2 Chronicles 20
Моаблылар менен аммонларға қарсы урыс
1Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин, моаблар, аммонлар ҳәм маон халқының бир бөлеги Еҳошафатқа қарсы урыс ашыў ушын жолға шықты. 2Сонда хабаршылар келип Еҳошафатқа: – Эдомнан, Өли теңиздиң арғы тәрепинен сизге урыс ашыў ушын үлкен орда киятыр. Олар ҳәзир Хасесон-Тамарға, яғный Эн-Гедийге жетип қалды, – деп хабарлады. 3Қорқып кеткен Еҳошафат Жаратқан Ийениң еркин билиўге қарар етти ҳәм пүткил Яҳуда бойлап ораза тутыўды жәриялады. 4Сонда Жаратқан Ийеден жәрдем сораў ушын, Яҳуданың барлық қалаларынан халық ағылып келип, Ерусалимге жыйналды. 5Еҳошафат Яҳуда ҳәм Ерусалим жыйынында, Жаратқан Ийениң Үйиниң жаңа ҳәўлиси алдында турып, 6былай деп дуўа етти: – Ата-бабаларымыздың Қудайы Жаратқан Ийе! Көклердеги Қудай Сен емесписең? Сен халықлардың барлық патшалықларына бийлик етесең. Күш ҳәм қүдирет Сениң қолыңда. Саған ҳеш ким де қарсы тура алмайды. 7Қудайымыз! Усы елдиң бурынғы турғынларын Өз халқың Израилдың алдынан қуўып шығып, елди Өз достың Ибрайымның урпақларына мәңгиге берген Сен емесписең? 8Олар усы елде қоныс басып, Сениң атыңа арнап Мухаддес мәкан қурды ҳәм былай деген еди: 9«Егер апат, яғный қылыштан жазаланыў, иллет ямаса ашлық басымызға түссе, Өзиң бар болған усы Үйдиң алдына, Сениң алдыңа келип, қыйыншылық ишинде Саған жалбарынамыз, Сен де бизлерди еситип, қутқарасаң». 10Мине, Аммон, Моаб ҳәм таўлы Сеир жериниң турғынларының не ислеп атырғанына қара! Израиллылар Мысырдан шыққанда, Сен оларға сол халықлардың жерлерине кириўге рухсат бермедиң. Сонлықтан оларды айланып өтип, оларды қырып жибермеген еди. 11Енди болса, бул халықлардың бизге берип атырған саўғасына қарап қой! Сен бизлерге мүлик етип берген жерден олар бизлерди қуўып шығарыўға киятыр. 12О Қудайымыз, Сен оларды жазалай гөр! Себеби бизлерде өзимизге бастырып киятырған бул үлкен ордаға қарсылық қылатуғын күш жоқ. Бизлер не қылыўды билмеймиз, бирақ көз тигип, Сеннен үмит етемиз. 13Сол ўақытта пүткил Яҳуда еркеклери нәрестелери, ҳаяллары ҳәм балалары менен бирге Жаратқан Ийениң алдында турған еди. 14Сонда жыйын ортасында турған Яхазиелге Жаратқан Ийениң Руўхы түсти. Асаф урпағынан шыққан лебийли Яхазиел Маттанияның қуўлығы, Еиелдиң шаўлығы, Бенаяның ақлығы, Зехарияның улы еди. 15Яхазиел тил қатып, былай деди: – Ҳәй, пүткил Яҳуда менен Ерусалим турғынлары ҳәм патша Еҳошафат, тыңлаңлар! Жаратқан Ийе сизлерге былай дейди: «Бул сан-санақсыз ләшкерлерден қорқып, қәўетерленбең. Бул урыс сизлердики емес, Меники, яғный Қудайдики. 16Ертең оларға қарсы төмен қарай жүристи баслаң. Олар Сиске баратуғын жол арқалы көтерилип киятыр. Сизлер оларды Еруел шөлиниң алдындағы ойпатлықтың ақырында ушыратасыз. 17Бирақ сизлер урыспайсыз. Тек барып, орныңызды ийелеп турып, Жаратқан Ийениң қутқарыўын көресиз. Ҳәй, Яҳуда ҳәм Ерусалим халқы! Қорқып, қәўетерленбең. Ертең оларға ҳүжим қылың, Жаратқан Ийе болған Мен сизлер менен бирге боламан». 18Еҳошафат басы жерге тийгенше ийилип тәжим етти. Пүткил Яҳуда ҳәм Ерусалим халқы да тәжим етип, Жаратқан Ийеге сыйынды. 19Қоҳат ҳәм Қорах урпақларынан тараған лебийлилер орынларынан турып, бәлент даўыс пенен Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтты. 20Еҳошафаттың ләшкерлери ертеңине азанда ерте турып, Теқоа шөлине атланды. Олар жолға шығып баратырғанда Еҳошафат тоқтап оларға: – Ҳәй Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынлары, мени тыңлаң! Қудайыңыз Жаратқан Ийеге исениң, сонда бийқәтер боласыз! Оның пайғамбарларына исениң, сонда табысқа ерисесиз, – деди. 21Еҳошафат халық пенен кеңесип болғаннан кейин, Жаратқан Ийеге арнап қосық айтатуғын ҳәм Оның мухаддес сән-саўлатын тәрийиплейтуғын қосықшыларды тайынлады. Олар әскерлердиң алдында жүрип: «Жаратқан Ийени тәрийиплең,Оның садықлығы мәңги даўам етеди», –
деп қосық айтыўы керек еди. 22Олар қосық ҳәм алғыс айтып баслаған ўақытта-ақ, Жаратқан Ийе Яҳудаға урыс ашыў ушын келген аммон, моаб халықларына ҳәм таўлы Сеир жериниң турғынларына дузақ қурды ҳәм олар қырылды. 23Себеби аммон ҳәм моаб халқы қырып таслаў ушын, таўлы Сеир жериниң турғынларына бас салды. Оларды қырып болғаннан кейин болса, аммон ҳәм моаб халқы бир-бирин қыра баслады. 24Яҳуда халқы шөл даладағы гүзетши минарасына жетип, душпан ордасына көз жибергенде, олар тек жерде жатқан өли денелерди көрди. Олардың биреўи де қашып қутылмаған екен. 25Еҳошафат өз адамлары менен олардан қалған нәрселерди олжалаў ушын келгенде, жүдә көп қурал-сайманлар, кийим-кеншеклер ҳәм қымбатбаҳа нәрселерди тапты. Олар көтере алғандайын алып кетти. Олжаның көплиги соншелли, оны жыйнаўға үш күн кетти. 26Ал төртинши күни олар бир ойпатлыққа жыйналып, Жаратқан Ийени алғыслады. Сонлықтан ол жер бүгин де Бераха ▼
▼ Бераха – «алғыслаў» дегенди билдиреди.
ойпатлығы деп аталады. 27Кейин пүткил Яҳуда ҳәм Ерусалим халқы Еҳошафаттың басшылығында қуўаныш пенен Ерусалимге қайтты. Себеби Жаратқан Ийе оларды душпанларынан қутқарып, қуўанышқа бөлеген еди. 28Олар лира, арфа ҳәм кәрнай намасы астында Ерусалимге кирип, Жаратқан Ийениң Үйине бет алды. 29Израилдың душпанларына қарсы Жаратқан Ийениң Өзиниң урысқанын еситкенде, әтираптағы патшалар Қудайдан қорқып қалды. 30Еҳошафаттың патшалығында тынышлық ҳүким сүрди. Оның Қудайы оған ҳәр тәреплеме парахатшылық сыйлаған еди. Еҳошафаттың патшалығының соңы
31Солай етип, Еҳошафат Яҳудаға патшалық етти. Ол отыз бес жасында патша болып, Ерусалимде жигирма бес жыл патшалық етти. Оның анасының аты Азуба болып, ол Шилхийдиң қызы еди. 32Еҳошафат әкеси Асаның жолынан жүрип, сол жолдан шықпай, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. 33Бирақ сыйыныў орынларын жоқ қылмады. Сонлықтан халық еле ата-бабаларының Қудайына толық жүз бурмады. 34Еҳошафаттың басқа ислери бастан ақырына дейин, Израил патшаларының жылнама китабының бир бөлими болған Хананий улы Еҳудың жылнама китабында баян етилген. 35Кейинирек Яҳуда патшасы Еҳошафат жаман ислерге ҳәўес болған Израил патшасы Ахазия менен тынышлық келисимин дүзди. 36Олар Таршишке жибериў ушын кеме соқтырыўға келисип алды. Кемелер Эсион-Геберде соғылды. 37Сонда марешалы Додаўаҳу улы Элиезер Еҳошафатқа қарсы пайғамбаршылық етип: – Сен Ахазия менен келисим дүзгениң ушын, Жаратқан Ийе сениң исиңди жоқ қылады, – деди. Кемелер апатқа ушырап, Таршишке кете алмады.
Copyright information for
KaaIBT22C