2 Chronicles 13
Яҳуда патшасы Абия
1Израил патшасы Яробамның патшалығының он сегизинши жылында Абия Яҳудаға патша болды. 2Ол Ерусалимде үш жыл патшалық етти. Абияның анасы гибалы Уриелдиң қызы Михая еди. Абия менен Яробам ортасында урыс болды. 3Абия төрт жүз мың ағла әскерди саўашқа баслады. Яробам болса, сегиз жүз мың ағла ҳәм мәрт әскерин оған қарсы сапқа дизди. 4Абия Эфрайымның таўлы үлкесиндеги Семарайым таўына шығып, былай деди: – Ҳәй, Яробам ҳәм пүткил Израил, мени тыңлаңлар! 5Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң бузылмас бир келисим бойынша Израилға патшалық қылыўды мәңгиге Даўытқа ҳәм оның урпақларына бергенин билмейсиз бе? 6Бирақ Даўыт улы Сулайманның хызметшиси Набат улы Яробам өз мырзасына қарсы бас көтерди. 7Оның қасына оңбаған ҳәм жарамас адамлар жыйналып, Сулайман улы Рехабамға қарсы шықты. Рехабам сол ўақытта жас ҳәм тәжирийбесиз болғанлықтан, оларға қарсы тура алмады. 8Енди болса, Даўыттың урпағының қолында болған Жаратқан Ийениң патшалығына қарсы турмақшысыз. Аўа, сизлер көпшиликсиз! Буның үстине, қудайыңыз деп Яробам соқтырып берген алтын таналар ▼ да жаныңызда! 9Жаратқан Ийениң руўханийлери болған Харонның урпақларын ҳәм лебийлилерди қуўып жиберген сизлер емес пе? Олардың орнына басқа халықлардың дәстүрине сай, әпиўайы адамлардан руўханийлерди қойып алған жоқсыз ба? Аўа, тайынланыў рәсимине бир буға ямаса жети қошқар алып келген ҳәр бир адам жалған қудайларға руўханий бола алады-дә! 10Ал бизлерге келсек, Жаратқан Ийе бизлердиң Қудайымыз! Бизлер Оннан жүз бурмадық. Жаратқан Ийеге хызмет етип атырған руўханийлер де Харон урпағынан болып, лебийлилер оларға жәрдем бермекте. 11Олар ҳәр күни азанда ҳәм кеште Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар береди, хош ийисли түтеткилер түтетеди, арнаўлы столға усынылған нанлар қояды, ҳәр күни кеште алтын шыра қойғыштағы шыраларды жағады. Аўа, бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийениң тапсырмаларын орынлап жүрмиз. Ал сизлер болсаңыз, Оны тәрк еттиңиз. 12Қудай бизлер менен бирге, Ол бизлердиң жолбасшымыз. Оның руўханийлери кәрнайлар шалып, сизлерге қарсы урысқа шақырады. Израил урпақлары, ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийеге қарсы урыспаңлар! Бәри бир жеңиске ериспейсиз. 13Сол арада Яробам әскерлериниң бир бөлегин Яҳуда әскерлериниң артқы тәрепине буққы қойыў ушын жиберген еди. Әскерлердиң тийкарғы бөлими Яҳуда әскерлериниң алдында турды, ал буққыдағылар артқы тәрепинде еди. 14Яҳуда әскерлери әтирапқа қарап, өзлерине алдыдан да арттан да ҳүжим жасамақшы болып турғанларды көргенде, Жаратқан Ийеге жалбарынды. Ал руўханийлер кәрнайларын шалды. 15Яҳуда әскерлери сүрен салып бақырысты. Олар бақырысқанда, Қудай Яробамды ҳәм израиллыларды Абия менен Яҳуда алдында қырғынға ушыратты. 16Израиллылар яҳудалылардың алдына түсип қашты ҳәм Қудай оларды яҳудалыларға тәслим етти. 17Абия ҳәм оның әскерлери израиллыларға аўыр соққы берди. Израиллылардың бес жүз мың ағла әскери қаза тапты. 18Солай етип израиллылар жеңилиске ушырады. Ал яҳудалылар ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге сүйенгени ушын жеңиске еристи. 19Абия Яробамды қуўып кетип, оған тийисли Бейт-Эл, Ешана, Эфрон қалаларын ҳәм олардың дөгерегиндеги аўылларды қолға киргизди. 20Яробам Абия дәўиринде өзиниң бурынғы қүдиретин тиклей алмады. Жаратқан Ийе оның жанын алды ҳәм ол қайтыс болды. 21Ал Абияның ҳүкимдарлығы күшейе берди. Ол он төрт ҳаял алып, олардан жигирма еки ул ҳәм он алты қызлы болды. 22Абияның басқа ислери, ислеген ислери ҳәм айтқанлары Иддо пайғамбардың түсиндирме китабында жазылған.
Copyright information for
KaaIBT22C