‏ 2 Chronicles 27

Яҳуда патшасы Иотам

1Иотам жигирма бес жасында патша болды ҳәм Ерусалимде он алты жыл патшалық етти. Оның анасының аты Еруша болып, ол Садоқ деген адамның қызы еди. 2Иотам да әкеси Уззияға уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи. Оның әкесинен айырмашылығы, ол Жаратқан Ийениң Ибадатханасына бастырып кирмеди. Деген менен, халық жаўызлықларын даўам ете берди. 3Иотам Жаратқан Ийениң Үйиниң жоқарғы дәрўазасын салдырды ҳәм қала дийўалының Офел төбешигиндеги бөлегин оңлап, үлкен жумыслар иследи. 4Буннан тысқары, патша Яҳуданың таўлы үлкесине бир қанша қалалар қурдырды, тоғайлықларға қорғанлар менен минаралар салдырды. 5Ол аммонлардың патшасы менен урысып, жеңиске еристи. Сол жылы аммонлар Иотамға салық ретинде жүз талант гүмис, он мың кор бийдай ҳәм он мың кор арпа төледи. Екинши, үшинши жылы да олар солай иследи. 6Иотам Қудайы Жаратқан Ийеге бойсынып жасағаны ушын, қүдиретли патшаға айланды.

7Иотамның басқа ислери, жүргизген барлық урыслары ҳәм басқа ис-ҳәрекетлери Израил ҳәм Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. 8Иотам жигирма бес жасында патша болды ҳәм Ерусалимде он алты жыл патшалық етти. 9Иотам өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Ахаз патша болды.
Copyright information for KaaIBT22C