2 Chronicles 26
Яҳуда патшасы Уззия
1Буннан кейин, Яҳуданың пүткил халқы он алты жасар Уззияны ▼▼ Уззия – оның басқа аты Азария.
әкеси Амасияның орнына патша етип қойды. 2Әкеси Амасияның өлиминен кейин, Элат қаласын Яҳудаға қайтарып алып, оны қайтадан қурған усы Уззия еди. 3Уззия он алты жасында тахтқа отырып, Ерусалимде елиў еки жыл патшалық етти. Оның анасы ерусалимли болып, аты Ехолия еди. 4Уззия да әкеси Амасияға уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. 5Өзине Қудайдан қорқыўды үйреткен Зехарияның көзиниң тирисинде Уззия Қудайға умтылып жасады. Ол Жаратқан Ийеге умтылып жасағанында, Қудай оны табыслы қылды. 6Уззия филистлерге урыс ашып, Гат, Ябне ҳәм Ашдод қалаларының дийўалларын қулатты. Кейин Ашдод жанына ҳәм филистлерге қараслы басқа жерлерге қалалар қурды. 7Филистлерге, Гур-Баалда жасайтуғын арабларға ҳәм меунимлилерге қарсы урыста Қудай оған жәрдем берди. 8Аммонлар Уззияға салық төлейтуғын болды. Оның күшейгенлиги соншелли, даңқы Мысыр шегараларына дейин жетти. 9Уззия Ерусалимде Мүйеш дәрўазасының, Ойпатлық дәрўазасының ҳәм дийўаллардың мүйешлериниң үстине минаралар қурып, оларды беккемледи. 10Ол шөлге де минаралар қурғызды, көплеген суў сақлағышлар қаздырды. Себеби оның батыстағы таў етеклеринде ҳәм тегисликте бағылып атырған маллары көп еди. Ал таўларда ҳәм өнимдар жерлерде дийханлары менен жүзим өсириўши бағманлары мийнет етти. Уззия дийханшылықты сүйди. 11Уззияның топарларға бөлинип, ҳәрдайым урысқа таяр турған ләшкерлери бар еди. Оларды дизимге алып, топарларға бөлиў исин патшаның ўәзирлеринен бири Хананияның басшылығында хаткер Еиел ҳәм қадағалаўшы Маасея алып барды. 12Бул мәрт жаўынгерлерге жетекшилик ететуғын әўлад басшыларының улыўма саны еки мың алты жүз еди. 13Олардың қол астында урысқа жарамлы үш жүз жети мың бес жүз әскер болып, патшаға душпанларына қарсы урысыўда жәрдем беретуғын үлкен күш еди. 14Уззия пүткил орданы қалқан, найза, дуўлыға, саўыт, оқ жай ҳәм сақпанның таслары менен тәмийинледи. 15Ол Ерусалимдеги минаралар үстине ҳәм қала дийўалының мүйешлерине өзиниң алымлары ойлап тапқан оқ ататуғын ҳәм үлкен тасларды ылақтыратуғын урыс қуралларын орнатты. Оның даңқы алысларға жайылды. Ол Қудайдан үлкен жәрдем алғанлықтан, қүдиретли патшаға айланды. 16Деген менен, Уззияның қүдиретли болыўы, оның менменсип қулаўына алып келди. Ол Қудайы Жаратқан Ийеге деген садықлығын бузып, түтетки түтетилетуғын орында түтетки түтетиў ушын, Жаратқан Ийениң Ибадатханасына кирди. 17Руўханий Азария менен Жаратқан Ийениң сексен батыр руўханийи патшаның изинен ишке кирип, 18патшаның жолын тосып, оған былай деди: – Уззия, Жаратқан Ийеге арнап түтетки түтетиўге ҳақыңыз жоқ! Түтетки түтетиў – бул Харон урпақларынан болған бағышланған руўханийлердиң иси. Мухаддес мәканнан шығып кетиң! Сиз жынаятқа қол урдыңыз. Қудай Ийе де бул исиңизди мақулламайды. 19Түтетки түтетиў ушын, хош ийисли затлар салынған табаны қолына услап турған Уззия руўханийлерге қатты ашыўланды. Сол ўақытта-ақ, олардың көз алдында Уззияның маңлайында жаман тери кеселлигиниң дағы пайда болды. Бул Жаратқан Ийениң Үйиндеги түтетки түтетилетуғын орын жанында жүз берген еди. 20Бас руўханий Азария ҳәм барлық руўханийлер патшаға қарағанда, оның маңлайында жаман тери кеселлиги пайда болғанын көрди ҳәм оны сыртқа шығарыўға асықты. Патшаның өзи де Жаратқан Ийениң жазасына жолыққанын түсинип, ол жерден кетиўге асықты. 21Ол бир өмир жаман тери кеселлигинен қутыла алмады. Сонлықтан ол Жаратқан Ийениң Үйине кире алмай, бөлек бир үйде жасады. Сарайды ҳәм үлке халқын оның улы Иотам басқарды. 22Уззияның басқа ислерин басынан ақырына дейин, Амос улы пайғамбар Ийшая жазып қалдырған. 23Уззия өлип, ата-бабаларына қосылғанда, жаман тери кеселлиги менен аўырғанлығы себепли, патшалар қойылатуғын қәбирге емес, ал оның қасындағы атызға жерленди. Оның орнына улы Иотам патша болды.
Copyright information for
KaaIBT22C