2 Chronicles 23
Аталияға қарсы бас көтериў
1Аталияның ҳүкимдарлығының жетинши жылы руўханий Еҳояда күшке толып, жүзбасылар: Ерохам улы Азария, Еҳоханан улы Исмайыл, Обид улы Азария, Адая улы Маасея ҳәм Зихрий улы Элишафат пенен келисим дүзди. 2Олар Яҳуданы аралап шығып, лебийлилер менен Израил әўладларының басшыларын жыйнады ҳәм Ерусалимге алып келди. 3Солай етип пүткил жәмийет Қудайдың Үйинде патша менен келисим дүзди. Еҳояда оларға былай деди: – Жаратқан Ийениң Даўыттың урпақларына берген ўәдесине муўапық, патшаның улы патшалық қылыўы керек. 4Енди сизлер былай ислейсизлер: Шаббат күни хызметке келетуғын руўханийлер менен лебийлилердиң үштен бири дәрўазаларды қараўылласын. 5Үштен бири патшаның сарайын, ал қалған үштен бири Тийкар дәрўазасын қорғасын. Басқа адамлардың ҳәммеси Жаратқан Ийениң Үйиниң ҳәўлисине жыйналсын. 6Руўханийлер менен хызметтеги лебийлилерден басқа ҳеш ким Жаратқан Ийениң Үйине кирмесин. Олар мухаддес болғанлығы себепли, ол жерге кире алады. Басқа адамлардың ҳәммеси Жаратқан Ийениң тапсырмасы бойынша сыртта қалсын. 7Лебийлилер қуралларын қолға алып, патшаны қоршап турсын. Үйге кирген ҳәр бир адам өлтирилсин. Патша ишке киргенде де, шыққанда да оның жанында болыңлар. 8Лебийлилер ҳәм пүткил Яҳуда халқы руўханий Еҳояданың ҳәмме буйрықларын орынлады. Ҳәр бир жүзбасы Шаббат күни хызметке түсетуғын ҳәм хызметтен шығатуғын өзиниң қол астындағы адамларын алып қалды. Себеби руўханий Еҳояда топарлардың ҳеш бириниң кетиўине рухсат бермеген еди. 9Руўханий Еҳояда Қудайдың Үйиндеги патша Даўыттан қалған найзаларды, кишкене ҳәм үлкен қалқанларды жүзбасыларға таратты. 10Патшаны қорғаў ушын Үйдиң қубласынан арқасына дейин, қурбанлық орынның ҳәм Үйдиң әтирапына қураллы сақшылар қойды. 11Еҳояда ҳәм оның уллары патшаның улы Иоашты сыртқа алып шығып, басына таж кийгизди, қолына патшалық нызамларын берип, оны патша деп жәриялады. Оны майлап, патша етип қойды, кейин: «Жасасын патша!» – деп қышқырды. 12Аталия жуўырысқан ҳәм патшаны алғыслап бақырысқан халықтың шаўқымын еситип, Жаратқан Ийениң Үйиндеги жыйналған халықтың жанына келди. 13Қараса, патша Үйдиң киреберисиндеги өрениң жанында, ал әскербасылар ҳәм кәрнайшылар оның әтирапында турған екен. Ал пүткил үлке халқы болса, қуўаныш пенен кәрнай шалып, қосықшылар болса саз әсбапларына қосылып алғыс-мақтаў қосықларын айтып турған екен. Сонда Аталия кийимлерин жыртып: «Қыянет, қыянет!» – деп бақырды. 14Руўханий Еҳояда Аталияның Жаратқан Ийениң Үйинде өлтирилиўин қәлемегенликтен, әскерлерге жуўапкер жүзбасыларды жиберип атырып, оларға былай деди: – Оны бул жерден сыртқа алып шығыңлар ҳәм оған ерген ҳәр бир адамды қылыштан өткизиңлер, – деди. 15Әскерлер Аталияны тутып алды ҳәм сарайдың Ат дәрўазасына әкелип, сол жерде өлтирди.Руўханий Еҳояда киргизген өзгерислер
16Халықтың Жаратқан Ийениң халқы болыўы ушын, Еҳояда өзи, пүткил халық ҳәм патша арасында келисим дүзди. 17Соңынан пүткил халық Баалдың бутханасына барып, оны қыйратты. Ондағы қурбанлық орынды ҳәм мүсинлерди бузып таслады, ал Баалдың руўханийи Маттанды қурбанлық орынлардың алдында өлтирди. 18Кейин Еҳояда Жаратқан Ийениң Үйиниң ислерин алып барыўды лебийли руўханийлерге тапсырды. Оларға Даўыт белгилеген Жаратқан Ийениң Үйиниң хызметлерин орынлаў, Муўсаның Нызамында жазылғанларға муўапық, Жаратқан Ийеге жандырылатуғын қурбанлықлар усыныў ҳәм Даўыттың буйрығына муўапық, қуўанышлы түрде қосық айтыў тапсырылды. 19Қандай себеп пенен болса да, ҳарам болған адамның Жаратқан Ийениң Үйине кирип кетпеўи ушын, дәрўазаға қараўыллар қойды. 20Соңынан Еҳояда жүзбасыларды, ақсүйеклерди, халық басшыларын ҳәм пүткил үлке халқын ертип, патшаны Жаратқан Ийениң Үйинен алып шықты. Олар Жоқарғы дәрўаза арқалы өтип, патшаны тахтқа отырғызды. 21Пүткил үлке халқы шадлыққа бөленип, қала тынышланып қалды. Себеби Аталия қылыш пенен өлтирилген еди.
Copyright information for
KaaIBT22C