2 Chronicles 21
1Еҳошафат өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди. Оның орнына улы Еҳорам патша болды.Яҳуда патшасы Еҳорам
2Еҳошафат улы Еҳорамның Азария, Ехиел, Зехария, Азарияҳу, Михаил, Шефатия атлы инилери бар еди. Булардың ҳәммеси Израил патшасы Еҳошафаттың уллары еди. 3Әкеси Еҳошафат оларға мол гүмис, алтын ҳәм қымбатбаҳа нәрселерге қоса, Яҳудадағы қорған қалаларды да саўға етти. Ал Еҳорам туңғыш перзент болғанлықтан, патшалықты оған берди. 4Бирақ Еҳорам әкесиниң тахтына отырып, оны беккемлегеннен соң, барлық инилерин ҳәм бир қатар Израил басшыларын қылыштан өткизди. 5Еҳорам патша болған ўақытта отыз еки жаста еди. Ол Ерусалимде сегиз жыл патшалық етти. 6Оның ҳаялы Ахабтың қызы болғанлықтан, ол да Ахабтың үй-иши сыяқлы Израил патшаларының жолынан жүрип, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. 7Бирақ Жаратқан Ийе Даўыт пенен дүзген келисими себепли, Даўыттың үй-ишин жоқ қылмады. Өйткени Ол Даўытқа ҳәм оның урпағына мәңгиге сөнбейтуғын шырақ бериўди ўәде еткен еди. ▼ 8Еҳорамның патшалығы дәўиринде эдомлылар Яҳуда ҳүкимдарлығына қарсы бас көтерип, өзлерине патша қойып алды. 9Еҳорам әскербасылары ҳәм барлық саўаш арбалары менен бирге сол жерге кетти. Ол жерде эдомлылар оны ҳәм оның саўаш арбаларының сәрдарларын қоршап алды. Бирақ Еҳорам түнде турып, қамалды жарып шықты. 10Соннан баслап усы күнге дейин эдомлылар Яҳуданың ҳүкимдарлығына бойсынбай келеди. Сол ўақытта Либна қаласы да Еҳорамның ҳүкимдарлығына қарсы бас көтерди. Себеби Еҳорам ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени тәрк еткен еди. 11Сондай-ақ, Еҳорам Яҳудадағы төбешикли жерлерге сыйыныў орынларын қурып, Ерусалим турғынларын Қудайға опасызлық қылыўға жетеледи ҳәм Яҳуда халқын жолдан азғырды. 12Бир күни Еҳорамға пайғамбар Илиястан хат келди. Онда былай деп жазылған еди: «Бабаң Даўыттың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: „Сен әкең Еҳошафаттың ҳәм Яҳуда патшасы Асаның жолынан жүрмедиң. 13Керисинше, Израил патшаларының жолынан жүрдиң ҳәм Ахабтың үй-ишиниң ислегени киби, Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынларын опасызлыққа басладың. Буның үстине, бир әкеден туўылған, сеннен жақсырақ болған өз инилериңди өлтирдиң. 14Сонлықтан Жаратқан Ийе, яғный Мен сениң халқыңа, ҳаялларыңа, балаларыңа ҳәм пүткил мал-мүлкиңе уллы апат жиберемен. 15Өзиңди болса аўыр ишек кеселлигине жолықтыраман. Ишеклериң сыртқа төгилгенше, аўырыў күннен-күнге күшейе береди“». 16Буннан кейин Жаратқан Ийе филистлерди ҳәм хабашстанлылардың жанында жасап атырған арабларды Еҳорамға қарсы қозғады. 17Олар Яҳудаға шабыўыл жасап, ишкериге бастырып кирди ҳәм патшаның сарайынан тапқан ҳәмме байлықларды, сондай-ақ патшаның балалары менен ҳаялларын алып кетти. Тек Еҳорамның Еҳоахаз атлы генже улы ғана өзинде қалды. 18Бул ўақыялардан кейин, Жаратқан Ийе Еҳорамды даўасы жоқ ишек кеселлигине дуўшар етти. 19Ўақыт өте берди, арадан еки жыл өткенде, кеселлик себепли оның ишеклери сыртқа атылып шықты. Ол қатты қыйналып жан тапсырды. Еҳорамның ата-бабалары өлгенде, халық олардың ҳүрметине от жағыў рәсимин өткерген еди, ал Еҳорамның ҳүрметине от жағылмады. 20Еҳорам тахтқа отырғанда отыз еки жаста болып, Ерусалимде сегиз жыл патшалық етти. Ол ушын ҳеш ким жоқлаў айтып жыламады. Ол Даўыттың қаласына жерленген болса да, патшалар қәбирине қойылмады.
Copyright information for
KaaIBT22C