2 Chronicles 17
Яҳуда патшасы Еҳошафат
1Асаның орнына улы Еҳошафат патша болды ҳәм Израилға қарсы бекинисин күшейтти. 2Ол Яҳуданың барлық қорғанлы қалаларына әскерлерин орналастырып, пүткил Яҳуда жеринде ҳәм әкеси Аса Эфрайым урыўынан басып алған қалаларға сақшылар топарларын қойды. 3Еҳошафат бабасы Даўыттың дәслепки жүрген жолларынан жүргени ушын, Жаратқан Ийе оның менен бирге болды. Ол Баалларға сыйынбай, 4әкеси Аса сыйынған Қудайға умтылып, Оның буйрықларына бойсынды. Ал Израил халқы ислеген дәстүрлерге ермеди. 5Сонлықтан Жаратқан Ийе Еҳошафаттың патшалығын беккемледи. Пүткил Яҳуда ели оған сыйлықлар алып келип турды. Усылайынша патша мол байлыққа ҳәм ҳүрметке ийе болды. 6Оның жүреги Жаратқан Ийеге бағышланған еди. Ол Яҳудадағы сыйыныў орынларын ҳәм кийели ағашларды алып таслады. 7Еҳошафат өз ҳүкимдарлығының үшинши жылында өзиниң хызметкерлеринен Бен-Хайылды, Обадияны, Зехарияны, Нетанелди ҳәм Михаяны халыққа тәлим бериўи ушын Яҳуда қалаларына жиберди. 8Олар менен бирге лебийлилерден: Шемая, Нетания, Зебадия, Асаҳел, Шемирамот, Еҳонатан, Адония, Тобия ҳәм Тоб-Адонияны, руўханийлерден: Элишама ҳәм Иорамды жиберди. 9Жиберилгенлер Жаратқан Ийениң Нызам китабын жанына алып жүрип, Яҳудада тәлим берди. Олар пүткил Яҳуда қалаларын аралап, халыққа үйретти. 10Яҳуда әтирапындағы барлық үлкелердиң патшалықларына Жаратқан Ийе қорқыў салғанлықтан, олардың ҳеш бири Еҳошафатқа қарсы урыс ашпады. 11Базы филистлер саўға ҳәм салық сыпатында Еҳошафатқа гүмис, ал араблар майда мал сүриўин: жети мың жети жүз қошқар ҳәм жети мың жети жүз теке алып келди. 12Еҳошафат күшейип бара берди. Ол Яҳудада қорғанлар ҳәм телеклери бар қалалар қурғызып, 13Яҳуда қалаларында көп муғдарда керек-жарақ жыйнап қойды. Ал Ерусалимде тәжирийбели мәрт жаўынгерлери бар еди. 14Олардың әўладлары бойынша дизими мынадай: Яҳуда урыўында мыңбасылар бар еди. Әскербасы Адна үш жүз мың мәрт жаўынгерди басқарды. 15Оннан кейинги әскербасы Еҳоханан болып, ол еки жүз сексен мың жаўынгерге басшылық етти. 16Оннан кейинги әскербасы Зихрий улы Амасия болып, ол еки жүз мың мәрт жаўынгерге басшылық етти. Амасия өз ерки менен Жаратқан Ийеге хызмет етип атырған еди. 17Бенямин урыўынан шыққан оқ жай ҳәм қалқан менен қуралланған еки жүз мың мәрт жаўынгерге Эляда басшылық етти. 18Оннан кейинги әскербасы Еҳозабад урысқа таяр, қуралланған бир жүз сексен мың адамды басқарды. 19Бул жаўынгерлер патшаның пүткил Яҳуда елиндеги бекинисли қалаларына жайластырған әскерлеринен тысқары әскерлери еди.
Copyright information for
KaaIBT22C