‏ 2 Chronicles 14

1Абия өлип, ата-бабаларына қосылғанда, Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Аса патша болды. Асаның дәўиринде елде он жыл тынышлық болды.

Яҳуда патшасы Аса

2Аса Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде жақсы ҳәм дурыс болған ислерди иследи. 3Ол жат қудайлардың қурбанлық орынлары менен сыйыныў орынларын алып таслап, кийели тасларды ҳәм кийели ағашларды бузып таслады. 4Ол яҳудийлерге ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге жүз бурып, Оның нызам ҳәм буйрықларын орынлаўды буйырды. 5Ол Яҳуданың барлық қалаларындағы сыйыныў орынларын ҳәм түтетки түтетилетуғын орынларды алып таслады. Оның дәўиринде патшалық парахатшылықта жасады. 6Елде тынышлық ҳүким сүрген ўақытта, Аса Яҳудада қорғанлы қалалар қурды. Сол жыллары оның менен ҳеш ким урыспады, себеби Жаратқан Ийе оған тынышлық сыйлаған еди. 7Аса Яҳуда халқына былай деген еди: «Мына қалаларды салып, әтирапын дийўаллар менен қоршайық. Оларға минаралар ҳәм тәмбиленетуғын дәрўазалар қурып, қалаларды беккемлейик. Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийеге жүз бурғанымыз ушын, бул ел еле бизлердики. Аўа, бизлер Оған жүз бурдық ҳәм Ол бизлерге ҳәр тәреплеме тынышлық сыйлады».

Солай етип, олар қурылысты баслап, табыслы тамамлады.

8Асаның Яҳуда урыўынан үлкен қалқан ҳәм найза менен қуралланған үш жүз әскери, ал Бенямин урыўынан кишкене қалқан ҳәм оқ жай менен қуралланған еки жүз сексен әскери бар еди. Олардың ҳәммеси мәрт жаўынгерлер еди.

9Хабашстанлы Зерах миллионлаған әскери ҳәм үш жүз саўаш арбасы менен Яҳудаға атланып, Мареша қаласына жетип келди. 10Аса оған қарсы атланды. Олар Марешаға жақын жердеги Сефата ойпатлығында урысыў ушын сап тартып турды. 11Аса өз Қудайы Жаратқан Ийеге:

– Жаратқан Ийе! Күшлиниң алдында турған күшсизге Сеннен басқа ҳеш ким жәрдем бере алмайды. Қудайымыз Жаратқан Ийе, бизлерге жәрдем бере гөр! Себеби бизлер Саған сүйенемиз ҳәм Сениң атың менен мына сансыз ләшкерге қарсы шығып турмыз. Жаратқан Ийе, Сен бизлердиң Қудайымызсаң, инсан затының Өзиңди жеңиўине жол қойма! – деп жалбарынды.

12Сонда Жаратқан Ийе Аса менен яҳудалылардың алдында хабашстанлыларды қырғынға ушыратып, хабашстанлылар қаша баслады. 13Аса болса өз әскерлери менен оларды Герарға дейин қуўып барды. Хабашстанлылардан қаза тапқанлар соншелли көп болып, бирде биреўи аман қалмады. Олар Жаратқан Ийениң ҳәм Оның ордасының алдында қырып тасланды. Яҳуда әскерлери көп олжа менен қайтты. 14Герар әтирапындағы қалаларда жасайтуғын халық Жаратқан Ийеден қорқып қалған еди. Яҳудалылар оларға да шабыўыл жасап, қырғынға ушыратты ҳәм талан-тараж етип, мол олжа алып қайтты. 15Яҳудалылар шопанлардың шатырларына да шабыўыл жасап, олардың көп қой-ешки ҳәм түйелерин айдап кетти. Кейин олар Ерусалимге қайтып келди.
Copyright information for KaaIBT22C