп қабыл етемиз.Жақсы хызметши
6Егер буларды туўысқанларға нәсиятласаң, онда сен исенимниң ҳәм өзиң тутынған жақсы тәлиматтың сөзлери менен азықланған, Масийх Ийсаның жақсы хызметшиси боласаң. 7Жарамас ҳәм мәниссиз гәплерден аўлақ болып, өзиңди Қудай жолында шынықтырып бар. 8Денени шынықтырыўдың пайдасы аз. Ал Қудайдың жолында шынығыў ҳәр тәреплеме пайдалы. Себеби бул арқалы ҳәзир ҳәм келешекте өмир бериледи. 9Бул сөзлер исенимли ҳәм ҳәр тәреплеме қабыл етилиўге ылайықлы. 10Соның ушын бизлер аўыр мийнет етип, азап шекпектемиз. Өйткени ҳәмме адамлардың, әсиресе исениўшилердиң Қутқарыўшысы болған тири Қудайдан үмит етемиз. 11Сен усыларды буйыр ҳәм үйрет. 12Жассаң деп, өзиңди ҳеш кимниң кемситиўине жол қойма. Керисинше, сөйлеген сөзиң, жасаў тәризиң, сүйиспеншилигиң, исенимиң ҳәм пәклигиң менен исениўшилерге өрнек бол. 13Мен жаныңа барғанымша, исениўшилер жәмәәтине Мухаддес Жазыўларды оқыўға, үгит-нәсият етиўге ҳәм үйретиўге өзиңди бағышла. 14Ақсақаллар жыйыны сениң үстиңе қол қойып дуўа еткенде ▼▼ Қол қойып дуўа етиў – исениўшилер жәмәәтинде бир адам хызметке қойылғанда исленетуғын ис-ҳәрекет.
, өзиңе пайғамбаршылық арқалы берилген руўхый сыйға ▼▼ Руўхый сый – Өзине хызмет етиўи ушын, Қудайдың исениўшилерге беретуғын сыйы.
бийпәрўа болма. 15Усыны ис жүзинде қоллан ҳәм табысларыңды ҳәмме көриўи ушын, өзиңди буған толық бағышла. 16Өзиңе ҳәм берип атырған тәлимиңе дыққат аўдар, усы ислериңди даўам ет. Усылай ислесең, өзиңди де, сени тыңлайтуғынларды да қутқарасаң.
Copyright information for
KaaIBT22C