2 Chronicles 11
Шемаяның пайғамбаршылығы
1Рехабам Ерусалимге барды да, Израил менен урысып, өз патшалығын қайтарып алыў ушын, Яҳуда ҳәм Бенямин урыўынан бир жүз сексен мың ағла жаўынгерди әскерликке топлады. 2Бирақ сол арада Қудайдың адамы болған Шемаяға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти: 3– Яҳуда патшасы Сулайманның улы Рехабамға, Яҳуда ҳәм Бенямин жериндеги барлық израиллыларға былай деп айт: 4«Жаратқан Ийе былай дейди: Өз туўысқанларыңызға қарсы урыс ашып, урысты басламаңлар. Ҳәр бириңиз өз үйиңизге қайтыңлар. Өйткени бул ислерди ислеп атырған Мен боламан». Жаратқан Ийениң бул сөзлерин еситкен халық Яробамға қарсы урысыўдан ўаз кешип, изине қайтты.Рехабамның Яҳуда қалаларын беккемлеўи
5Рехабам Ерусалимде жасады ҳәм қорғаныў ушын Яҳудадағы мына қалаларды дийўаллар менен қоршады: 6Бейтлеҳем, Этам, Теқоа, 7Бейт-Сур, Сохо, Адуллам, 8Гат, Мареша, Зиф, 9Адорайым, Лахиш, Азеқа, 10Сора, Айялон ҳәм Хеброн. Булар Яҳуда ҳәм Бенямин жерлериндеги қорғанлы қалалар еди. 11Рехабам усы қалалардың бекинислерин күшейтип, бекинислерге әскербасылар қойды ҳәм оларда азық-аўқат, зәйтүн майы ҳәм шарап сақланатуғын орынлар қурды. 12Ҳәр бир қаланы үлкен қалқан ҳәм найзалар менен тәмийинлеп, қорғаныўды беккемледи. Солай етип, Яҳуда ҳәм Бенямин урыўлары Рехабамның қол астында қалды. 13Израилдың барлық аймақларындағы руўханийлер менен лебийлилер Рехабамның қасына топланды. 14Лебийлилер, ҳәтте, өз жайлаўлары менен мал-мүликлерин таслап, Яҳуда ҳәм Ерусалимге көшип келди. Себеби Яробам менен оның уллары оларды руўханий болып, Жаратқан Ийеге хызмет етиўден шетлеткен еди. 15Яробам теке ҳәм тана мүсинлерин ислетип сыйыныў орынларына қойды ҳәм ол жерлерге хызмет етиў ушын өз руўханийлерин тайынлады. 16Израилдың барлық урыўларындағы Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге шын жүректен умтылғанлар өзлериниң ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын, руўханийлер менен лебийлилерге ерип, Ерусалимге келди. 17Олар Яҳуда патшалығын беккемледи ҳәм үш жыл даўамында Даўыт пенен Сулайманның жолы менен жүрип, Сулайманның улы Рехабамды қоллап қуўатлады.Рехабамның хожалығы
18Рехабам Даўыттың улы Еримоттың қызы Махалатқа үйленди. Оның анасы Ишайдың улы Элиабтың қызы Абиҳайыл еди. 19Махалат Рехабамға Еуш, Шемария ҳәм Заҳам деген улларды туўып берди. 20Махалаттан соң Рехабам Абшаломның қызы Маахаға үйленди. Ол Рехабамға Абия, Аттай, Зиза ҳәм Шеломитти туўып берди. 21Рехабам басқа ҳаяллары ҳәм тоқалларына қарағанда, Абшаломның қызы Мааханы көбирек жақсы көрди. Рехабамның он сегиз ҳаялы ҳәм алпыс тоқалы болып, олардан жигирма сегиз ул ҳәм алпыс қызы бар еди. 22Рехабам Маахадан туўылған улы Абияны өз тахтының мийрасхоры қылмақшы болып, басқа туўысқанларына басшы етип қойды. 23Рехабам ақыллылық пенен ис тутып, басқа улларының ҳәммесин Яҳуда менен Бенямин жерлериндеги қорғанлы қалаларға бөлип жиберди. Оларды керек-жарағы менен молдан тәмийинлеп, бир қанша ҳаяллар алып берди.
Copyright information for
KaaIBT22C