2 Chronicles 19
Ўәлий Еҳудың Еҳошафатқа ескертиўи
1Яҳуда патшасы Еҳошафат Ерусалимдеги сарайына аман-есен қайтып киятырғанда, 2Хананий улы ўәлий Еҳу Еҳошафаттың алдынан шығып, оған былай деди: – Залымларға жәрдем берип, Жаратқан Ийени жек көргенлерди сүйиўиң керек пе еди? Бул исиң ушын саған Жаратқан Ийениң ғәзеби төгилди. 3Деген менен, сениң жақсы ислериң де бар. Сен елди кийели ағашлардан тазаладың ҳәм шын жүректен Қудайды изледиң.Еҳошафат киргизген жеңилликлер
4Еҳошафат Ерусалимде жасады. Бирақ ол тез-тез Беер-Шебадан Эфрайымның таўлы үлкелерине дейин жасайтуғын халықты аралап, оларды ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге жүз бурыўға шақырар еди. 5Ол Яҳуда елиндеги барлық бекинисли қалаларға қазылар қойды. 6Ол қазыларға: «Ислеген исиңизге дыққатлы болыңлар. Себеби сизлер адамлар атынан емес, ал Жаратқан Ийениң атынан ҳүким шығарасызлар. Жаратқан Ийе ҳүким исинде сизлер менен бирге болады. 7Жаратқан Ийеден қорқың, итибарлы түрде ҳүким шығарың. Өйткени Қудайымыз Жаратқан Ийе наҳақлыққа, жағымпазлыққа ҳәм параға көз жумып қарамайды», – дейтуғын еди. 8Еҳошафат Ерусалимде де айырым лебийлилерди, руўханийлерди ҳәм Израилдың әўлад басшыларын Жаратқан Ийениң Нызамына байланыслы шешимлерди қабыллаў ҳәм даўларды шешиў ушын тайынлады. Олар Ерусалимде жасады 9Патша оларға мынадай буйрық берди: «Сизлер өз ўазыйпаларыңызды Жаратқан Ийеден қорққан ҳалда, садықлық пенен шын жүректен орынлаңлар. 10Өз қалаларында жасап атырған туўысқанларыңыз: төгилген қан туўралы болсын, Жаратқан Ийениң Нызамына, буйрықларына, қағыйдаларына ямаса қарарларына байланыслы болсын, қандай да бир даўа менен келсе, оларға Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислемеўди қатаң ескертиң. Сонда гүнадан қалыс боласыз. Болмаса, сизге де, туўысқаныңызға да Жаратқан Ийениң ғәзеби төгиледи. 11Жаратқан Ийениң Нызамына байланыслы ислерде бас руўханий Амария, патшаға байланыслы ислерде Яҳуданың урыўбасысы Исмайыл улы Зебадия басшылық етеди. Ал лебийлилер болса, бул ислерди қадағалаўда сизлерге жәрдем береди. Мәрт болып иске кирисиң, Жаратқан Ийе жақсылық ислеўшилерге яр болсын!»
Copyright information for
KaaIBT22C