2 Chronicles 12
Шишақтың Яҳудаға ҳүжим жасаўы
1Рехабам өз ҳүкимдарлығын беккемлеп, күшке толғаннан кейин, оның өзи де, пүткил Израил халқы да Жаратқан Ийениң Нызамынан жүз бурды. 2Олар Жаратқан Ийеге қыянет етти. Сонлықтан Рехабамның патшалығының бесинши жылында Мысыр патшасы Шишақ Ерусалимге ҳүжим жасады. 3Шишақ өзи менен бирге Мысырдан бир мың еки жүз саўаш арбасын, алпыс мың атлы әскерди, сондай-ақ ливиялы, суклы ҳәм хабашстанлы сан-санақсыз ләшкерлерди алып келди. 4Шишақ Яҳуданың қорғанлы қалаларын басып алып, Ерусалимге дейин жақынласты. 5Сонда Шишақтан қорқып, Ерусалимге жыйналған Рехабамға ҳәм Яҳуда басшыларына пайғамбар Шемая келип, былай деди: – Жаратқан Ийе былай дейди: «Сизлер Мени тәрк еттиңиз, енди Мен де сизлерди тәрк етип, Шишақтың қолына тапсыраман». 6Израил басшылары ҳәм патша өз айыпларын тән алып: – Жаратқан Ийе әдил, – деди. 7Жаратқан Ийе олардың айыпларын тән алғанын көргенде, Шемаяға Оннан мынадай сөз түсти: «Олар гүналарын мойынлады. Сонлықтан Мен оларды қырып тасламайман, қутқарылыўы ушын аз-маз жәрдем беремен. Ерусалимге деген ғәзебим Шишақ арқалы төгилмейди. 8Бирақ оларды Шишаққа бағынышлы қыламан. Сонда олар Маған хызмет етиў менен басқа еллердиң патшаларына хызмет етиў арасындағы айырмашылықты билип алады». 9Мысыр патшасы Шишақ Ерусалимге бастырып келип, Жаратқан Ийениң Үйиндеги ҳәм патша сарайындағы ғәзийнелерди тартып алып кетти. Ол ҳәмме нәрсени, Сулайман соқтырған алтын қалқанларды да алды. 10Патша Рехабам олардың орнына қоладан қалқанлар ислетип, оларды патша сарайының кирер аўзын қорғайтуғын сақшылардың басшыларына берди. 11Патша Жаратқан Ийениң Үйине ҳәр барғанда, сақшылар патшаның қасында бул қалқанларды алып жүретуғын, соңынан және сақшылардың бөлмесине апарып қоятуғын еди. 12Рехабам гүнасын мойынлағанда, Жаратқан Ийе ғәзептен қайтып, Яҳуда халқын толық қырып жибермеди. Яҳудада еле де жақсы ислер бар еди. 13Патша Рехабам Ерусалимде патшалығын беккемлеп, ҳүкимдарлық қыла берди. Ол тахтта отырғанда қырық бир жаста еди. Рехабам Жаратқан Ийе Өз атын орнатыў ушын Израилдың пүткил урыўлары арасынан таңлап алған қаласы Ерусалимде он жети жыл патшалық қылды. Оның анасы аммон халқынан болып, аты Наама еди. 14Рехабам Жаратқан Ийеге шын жүректен умтылмағаны себепли, жаман ислерди ислеп турды. 15Рехабам ислеген ислер басынан аяғына шекем Шемая пайғамбардың жазыўларында ҳәм ўәлий Иддоның шежиреге киргизилген жазыўларында баян етилген. Рехабам менен Яробам пүткил өмири даўамында урысып келди. 16Рехабам өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Абия патша болды.
Copyright information for
KaaIBT22C