‏ 2 Chronicles 1

Сулайманның даналық сораўы

1Даўыт улы Сулайман өз патшалығын беккемлеп алды. Қудайы Жаратқан Ийе оның менен бирге болып, мәртебесин жүдә жоқарылатты. 2Бир күни Сулайман пүткил Израил халқын – мыңбасыларды, жүзбасыларды, бийлерди, Израилдың барлық көсемлерин ҳәм әўлад басшыларын шақыртты. 3Сулайман жыйналғанларды ертип, Гибон қаласындағы сыйыныў орнына жол алды. Жаратқан Ийениң қулы Муўса шөлде қурдырған Қудайдың Ушырасыў шатыры сол жерде еди. 4Даўыт Қудайдың Келисим сандығын қойыў ушын Ерусалимде бир шатыр тигип, сандықты Кирят-Яримнен сол шатырға алып барған еди. 5Бирақ Хурдың ақлығы Урийдиң улы Бесалел қурған қоладан исленген қурбанлық орын еле Гибондағы Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырының алдында турған еди. Сулайман ҳәм жыйналған халық Қудайдың еркин билиў ушын сол жерге барды. 6Сулайман Жаратқан Ийениң алдында Ушырасыў шатырының алдындағы қоладан исленген қурбанлық орынға көтерилип, онда мың бас малды жандырып қурбанлыққа берди.

7Сол түни Қудай Сулайманға көринип, оған:

– Тиле тилегиңди, сорағаныңды беремен, – деди.
8Сулайман Қудайға былай деди:

– Әкем Даўытқа үлкен жақсылық иследиң ҳәм мени оның орнына патша етип қойдың.
9Енди Қудай, Жаратқан Ийе, әкем Даўытқа берген ўәдеңди орынла! Ақыры, Сен мени жердиң шаңындай көп болған халық үстинен патша етип қойдың. 10Бул халықты басқара алыўым ушын, маған даналық ҳәм билим бер. Болмаса, бул уллы халқыңа ким ҳүкимдарлық қыла алады? 11Қудай Сулайманға былай деди:

– Демек жүрегиңниң қәлеўи усы. Сен байлық, мал-мүлик, даңқ-атақ яки душпанларыңа өлим тилемедиң, ҳәтте, өзиң ушын узақ өмир де сорамадың. Қайтама, сени патша етип қойған халқымды басқарыў ушын даналық ҳәм билим сорадың.
12Сонлықтан саған даналық ҳәм билим бериледи. Буған қоса, саған дейинги ҳеш бир патша көрмеген ҳәм сеннен кейин де ҳеш бир патша көрмейтуғын байлық, мал-мүлик ҳәм даңқ-атақ беремен.

13Сулайман Гибондағы Ушырасыў шатыры орналасқан сыйыныў орнынан Ерусалимге келди ҳәм Израил үстинен ҳүкимдарлық қыла баслады.

Патша Сулайманның күши ҳәм байлығы

14Сулайман саўаш арбалары менен атларды жыйнады. Оның бир мың төрт жүз саўаш арбасы ҳәм он еки мың аты бар еди. Олардың бир бөлегин саўаш арбалары ушын ажыратылған қалаларға, бир бөлегин өзиниң жанына, Ерусалимге жайластырды. 15Патша Ерусалимде гүмис пенен алтынды әпиўайы тасларға тең қылып қойды. Ал кедр ағашы жүдә көп болғанлықтан, батыстағы таў етеклеринде өсетуғын жабайы әнжир ағашына тең болып қалды. 16Сулайманның атлары Мысыр менен Қуўеден алып келинди. Патшаның саўдагерлери атларды Қуўеден сатып алатуғын еди. 17Мысырдан ҳәр бир саўаш арбасы алты жүз шекел гүмиске, ҳәр бир ат бир жүз елиў шекел
Бир жүз елиў шекел – бир шекел шама менен 11 гр.
гүмиске сатып әкелинип, олар патша саўдагерлери арқалы пүткил Хет ҳәм Арам патшаларына сатылатуғын еди.
Copyright information for KaaIBT22C