‏ 2 Chronicles 22

Яҳуда патшасы Ахазия

1Ерусалим турғынлары Еҳорамның орнына оның ең генже улы Ахазияны патша етип қойды. Себеби араблар менен бирге әскерий ордаға шабыўыл жасаған басқыншылар патшаның Ахазиядан үлкен улларының ҳәммесин өлтирген еди. Усылайынша, Еҳорам улы Ахазия Яҳуда үстинен патшалық ете баслады. 2Ахазия жигирма еки
жигирма еки – Әййемги грекше аўдарманың базы қолжазбаларынан ҳәм сурия тилиндеги аўдармадан (және 4Пат 8:26 қараң). Еврейше қолжазбаларда «қырық еки».
жасында патша болып, Ерусалимде бир жыл патшалық етти. Оның анасы Израил патшасы Омрийдиң ақлығы болып, аты Аталия еди.
3Ахазия Ахабтың урпағының жолынан жүрди. Себеби анасы оған мәсләҳәт берип, жаман ислерди ислеўге түртки салып отырды. 4Ахазия Ахабтың урпағы сыяқлы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Әкеси Еҳорам өлгеннен кейин, Ахабтың урпақлары оған кеңесши болып, оны қулаўға алып келди. 5Ахазия олардың мәсләҳәтине қулақ салып, Израил патшасы Ахаб улы Иорамға ерип, Арам патшасы Хазаел менен урысыў ушын Гиладтағы Рамотқа кетти. Арамлылар Иорамды жарадар етти. 6Патша Иорам Рамада, Арам патшасы Хазаел менен урысқанда, арамлылардан алған жарақатын емлетиў ушын Изреелге қайтты. Яҳуда патшасы Еҳорам улы Ахазия да жарадар болған Ахаб улы Иорамды көриў ушын Изреелге келди.

7Бирақ Қудай Ахазияны Иорамды көриўге келгенде өлтириўди шешип қойған еди. Ахазия келгеннен кейин, Иорам менен бирге Нимшийдиң улы Еҳуды қарсы алыўға шықты. Жаратқан Ийе Еҳуды майлап, Ахабтың үй-ишин жоқ қылыў ушын таңлаған еди. 8Еҳу Ахабтың үй-иши үстинен шығарылған ҳүкимди орынлап атырғанда, Ахазияға хызмет етип атырған Яҳуда басшылары менен Ахазияның әжағаларының улларына дус келди ҳәм оларды да өлтирди. 9Кейин ол Ахазияны излей баслады. Еҳудың адамлары Ахазияны Самариядағы жасырынған жеринен тапты ҳәм оны Еҳуға алып келип, сол жерде өлтирди. Кейин: «Бул өзин шын жүректен Жаратқан Ийеге бағышлаған Еҳошафаттың улы ғой!» – деп, оны жерледи. Солай етип, Ахазияның үй-ишинен патшалық қылғандай ҳеш ким қалмады.

Аталияның патшалыққа отырыўы

10Ахазияның анасы Аталия улының өлтирилгенин еситкенде, Яҳудадағы патша туқымынан болғанлардың ҳәммесин қырып таслаўды шешти. 11Бирақ патша Еҳорамның қызы Еҳошабат Ахазияның улы Иоашты патшаның өлтирилиўи керек болған улларының арасынан алып қашып, тәрбияшысы менен бирге жататуғын бөлмеге жасырып таслады. Усылайынша, патша Еҳорамның қызы, руўханий Еҳояданың ҳаялы, Ахазияның өгей қарындасы болған Еҳошабат баланы Аталиядан жасырды. Солай етип, Аталия баланы өлтире алмады. 12Аталия ел үстинен патшалық етип турғанда, бала Қудайдың Үйинде олар менен алты жыл жасырын түрде жасады.
Copyright information for KaaIBT22C