‏ 2 Chronicles 2

Қудайдың Үйиниң қурылысына таярлық

1Сулайман Жаратқан Ийеге арнап Үй ҳәм өзи ушын бир сарай қурыўды буйырды. 2Ол жүк тасыў ушын жетпис мың, таўларда тас кесиў ушын сексен мың ҳәм оларды қадағалаў ушын үш мың алты жүз адам белгиледи. 3Сулайман Тир патшасы Хирамға былай деп айтыў ушын адамларын жиберди: «Әкем Даўыт өзи жасаў ушын сарай салдырғанда жиберген кедр бөренелеринен маған да жиберсеңиз. 4Ҳәзир мен Қудайым Жаратқан Ийеге арнап Үй қурып, Үйди Оған бағышламақшыман. Сол жерде Оның алдында хош ийисли түтеткилер түтетилип, ҳәрдайым усынылған нанлар турыўы керек. Және де, ҳәр күни азанда ҳәм кеште, Шаббат күнлери, Жаңа ай байрамларында ҳәм Қудайымыз Жаратқан Ийе белгилеген байрамларда жандырылатуғын қурбанлықлар усынылыўы тийис. Бул рәсимлер Израил ушын мәңги қағыйда болады. 5Қудайымыз басқа барлық қудайлардан уллы болғанлығы себепли, Мен қуратуғын Үй де аса уллы болады. 6Бирақ көклер, ҳәтте, көклердиң көклери Оны сыйғыза алмағанда, Оған арнап Үй қурыўға кимниң шамасы жетеди? Оған арнап Үй қуратуғындай, мен ким болыппан? Тек Оның алдында қурбанлықларды өртеп усыныў ушын бир орын қурмақшыман. 7Сол себепли маған алтын, гүмис, қола ҳәм темирден зат ислеўде, шым қызыл, қырмызы ҳәм қызғыш көк реңли жиплерден зат тоқыўда ҳәм оймашылықта шебер уста болған бир адам жиберсеңиз. Ол әкем Даўыт жетистирген шебер усталар менен бирге Яҳудада ҳәм Ерусалимде жумыс ислесин. 8Маған Лебанон таўларынан кедр, сәрўи ҳәм сапалы арша ағашларын да жиберсеңиз. Себеби адамларыңыздың Лебанондағы ағашларды кесиўге уқыплы екенин билемен. Мениң адамларым сизиң адамларыңыз бенен бирге ислейди. 9Олар маған жүдә көп муғдарда ағаш кесип берсин. Өйткени мен қуратуғын Үй зәўлим ҳәм салтанатлы болыўы керек. 10Мен ағашларды кесетуғын адамларыңызға жигирма мың кор
Жигирма мың кор – бир кор шама менен 220 л.
женшилген бийдай, жигирма мың кор арпа, жигирма мың бат
Жигирма мың бат – бир бат шама менен 22 л.
шарап ҳәм жигирма мың бат зәйтүн майын жиберемен».

11Тир патшасы Хирам Сулайманға хат арқалы былай деп жуўап берди: «Жаратқан Ийе Өз халқын сүйгенликтен, сизди патша етип қойды».

12Хирам хатын былай даўам етти: «Аспан ҳәм жерди жаратқан Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Ол патша Даўытқа Жаратқан Ийе ушын Үй, өзи ушын сарай салатуғын дана, ақыллы ҳәм парасатлы ул инам етипти. 13Сизге Хурам-Абий деген ақыллы ҳәм шебер бир адамды жиберемен. 14Оның анасы Дан урыўынан, ал әкеси тирли. Хурам-Абий алтын, гүмис, қола, темир, тас ҳәм ағаш пенен, шым қызыл, қызғыш көк ҳәм қырмызы реңли жиплер, және ҳасыл зығыр менен жумыс ислей алады. Ол оймашылықтың ҳәмме түрлерине уста болып, қәлеген буйыртпаңызды орынлай алады. Ол сизиң шеберлериңиз ҳәм әкеңиз мырзам Даўыттың шеберлери менен ислейди. 15Енди мырзам, өзиңиз айтқан бийдай, арпа, зәйтүн майы ҳәм шарапты қулларыңызға жиберсеңиз. 16Бизлер де Лебанон тоғайларынан сизге керекли ағашларды кесип, бир-бирине байлап сал соғып, теңиз арқалы Яфоға жеткерип беремиз. Сиз ағашларды сол жерден Ерусалимге алып кетерсиз».

17Әкеси Даўыт жүргизген сол санақтан кейин, Сулайман да Израилда жасайтуғын барлық шет еллилердиң есабын алды. Олардың саны бир жүз елиў үш мың алты жүз болды. 18Олардың жетпис мыңын жүк тасыўшы, сексен мыңын таўларда тас кесиўши, ал үш мың алты жүзин жумысшылар үстинен қадағалаўшы етип белгиледи.
Copyright information for KaaIBT22C