2 Chronicles 24
Яҳуда патшасы Иоаштың Ибадатхананы қайта қурыўы
1Иоаш жети жасында патша болып, Ерусалимде қырық жыл патшалық етти. Оның анасы беер-шебалы болып, аты Сибия еди. 2Иоаш руўханий Еҳояданың көзиниң тирисинде Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. 3Еҳояда Иоашқа еки ҳаял алып берди. Иоаш олардан ул-қызлар көрди. 4Арадан бираз ўақыт өткеннен кейин, Иоаш Жаратқан Ийениң Үйин оңлаўға қарар қылды. 5Ол руўханийлер менен лебийлилерди жыйнап, оларға: – Яҳуда қалаларына барып, пүткил Израил халқынан Қудайыңыздың Үйин оңлаў ушын келип түсетуғын жыллық салықты жыйнап келиң. Бул исти тез орынлаң, – деди. Бирақ лебийлилер асықпады. 6Сонда патша бас руўханий Еҳояданы шақыртып оған: – Не ушын сиз лебийлилерди Яҳудадан ҳәм Ерусалимнен салық жыйнап келиўге жибермедиңиз? Жаратқан Ийениң қулы Муўса ҳәм Израил жәмийети бул салықты Келисим шатырының қәрежетлери ушын белгилеп қойған-ғо, – деди. 7Себеби залым ҳаял Аталияның уллары Қудайдың Үйине бастырып кирип, ҳәтте, ол жердеги мухаддес нәрселерди де Бааллар ушын қолланған еди. 8Патшаның буйрығы бойынша бир қуты исленип, қуты Жаратқан Ийениң Үйиниң дәрўазасының сыртына қойылды. 9Қудайдың қулы Муўсаның шөлде Израил халқы ушын белгилеген салығын Жаратқан Ийеге алып келиў Яҳуда ҳәм Ерусалим бойлап жәрияланды. 10Барлық ҳәмелдарлар ҳәм пүткил халық салықты қуўанышлы түрде алып келип, толғанша қутыға таслады. 11Лебийлилер қутыны патшаның хызметшилерине алып келетуғын еди. Олар қутының толғанын көргенде, патшаның хаткерине ҳәм бас руўханийдиң жәрдемшисине хабар беретуғын еди. Олар да келип, қутыны босатып, кейин қайтадан орнына апарып қоятуғын еди. Олар бәрқулла солай иследи ҳәм көп пул жыйнады. 12Патша ҳәм Еҳояда бул пулларды Жаратқан Ийениң Үйиниң ислерин жүргизиў ушын қойылған адамларға берди. Олар бул пулларға Жаратқан Ийениң Үйин қайта тиклеў ушын тас кесиўшилерди ҳәм ағаш усталарын, сондай-ақ Үйди оңлаў ушын темир ҳәм қолаға ислеў беретуғын жумысшыларды жаллады. 13Жумысшылар ықлас пенен иследи ҳәм ислер олардың қолында алға илгериледи. Қудайдың Үйи дәслепки аўҳалына қайтып, беккемленди. 14Олар ислерин тамамлап, қалған пулларды патшаға ҳәм Еҳоядаға алып келди. Бул пулларға Жаратқан Ийениң Үйи ушын хызметте ҳәм жандырылатуғын қурбанлықлар бергенде қолланылатуғын буйымлар, тостағанлар, басқа алтын ҳәм гүмис буйымлар исленди. Еҳояданың көзиниң тирисинде Жаратқан Ийениң Үйинде ҳәр күни жандырылатуғын қурбанлықлар берилип барды. 15Еҳояда мазмунлы өмир сүрип, қартайып, бир жүз отыз жасында дүньядан өтти. 16Израилда Қудай ҳәм Оның Үйи ушын ислеген хызметлери есапқа алынып, оның денеси Даўыттың қаласына патшалардың қасына қойылды.Иоаштың зулымлығы
17Еҳояданың өлиминен соң, Яҳуда басшылары патшаға келип, оған тәжим етти. Патша да оларға қулақ салды. 18Олар ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийениң Үйин тәрк етип, кийели ағашларға ҳәм бутларға табына баслады. Олардың гүнасы себепли, Яҳуда ҳәм Ерусалимге Жаратқан Ийениң ғәзеби келди. 19Жаратқан Ийе халықты Өзине қайтарыў ушын пайғамбарлар жиберген болса да, пайғамбарлар оларға ескерткен болса да, бәри бир халық пайғамбарларға қулақ аспады. 20Сонда Қудайдың Руўхы руўханий Еҳояда улы Зехарияны бийлеп алды. Зехария халықтың алдына шығып, былай деди: – Қудай былай дейди: «Неге буйрықларыма қарсы шығып атырсызлар? Сизлер табысқа ерисе алмайсызлар. Себеби сизлер Мени тәрк еттиңлер, Мен де сизлерди тәрк еттим». 21Бирақ Зехарияға қарсы тил бириктирилип, патшаның буйрығы менен Жаратқан Ийениң Үйиниң ҳәўлисинде ол тас боран қылып өлтирилди. 22Патша Иоаш Зехарияның әкеси Еҳояда көрсеткен жақсылықларды умытып, оның улын өлтирди. Зехария жан берип атырып: – Жаратқан Ийе бул ислериңизди көрип, есесин қайтарсын! – деди. 23Сол жылдың ақырында, Арам ордасы Иоашқа ҳүжим жасады. Олар Яҳуда ҳәм Ерусалимге кирип, халықтың барлық басшыларын өлтирди, ал алған олжаларының ҳәммесин Дамаскке, өз патшасына жиберди. 24Арам ордасы көп санлы болмаса да, Жаратқан Ийе өзлеринен жүдә үлкен болған орданы оларға тәслим етти. Өйткени Яҳуда халқы өзлериниң ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени тәрк еткен еди. Солай етип, Иоаш өз жазасын алды. 25Арам әскерлери Иоашты аўыр жараланған ҳалда таслап кетти. Сонда Иоаштың хызметкерлери руўханий Еҳояданың улының қаны ушын өш алмақшы болып тил бириктирди ҳәм Иоашты өз төсегинде өлтирди. Оны Даўыттың қаласына жерледи, бирақ патшалардың қәбирине қоймады. 26Иоашқа қарсы тил бириктиргенлер: аммон халқынан Шимеат деген ҳаялдың улы Забад ҳәм моаблы Шимрит деген ҳаялдың улы Еҳозабад еди. 27Иоаштың уллары ҳаққында мағлыўмат, Иоашқа қарсы айтылған көп санлы пайғамбаршылықлар ҳәм Қудайдың Үйиниң оңланыўы ҳаққындағы мағлыўматлар Патшалар китабында жазылған. Иоаштың орнына оның улы Амасия патша болды.
Copyright information for
KaaIBT22C