1 Timothy 6
1Қудайдың атына ҳәм тәлиматына тил тиймеў ушын, қуллық мойынтырығы астында болғанлардың ҳәммеси өз хожайынларын толық ҳүрметке ылайықлы деп санасын. 2Хожайынлары исениўши болған қуллар болса, туўысқанбыз-ғо деп, ҳүрметсизлик қылмай, керисинше, оларға және де жақсырақ хызмет етсин. Себеби олардың бул жақсы хызметинен пайда көретуғын хожайынлар – сүйикли исениўшилер-ғо. Усыларды үйретип, нәсиятла.Жалған тәлимат ҳәм ҳақыйқый байлық
3Ким де ким өзге тәлиматты үйретип, Ийемиз Ийса Масийхтың ҳақыйқат сөзлерин ҳәм Қудайдың жолына тийкарланған тәлиматты мақулламаса, 4ол менмен ҳәм ҳеш нәрсени билмейтуғын адам болғаны. Айтысыў ҳәм тартысыў кеселине жолыққан бундай адамның гәплери күншиллик, алаўызлық, өсек ҳәм жаман гүманларды келтирип шығарады. 5Ақыл-ойлары уўланған, ҳақыйқатлықты жойтқан, Қудайға хызмет етиў арқалы байыўға болады, деп ойлайтуғын бул адамлар арасында бәрқулла тартыслар болады ▼▼ Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Бундай адамлардан аўлақ бол».
. 6Өзиңде барға қанаат етип, Қудайдың жолы менен жүриў – үлкен жетискенлик. 7Өйткени бизлер бул дүньяға ҳеш нәрсе алып келмедик ҳәм оннан ҳеш нәрсе де алып кете алмаймыз. 8Жейтуғын ҳәм кийетуғын нәрселеримиз болса, усыларға қанаат етейик. 9Ал байымақшы болғанлар азғырылыўға ушырайды. Олар адамларды бәлеге жолықтырып набыт қылатуғын көп мәниссиз ҳәм зыянлы ҳәўеслердиң дузағына илинеди. 10Себеби ҳәр түрли жаманлықтың негизи – ақшаны сүйиў. Айырымлар ақшаның изине түсип, исенимнен қайтты ҳәм өзлерин көп азапларға дуўшар етти. Исеним ушын гүрес
11Ал сен, Қудайдың адамы, бул нәрселерден аўлақ бол. Ал ҳақлыққа, Қудайдың жолы менен жүриўге, исенимге, сүйиспеншиликке, сабырлылыққа ҳәм мүләйимлиликке умтылып жаса. 12Исеним ушын болатуғын жақсы гүресте жан-тәниң менен ҳәрекет етип, мәңгилик өмирди жеңип ал. Өйткени Қудай сени усы мәңгилик өмир ушын шақырған ҳәм сен көплеген гүўалар алдында исенимиңди ашық тән алғансаң. 13Ҳәммеге өмир беретуғын Қудайдың ҳәм Понтий Пилат тергегенде турақлылық пенен гүўалық берген ▼ Масийх Ийсаның алдында саған мынаны буйыраман: 14Ийемиз Ийса Масийх келгенше, өзиңе берилген буйрықларды орынлап, минсиз ҳәм айыпсыз бол. 15Қудай Өзи белгилеген ўақытта Ийса Масийхтың қайта келиўин көрсетеди. Қудай – алғыс-мақтаўларға ылайықлы жалғыз Ҳәким, патшалар Патшасы, ҳүкимдарлар Ҳүкимдары. 16Жалғыз Қудайдың ғана басында өлим жоқ. Ол ҳеш ким жақынлай алмайтуғын нурда жасайды, Оны ҳеш ким көрмеген ҳәм көриўи де мүмкин емес. Ҳүрмет ҳәм мәңгилик күш-қүдирет Оныки болсын! Аўмийин. 17Бул дүньядағы бай адамларға менмен болмаўды ҳәм өткинши байлықтан үмит етпеўди буйыр. Ал олар рәҳәт көриўимиз ушын бизлерге ҳәмме нәрсени мол-мол етип беретуғын Қудайдан үмит етсин. 18Оларға жақсылық ислеўди, жақсы ислер менен бай болыўды ҳәм өзинде барын басқалар менен бөлисип, сақый болыўды да тапсыр. 19Сонда олар ҳақыйқый өмирге ийе болыўы ушын, өзлерине келешекте беккем таяныш болатуғын ғәзийне топлайды. 20Ҳәй Тимофей, саған исенип тапсырылғанды сақла. Жарамас сөзлерден, өтириктен «билим» деп аталып, ҳақыйқатқа қарсы туратуғын тәлиматлардан аўлақ бол. 21Себеби айырым адамлар бул жалған билимге берилип, исенимнен қайтты. Қудайдың мийрими сизлерге яр болсын!
Copyright information for
KaaIBT22C