2 Chronicles 10
Израиллылардың Рехабамға қарсы көтерилиўи
1Рехабам Шехемге кетти. Өйткени пүткил израиллылар Рехабамды патша етип қойыў ушын Шехемге топланған еди. 2Патша Сулайманнан қашып, Мысырда жасап атырған Набат улы Яробам буны еситкенде, Мысырдан қайтты. 3Израиллылар Яробамды шақыртты. Яробам пүткил израиллылар менен бирге Рехабамға келип: 4– Әкеңиз мойнымызға аўыр мойынтырық салған еди. Сиз әкеңиз жүклеген аўыр жүкти ҳәм ол салған мойынтырықты жеңиллетиң. Сонда сизге хызмет етемиз, – деди. 5Рехабам оларға: – Үш күннен кейин қайтып келиңлер, – деди. Халық тарап кетти. 6Патша Рехабам әкеси Сулайманның көзиниң тирисинде оған хызмет еткен ақсақаллар менен ойласып: – Мына халыққа не деп жуўап берейин, қандай мәсләҳәт бересизлер? – деп сорады. 7Ақсақаллар оған: – Егер сиз бул халыққа жыллы шырай көрсетип, кеўлин алып, жақсы сөзиңизди аямасаңыз, олар сизге бир өмир қул болады, – деп жуўап берди. 8Деген менен, Рехабам ақсақаллардың мәсләҳәтине қулақ аспай, өзи менен бирге өскен жас хызметшилери менен кеңесип, 9олардан: – «Әкеңиздиң бизлерге салған мойынтырығын жеңиллетсеңиз», – деп атырған бул халыққа не деп жуўап берсем екен? Сизлер қандай мәсләҳәт бересиз? – деп сорады. 10Сонда өзи менен бирге өскен жас жигитлер оған былай деп жуўап берди: – Сизге: «Әкеңиз мойнымызға аўыр мойынтырық салған еди, сиз оны жеңиллетсеңиз», – деп атырған халыққа: «Мениң шунатай бармағым әкемниң белинен де жуўанырақ. 11Әкем сизлерге аўыр мойынтырық салған болса, мен мойынтырығыңызды оннан да аўырлатаман. Әкем сизлерди қамшы менен жазалаған болса, мен сизлерди сым қосып өрилген қамшы менен жазалайман», – деп айтың. 12Патшаның: «Үш күннен кейин қайтып келиңлер», – деген сөзи бойынша, үшинши күни Яробам ҳәм пүткил халық Рехабамға келди. 13Патша ақсақаллардың кеңесине қулақ аспай, оларға қатал жуўап берди. 14Ол жас жигитлердиң мәсләҳәти бойынша халыққа: – Әкем сизлерге аўыр мойынтырық салған болса, мен оны және де аўырлатаман. Әкем сизлерди қамшы менен жазалаған болса, мен сизлерди сым қосып өрилген қамшы менен жазалайман, – деди. 15Патша халыққа қулақ салмады. Себеби Жаратқан Ийениң шилолы Ахия арқалы Набат улы Яробамға айтқан сөзлери ▼ орынланыўы ушын Қудай усылай иследи. 16Пүткил израиллылар патшаның өзлерине қулақ салмағанын көргенде, патшаға былай деп жуўап берди:«Даўыт пенен бизиң не байланысымыз бар,Ишайдың улында алатуғын үлесимиз де жоқ.
Ҳәй, Израил халқы, үйлериңизге қайтыңлар!
Ҳәй Даўыт, өз үйиң өзиңе ардана болсын!»
Усыларды айтып, израиллылар ҳәммеси өз үйлерине қайтып кетти. 17Бирақ Рехабам Яҳуда қалаларында жасайтуғын израиллыларға патшалық етиўин даўам етти. 18Патша Рехабам мәрдикарға алынғанлар үстинен қадағалаўшы Ҳадорамды Израил халқына жиберди. Халық оны тас боран қылып өлтирди. Сонда патша Рехабам тез саўаш арбасына минди де, Ерусалимге қашып кетти. 19Сол күннен баслап ҳәзирге дейин, Израил халқы Даўыттың урпағына қарсы көтерилип келмекте.
Copyright information for
KaaIBT22C