1 Timothy 5
Жәмәәт ишиндеги қатнасықлар
1Ғарры адамға урыспа, ал оны әкеңдей көрип, нәсият бер. Жас жигитлерди иниңдей, 2жасы үлкен ҳаялларды анаңдай, жас ҳаял-қызларды әжапаң ҳәм қарындасыңдай көрип, толық пәклик пенен ақыл-нәсият бер. 3Ҳақыйқаттан қәўендерсиз болған жесир ҳаялларды ҳүрмет ет. 4Егер бир жесир ҳаялдың балалары ямаса ақлықлары болса, олар ең алды менен Қудайдың жолы менен жүрип, өз үй-ишине ғамхорлық көрсетиўди, әке-шешеси менен кемпир апа ҳәм атасының алдында парызын өтеўди үйренсин. Себеби бул Қудайға унайды. 5Ҳақыйқаттан қәўендерсиз, жалғыз қалған жесир ҳаял Қудайдан үмит қылып, күни-түни Оған жалбарынып дуўа етеди. 6Бирақ тек кәйип-сапа менен жасайтуғын жесир ҳаял – тири өлик. 7Айыпланбаўы ушын, оларға усыларды ескертип қой. 8Егер ким де ким өз ағайин-туўғанларына, әсиресе үй-ишиндегилерге қарамаса, ол исенимнен жүз бурған адам болып, исенбейтуғын адамнан да бетер болғаны. 9Жесирлер дизимине жазылатуғын жесир ҳаял тек бир мәртебе турмысқа шыққан, жасы алпыстан кем болмаған болыўы керек. 10Сондай-ақ, ол жақсы ислери менен ат шығарған болып: балаларын жақсы тәрбиялаған, миймандос болған, мухаддеслердиң аяғын жуўған, қыйыншылықта болғанларға жәрдем берген ҳәм ийгиликли ислерге өзин бағышлаған болыўы тийис. 11Жас жесир ҳаяллардың атларын дизимге жазба. Өйткени олардың Масийхқа деген садықлығынан дене қәлеўлери үстин болып, және турмысқа шығыўды ойлайды. 12Солай етип, олар алдын берген ўәделерин бузып, жазаға дуўшар болады. 13Буннан тысқары, олар үйме-үй жүрип, ўақытларын бийкар өткизиўди әдетке айландырады. Олар тек ериншек болып қалмай, өсек те айтады ҳәм керек емес нәрселерди сөйлеп, басқалардың исине араласады. 14Сонлықтан жас жесир ҳаяллар турмысқа шығып, бала туўыўын ҳәм хожалық жумысларын меңгерип, душпанлардың өсек қылыўына себеп туўдырмаўын қәлеймен. 15Себеби олардың гейбиреўлери әлле қашан азғырылып, шайтанның изине ерип кетти. 16Егер исениўши бир ҳаялдың ▼▼ исениўши бир ҳаялдың – Базы қолжазбаларда «исениўши бир ер ямаса ҳаял адамның».
жесир қалған жақынлары болса, оларға жәрдем етсин, исениўшилер жәмәәтине аўырманлық салмасын. Сонда исениўшилер жәмәәти ҳақыйқаттан қәўендерсиз қалған жесирлерге жәрдем ете алады. 17Жәмәәтти жақсы басқаратуғын ақсақаллар, әсиресе Қудайдың сөзин жәриялап ҳәм үйретип, мийнет етип атырғанлар еки есе ҳүрметке ылайықлы болсын. 18Өйткени Мухаддес Жазыўда: «Түйек айдап атырған өгиздиң аўзын байлап қоймаңлар» ▼ ҳәм «Жумысшы өз мийнет ҳақысына ылайықлы» ▼, – делинген. 19Еки ямаса үш гүўа болмаса, бир ақсақалға қойылған айыплаўды қабыл етпе. 20Басқалар қорқыўы ушын, гүна ислегенлерди ҳәммениң алдында әшкара қыл. 21Қудайдың, Масийх Ийсаның ҳәм таңланған периштелердиң алдында саған ескертип атырман: ҳеш кимди айырмай, тек бир тәрепке болыспай, усы буйырғанларымды орынла. 22Биреўди хызметке қойыўға асықпа. Басқалардың гүналарына шерик болмай, өзиңди таза тут. 23Буннан былай, тек суў ишпей, асқазаның ҳәм жийи-жийи болып туратуғын аўырыўларың ушын, аз ғана шарап та иш. 24Айырым адамлардың гүналары белгили болып, оларды ҳүким етилиўге алып келеди. Басқалардың гүнасы болса, соңынан мәлим болады. 25Сол сыяқлы, жақсы ислер де белгили. Ал ҳәзир белгили болмаса да, жасырын қалмайды.
Copyright information for
KaaIBT22C