‏ 2 Chronicles 28

Яҳуда патшасы Ахаз

1Ахаз жигирма жасында патша болып, Ерусалимде он алты жыл патшалық етти. Ол бабасы Даўытқа уқсамады, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди ислемеди. 2Ахаз Израил патшаларының жолынан жүрди. Ҳәтте, Баалларға табыныў ушын қуйма бут мүсинлерин ислетти. 3Ол Бен-Ҳинном ойпатлығында қурбанлықлар жандырды, ҳәтте, Жаратқан Ийе Израил халқының алдынан қуўып жиберген миллетлердиң жеркенишли дәстүрлерине еликлеп, өз улын отқа жағып қурбан етти. 4Ол сыйыныў орынларында, төбешиклерде ҳәм ҳәр бир қойыў жапырақлы теректиң астында қурбанлықлар берип, түтеткилер түтетти.

5Сол себепли Қудайы Жаратқан Ийе Ахазды Арам патшасының қолына берди. Арамлылар оны жеңип, халқынан көп адамларды тутқын етип, Дамаскке алып кетти.

Буннан тысқары, оны Израил патшасының да қолына берди. Израил патшасы Ахазды үлкен қырғынға ушыратты.
6Израил патшасы Ремалия улы Пеқах бир күнде Яҳуда әскерлеринен бир жүз жигирма мың баҳадыр жаўынгерди өлтирди. Себеби олар ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени тәрк еткен еди. 7Эфрайымлы Зихрий атлы батыр әскер патшаның улы Маасеяны, сарай басқарыўшысы Азриқамды ҳәм патшаның бас ўәзири Элқананы өлтирди. 8Израиллылар өзлериниң туўысқаны болған яҳудалылардан еки жүз мың ҳаял ҳәм балаларды тутқын қылып, көп олжа менен бирге Самарияға алып кетти.

9Самарияда Жаратқан Ийениң Одед атлы пайғамбары бар еди. Ол қайтып киятырған ләшкерлердиң алдынан шығып, оларға былай деди:

– Ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийе Яҳуда халқына ғәзепленгени ушын оларды сизлерге тәслим етти. Бирақ сизлердиң оларды қандай қәҳәрге минип қырғаныңыз аспанға жетип барды.
10Бул аз болғандай, енди болса Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынларын өзлериңизге қул қылмақшысыз. Өзлериңиз не, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге ҳеш гүна қылмадыңыз ба? 11Сонлықтан маған қулақ салып, тутқынға алған туўысқанларыңызды изге қайтарыңлар! Өйткени, Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзеби үстиңизге дөнип тур!

12Сонда Эфрайым халқының айырым көсемлери: Еҳоханан улы Азария, Мешиллемот улы Берехия, Шаллум улы Хизкия ҳәм Хадлай улы Амаса урыстан қайтқанларға қарсы турып:

13– Тутқынларды бул жерге алып келмеңлер. Бизлер Жаратқан Ийениң алдында айыплы болып қаламыз. Ямаса гүна ҳәм айыпларымызды және де көбейтиўди қәлейсизлер ме? Онысыз да айыпларымыз көп, Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзеби Израилдың үстине дөнип тур, – деди.

14Сонда әскерлер тутқынлар менен олжаларды көсемлер менен пүткил жыйын турған жерге қалдырып кетти. 15Жоқарыда аты аталған төрт көсем орынларынан турып, тутқынларға ғамхорлық етти. Олардың кийими жоқларына олжадағы кийимлерден алып, кийим кийгизди, аяқ кийим берди, ишкизип-жегизди, жараларына май жақты. Ҳалдан тайғанларын ешекке мингизип, ҳәммесин пальма ағашлары өсетуғын Ерихо қаласындағы ағайинлерине алып барды. Кейин өзлери Самарияға қайтты.

16Сол арада патша Ахаз Ассирия патшасына елши жиберип, жәрдем сорады. 17Себеби эдомлылар қайтадан Яҳудаға ҳүжим жасап, адамларын тутқын етип, алып кеткен еди. 18Буның үстине, филистлер Яҳуданың батысындағы таў етеклериндеги ҳәм қубласындағы қалаларға шабыўыл жасап, Бейт-Шемеш, Айялон, Гедерот қалаларын, сондай-ақ Сохо, Тимна, Гимзо қалаларын әтирапындағы аўыллары менен қоса басып алып, ол жерлерге қонысланып алды. 19Жаратқан Ийе Яҳуданы патшасы Ахаздың кесиринен аяқ асты қылды. Ахаз Яҳуданы гүнаға баслап, өзи де Жаратқан Ийеге опасызлық еткен еди.

20Солай етип, Ассирия патшасы Тилгат-Пилнесер
Тилгат-Пилнесер – көбинесе «Тиглат-Пилесер» деп жазылған.
Ахазға келди. Бирақ ол жәрдем бериўдиң орнына, оны қысқыға ала баслады.
21Ахаз Жаратқан Ийениң Үйиндеги, өзиниң сарайындағы ҳәм ҳәкимлериниң үйлериндеги баҳалы нәрселерди алып, Ассирия патшасына салық ретинде берди. Бирақ бул да оған жәрдем бермеди.

22Аўыр күнлерди басынан кеширип атырса да, Ахаз Жаратқан Ийеге деген опасызлығын бурынғыдан да күшейтти. Аўа, ол – патша Ахаз-дә! 23Ол: «Арам патшаларының қудайлары оларға жәрдем берип келмекте. Енди оларға қурбанлық берсем, олар да маған жәрдем берер», – деп ойлап, өзин жеңилиске ушыратқан Дамаск қаласының қудайларына қурбанлықлар берди. Бирақ, тилекке қарсы, олар Ахаздың өзиниң ҳәм пүткил Израилдың қулаўына себепши болды.

24Ахаз Қудайдың Үйиндеги буйымларды жыйнап, майдалады. Және, Жаратқан Ийениң Үйиниң қапыларын жаптырып таслады ҳәм Ерусалим көшелериниң ҳәр бир мүйешине қурбанлық орынлар қурдырды. 25Ол басқа қудайларға арнап түтеткилер түтетиў ушын, Яҳуданың ҳәр бир қаласына сыйыныў орынларын қурып, ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийени ғәзеплендирди. 26Ахаздың басқа ислери ҳәм барлық ис-ҳәрекетлери бастан аяғына шекем Яҳуда ҳәм Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 27Ахаз өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм Ерусалим қаласында жерленди. Бирақ оны Израил патшаларының мазарына қоймады. Оның орнына улы Хизкия патша болды.
Copyright information for KaaIBT22C