2 Chronicles 15
Патша Асаның жеңилликлери
1Одед улы Азарияның үстине Қудайдың Руўхы түсти. 2Сонда Азария патша Аса менен ушырасыў ушын жолға шықты ҳәм оған барып былай деди: – Ҳәй, Аса, пүткил Яҳуда ҳәм Бенямин халқы, маған қулақ салыңлар! Сизлер Жаратқан Ийе менен бирге болған дәўирде, Ол да сизлер менен бирге болады. Егер Оны излесеңиз, табасызлар. Ал егер Оны тәрк етсеңиз, Ол да сизлерди тәрк етеди. 3Узақ ўақыт даўамында Израил халқы ҳақыйқый Қудайдан, тәлим беретуғын руўханийден ҳәм Оның Нызамынан алыста жасады. 4Бирақ қыйыншылыққа ушырағанында олар Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге бет бурып, Оны изледи ҳәм Оны тапты. 5Сол күнлери сапарға шығыў қәўипли болып, ҳәмме еллердиң турғынлары ушын ғаўасатлы ўақытлар еди. 6Миллет миллетке, қала қалаға қарсы урысатуғын еди. Себеби Қудай оларды ҳәр түрли апатшылықларға ушыратып, албыратып қойған еди. 7Бирақ сизлер беккем болыңлар! Түскинликке түспеңлер! Өйткени мийнетиңиздиң жемисин аласызлар. 8Одед улы Азария пайғамбардың бул пайғамбаршылық сөзлерин еситкенде, Аса жигерленди. Ол пүткил Яҳуда менен Бенямин жерлериндеги ҳәм Эфрайымның таўлы үлкесиндеги өзи қолға киргизген қалалардағы жеркенишли бутларды алып таслады. Сондай-ақ, Жаратқан Ийениң Үйиниң айўанының алдына орнатылған Жаратқан Ийениң қурбанлық орнын қайта тикледи. 9Буннан кейин, Аса Яҳуда ҳәм Бенямин урыўы менен бирге олардың арасында жасап атырған Эфрайым, Менашше ҳәм Шимон урыўынан болғанларды топлады. Өйткени көп адамлар Асаның Қудайы Жаратқан Ийениң оның менен бирге екенин көрип, Израилды таслап, Яҳудаға көшип келген еди. 10Олар Асаның ҳүкимдарлығының он бесинши жылының үшинши айында Ерусалимге жыйналды. 11Сол күни олар урыстан алып келген олжасынан жети жүз бас ири мал ҳәм жети мың бас майда малды Жаратқан Ийеге арнап қурбанлыққа берди. 12Халық ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени шын жүректен, жан-тәни менен излеў ушын келисим дүзди. 13Израилдың Қудайы Жаратқан Ийени излемеген ҳәр бир адам: жас болсын, ғарры болсын, еркек болсын, ҳаял болсын ҳәммеси өлтирилетуғын болды. 14Олар бақырып, ҳәр түрли кәрнайлар ҳаўазлары астында бәлент даўыс пенен Жаратқан Ийеге ант ишти. 15Пүткил яҳудалылар берген анты ушын қуўанышлы еди, себеби олар шын жүректен ант ишкен еди. Олар ықласланып Жаратқан Ийени излегени ушын, Оны тапты. Жаратқан Ийе оларға ҳәр тәреплеме тынышлық берди. 16Кемпир апасы Мааха Ашераға арнап жеркенишли бир бут соқтырғаны ушын, патша Аса оннан ханбийкелик атағын тартып алды. Аса бул жеркенишли бутты шаўып таслап, майдалап, Кидрон сайында жағып жиберди. 17Ол Израилдағы сыйыныў орынларын жоқ қылмаса да, өмир бойы Жаратқан Ийеге садық қалды. 18Аса әкесиниң ҳәм өзиниң атаған нәрселерин: гүмисти, алтынды ҳәм буйымларды Қудайдың Үйине алып келди. 19Асаның патшалығының отыз бесинши жылына дейин елде урыс болмады.
Copyright information for
KaaIBT22C