2 Chronicles 25
Яҳуда патшасы Амасия
1Амасия патша болғанда, жигирма бес жасында еди, ол Ерусалимде жигирма тоғыз жыл патшалық етти. Оның анасы ерусалимли болып, аты Еҳоаддан еди. 2Амасия Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди ислесе де, оларды шын жүректен ислемеди. 3Амасия өзиниң патшалық бийлигин беккемлеп алғаннан соң, әкеси Иоаш патшаны өлтирген хызметшилерди өлтирди. 4Бирақ Муўсаның Нызам китабында жазылғанына сай ис тутып, олардың балаларын өлтирмеди. Онда Жаратқан Ийе: «Балаларының гүнасы ушын әкелер, әкелериниң гүнасы ушын балалар өлтирилмесин. Ҳәр бир адам өз гүнасы ушын өлтирилсин», ▼ – деп буйырған еди. 5Амасия Яҳуда халқын топлап, пүткил яҳудалылар менен беняминлилерге әўладлары бойынша мыңбасылар ҳәм жүзбасылар қойды. Кейин жигирма ҳәм оннан жоқары жастағыларды санақтан өткерип, әскерий хызметке жарамлы ҳәм найза менен үлкен қалқанды ислете алатуғын үш жүз мың ағла әскердиң бар екенин билди. 6Булардан тысқары, жүз талант гүмиске Израилдан жүз мың баҳадыр жаўынгерди жаллап алды. 7Сол арада Қудайдың бир адамы Амасияға келип былай деди: – Тақсыр! Израил әскерлери сиз бенен бирге бармасын, себеби Жаратқан Ийе израиллылар, яғный пүткил эфрайымлылар менен бирге емес. 8Жақсысы, өзиңиз барып, иске кирисиң ҳәм мәртлерше урысың. Болмаса, Қудай сизди жеңилиске ушыратады. Өйткени Қудайдың қоллап қуўатлаўға да, жеңилиске ушыратыўға да күши жетеди. 9Амасия Қудайдың адамынан: – Онда Израил әскерлери ушын төленген жүз талант не болады? – деп сорады. Қудайдың адамы оған: – Жаратқан Ийе сизге оннан да көбирегин бериўи мүмкин, – деп жуўап берди. 10Сонда Амасия Эфрайымнан келген әскерлерди үйлерине қайтарып жиберди. Олардың Яҳуда халқына деген ғәзеби лаўлады ҳәм ғәзепке толыўы менен үйлерине қайтып кетти. 11Амасия мәртлик етип, өз әскерлерин Дуз ойпатлығына алып барды ҳәм ол жерде Сеирдиң адамларынан он мыңын өлтирди. 12Яҳуда әскерлери олардың және он мыңын тутқынға алып, оларды жартастың төбесине алып шықты ҳәм ол жерден төменге ийтерип жиберди. Олардың ҳәммеси бөлек-бөлек болды. 13Сол арада Амасия өзи менен урысқа барыўға рухсат бермей изине қайтарып жиберген әскерлер Самария менен Бейт-Хорон аралығындағы Яҳуда қалаларына ҳүжим қылды. Олар үш мың адамды өлтирип, көп олжа алып кетти. 14Амасия эдомлыларды қырып қайтып келгенде, Сеир халқының бутларын өзи менен бирге алып келди. Ол бул бутларды өзине қудай етип қойды ҳәм оларға табынып, қурбанлықлар берди. 15Сонда Амасияға Жаратқан Ийениң ғәзеби лаўлады ҳәм оған бир пайғамбарды жиберди. Пайғамбар патшаға: – Өз халқын сениң қолыңнан қутқара алмаған сол халықтың қудайларына не ушын жүз бурдыңыз? – дей бергенде, 16Амасия оның гәпин бөлип: – Қашаннан бери сен патшаның мәсләҳәтшиси болып қалдың?! Үниңди өшир! Болмаса жаныңды аламан, – деди. Пайғамбардың сөзи аўзында қалды, бирақ соңынан: – Сиз усылай етип, мениң сөзлериме қулақ салмағаныңыз ушын, Қудайдың сизди жоқ қылыўды қарар еткенин билемен, – деди. 17Яҳуда патшасы Амасия кеңесгөйлери менен мәсләҳәтлескеннен соң, Еҳудың ақлығы Еҳоахаздың улы Израил патшасы Еҳоашқа хабаршылар жиберип: «Кел, жекпе-жек алысайық», – деп шақырық таслады. 18Израил патшасы Еҳоаш та Яҳуда патшасы Амасияға мынадай жуўап жиберди: «Лебанон таўларындағы шат тикен сол жердеги кедрге: „Қызыңды мениң улыма ҳаяллыққа бер“, – деп хабар жиберипти. Бирақ Лебанон таўларындағы бир жабайы ҳайўан сол жерден өтип баратырып, шат тикенди женшип кетипти. 19Эдомлыларды жеңдим деп, мақтанып, көкирегиң көтерилип кетипти. Жақсысы, үйиңде отыр! Жәнжел баслаўдың не кереги бар? Өзиңниң де, Яҳуданың да басын бәлеге қалдыражақсаң». 20Деген менен, Амасия қулақ аспады. Бул Қудайдың иси еди. Амасияның Эдомның қудайларына табынғаны ушын, Қудай оларды душпанның қолына бериўге қарар қылған еди. 21Израил патшасы Еҳоаш Яҳуда патшасы Амасияға қарсы жүрис қылып, олар Яҳуданың Бейт-Шемеш қаласында жүзбе-жүз келди. 22Яҳудалылар израиллылар тәрепинен қыйратылып, үйлерине қарай қашты. 23Израил патшасы Еҳоаш Еҳоахаздың ақлығы Иоаштың улы Яҳуда патшасы Амасияны Бейт-Шемеште тутқынға алып, оны Ерусалимге алып келди. Еҳоаш Ерусалим дийўалының Эфрайым дәрўазасынан Мүйеш дәрўазасына шекемги төрт жүз шығанақ аралығын қулатып таслады. 24Ол Қудайдың Үйиндеги Обед-Эдомның жуўапкершилиги астындағы ҳәмме алтын ҳәм гүмислерди, ҳәмме буйымларды, патша сарайындағы қазнаны, және де, кепилге қойылатуғын тутқынларды алып, Самарияға қайтып кетти.Яҳуда патшасы Амасияның өлими
25Яҳуда патшасы Иоаш улы Амасия Израил патшасы Еҳоахаз улы Еҳоаштың өлиминен соң, он бес жыл өмир сүрди. 26Амасияның басқа ислери, басынан ақырына шекем Яҳуда ҳәм Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 27Амасия Жаратқан Ийеден бас кешкен күннен баслап, Ерусалимде оған қарсы тил бириктириле баслады. Ол Лахишке қашты. Бирақ тил бириктириўшилер Амасияның изинен Лахишке адам жиберип, оны сол жерде өлтиртти. 28Олар Амасияның денесин атқа артып, алып келди ҳәм ол Даўыттың қаласына, ата-бабаларының жанына жерленди.
Copyright information for
KaaIBT22C