2 Chronicles 16
Асаның соңғы жыллары
1Яҳуда патшасы Асаның ҳүкимдарлығының отыз алтыншы жылында Израил патшасы Бааша Яҳудаға қарсы шықты ҳәм Асаның жерлерине ҳеш кимниң кирип-шықпаўы ушын, Рама қаласының бекинисин күшейтти. 2Сонда Аса Жаратқан Ийениң Үйиндеги ҳәм сарай қазнасындағы гүмис пенен алтынды алды да, оларды хызметшилери арқалы Дамаскте жасайтуғын Арам патшасы Бен-Ҳададқа жиберип, оған былай деди: 3«Әкелеримиз арасында болғаны сыяқлы, бизлердиң арамызда да келисим болсын. Сизге гүмис ҳәм алтын жиберип атырман. Израил патшасы Бааша мениң жеримнен кетиўи ушын, сиз оның менен дүзген келисимиңизди бузсаңыз». 4Бен-Ҳадад патша Асаның усынысын қабыл етип, Израил қалаларына қарсы әскербасыларын жиберди. Олар Иййон, Дан, Абел-Майым қалаларын, пүткил Нафталий жериндеги барлық телеклери бар қалаларды басып алды. 5Бааша буны еситкенде, Раманың бекинисиниң қурылысын тоқтатып, исти таслап кетти. 6Патша Аса пүткил яҳудалыларды шақыртты. Олар Раманың бекинисин қурғанда, Бааша қолланған тас ҳәм ағашларды Рамадан тасып алып кетти ҳәм патша Аса олардан Геба ҳәм Миспа қалаларының бекинисин күшейтти. 7Сол ўақытлары көзи ашық Хананий Яҳуда патшасы Асаға келип, былай деди: – Сиз Қудайыңыз Жаратқан Ийеге сүйенбей, Арам патшасына сүйендиңиз. Сол себепли Арам патшасының әскерлерин қолдан шығардыңыз. 8Есиңизге түсириң, хабашстанлылар менен ливиялылар көп санлы саўаш арбалары ҳәм атлылары менен үлкен бир орда болып келмеп пе еди? Сонда сиз Жаратқан Ийеге сүйенгениңиз ушын, Ол оларды сизге тәслим еткен еди. 9Жаратқан Ийе Өзине шын жүректен садық болғанларға күш-қуўат берип турыў ушын, пүткил жер жүзине нәзер салып турады. Сиз ақылсызларша ис туттыңыз, сол себепли буннан былай сизиң басыңыз урыстан шықпайды. 10Аса көзи ашықтың бул сөзлерине ғәзепленди. Оның ғәзепленгени соншелли, көзи ашықты зинданға таслатты. Сол ўақытлары Аса халқының айырымларына қысым көрсетип, езди. 11Асаның барлық ислери басынан аяғына шекем, Яҳуда ҳәм Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 12Ҳүкимдарлығының отыз тоғызыншы жылында, Аса аяқ аўырыўына шалынды. Аўырыўы асқынлап атырған болса да, ол Жаратқан Ийеге жүз бурмай, тәўиплерден үмит етти. 13Аса өз ҳүкимдарлығының қырық биринши жылы өлип, ата-бабаларына қосылды. 14Оны ҳәр түрли хош ийисли затларға толтырылған табытқа жатқарып, Даўыттың қаласында өзи ушын ойдырған қәбирге қойды. Оның ҳүрметине үлкен от жақты.
Copyright information for
KaaIBT22C