‏ 2 Chronicles 29

Яҳуда патшасы Хизкия

1Хизкия жигирма бес жасында патша болып, Ерусалимде жигирма тоғыз жыл патшалық етти. Оның анасының аты Абия
Абия – ямаса Абий. 4Пат 18:2.
болып, ол Зехарияның қызы еди.
2Ол да атасы Даўытқа уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи.

Хизкияның Ибадатхананы пәклеўи

3Хизкия өз патшалығының биринши жылының биринши айында Жаратқан Ийениң Үйиниң қапыларын ашып, оларды дүзеттирди. 4Соңынан руўханийлер менен лебийлилерди шақыртып, Үйдиң шығыс тәрепиндеги майданға жыйнады ҳәм 5оларға былай деди:

– Лебийлилер, мени тыңлаңлар! Өзлериңизди тазаланыў рәсиминен өткерип, пәклениңлер, ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийениң Үйин да пәклеңлер! Ҳарам нәрселерди бул Мухаддес орыннан шығарып таслаңлар!
6Ата-бабаларымыз опасызлық қылып, Қудайымыз Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи ҳәм Оны тәрк етти. Олар Жаратқан Ийениң қонысынан жүз бурып, Оған арқасын қаратты. 7Олар Ибадатхана айўанының қапыларын жаўып таслап, шыраларын да өширип қойды. Израилдың Қудайының Мухаддес орнында түтеткилер де түтетпей, жандырылатуғын қурбанлықларды да усынбай қойды. 8Сол себепли, Яҳуда менен Ерусалим Жаратқан Ийениң ғәзебине ушырады. Өз көзлериңиз бенен көргениңиздей, Жаратқан Ийениң оларға ислегенлери басқалардың ҳүрейин ушыратуғын, қорқынышлы ҳәм жанды түршиктиретуғын көриниске айланды. 9Қараңлар, сонлықтан әкелеримиз қылыштан қаза тапты, ул-қызларымыз бенен ҳаялларымыз тутқында жүр. 10Енди мен бизлерге деген лаўлаған ғәзебинен қайтыўы ушын, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе менен келисим дүзиўди қәлеймен. 11Балаларым, бийпәрўа болмаңлар! Себеби Жаратқан Ийе сизлерди Өзиниң алдында турып хызмет етиўиңиз ҳәм қурбанлықлар жағыўыңыз ушын таңлап алған еди.

12Сонда мына лебийлилер хызметти баслады: Қоҳат урпағынан: Амасай улы Махат, Азария улы Иоел;
Мерарий урпағынан: Абдий улы Киш, Еҳаллелел улы Азария;
Гершон урпағынан: Зимма улы Иоах, Иоах улы Эден;
13Элисафан урпағынан: Шимрий ҳәм Еиел;
Асаф урпағынан: Зехария ҳәм Маттания;
14Ҳеман урпағынан: Ехиел ҳәм Шимей;
Едутун урпағынан: Шемая ҳәм Уззиел.

15Бул лебийлилер туўысқанларын жыйнап алып, пәклениў рәсиминен өтти. Соңынан патшаның буйрығы бойынша, Жаратқан Ийениң сөзине муўапық, Оның Үйин пәклеўге келди. 16Руўханийлер Жаратқан Ийениң Үйин пәклеў ушын ишке кирип, оннан тапқан ҳарам нәрселердиң бәрин ҳәўлиге шығарды. Лебийлилер оларды алып, Кидрон сайына апарып таслады. 17Олар биринши айдың биринши күни пәклеўди баслап, сол айдың сегизинши күни Жаратқан Ийениң Үйиниң айўанына жетти. Олар және сегиз күн Үйдиң өзин пәкледи ҳәм биринши айдың он алтыншы күни пәклеў исин жуўмақлады.

18Соңынан патша Хизкияға барып:

– Бизлер Жаратқан Ийениң Үйин, жандырылатуғын қурбанлықлар берилетуғын орынды ҳәм оған тийисли ҳәмме нәрселерди, усынылған нанлар қойылатуғын столды ҳәм оған тийисли барлық нәрселерди толық пәкледик.
19Ахаз патшаның өз ҳүкимдарлығы ўақтында Қудайға бийопалық етип, шығарып таслаған нәрселерин таярлап, пәкледик. Олар ҳәзир Жаратқан Ийениң қурбанлық орнының жанында тур, – деди.

Жаратқан Ийениң Үйиндеги хызметтиң тиклениўи

20Ертеңине патша Хизкия ерте турып, қала ҳәкимлерин жыйнады ҳәм оларды ертип, Жаратқан Ийениң Үйине жол алды. 21Олар патшалық, Мухаддес мәкан ҳәм Яҳуда халқы ушын гүналарын өтеў қурбанлығы етип жети буға, жети қошқар, жети тоқлы ҳәм жети теке алып келди. Патша Харон урпақларынан болған руўханийлерге буларды Жаратқан Ийениң қурбанлық орны үстинде қурбанлыққа бериўди буйырды.

22Руўханийлер дәслеп буғаларды шалып, қанын қурбанлық орынға септи. Соңынан қошқарларды шалып, қанын қурбанлық орынға септи, кейин тоқлыларды шалып, қанын қурбанлық орынға септи. 23Ақырында, гүна қурбанлығы ушын берилген текелерди патша менен пүткил жәмийеттиң алдына алып келди. Олар текелердиң үстине қолларын қойды. 24Кейин руўханийлер текелерди шалып, қанын пүткил Израил халқының гүналардан пәклениўи ушын, гүнаның қуны ретинде қурбанлық орынға септи. Себеби патша жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм гүна қурбанлықлары пүткил Израил халқы ушын берилсин, деп буйырған еди. 25Соңынан патша Даўыттың, оның ўәлийи Гадтың ҳәм пайғамбары Натанның көрсетпесине муўапық, лебийлилерге кимбал, арфа ҳәм лира берип, оларды Жаратқан Ийениң Үйине орналастырды. Усылай ислеўди Жаратқан Ийе Өз пайғамбарлары арқалы буйырған еди. 26Лебийлилер Даўыттың саз әсбаплары менен, руўханийлер кәрнайлар менен өз орынларын ийеледи. 27Хизкия жандырылатуғын қурбанлықты қурбанлық орында усыныўды буйырды. Қурбанлықлар жандырыла баслағанда, кәрнайларға ҳәм Израил патшасы Даўыттың саз әсбапларына қосылып, Жаратқан Ийеге арнап қосықлар айтыла баслады. 28Қурбанлық жандырылып болынғанша, пүткил жыйналғанлар тәжим етип, қосықшылар қосық айтып, кәрнайшылар кәрнайларын шертип турды. 29Қурбанлық бериў тамам болғанда, патша ҳәм оның жанындағылар дизелерин бүгип, сыйынды. 30Патша Хизкия ҳәм оның хызметшилери лебийлилерге Даўыттың ҳәм ўәлий Асафтың сөзлери менен Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыўды буйырды. Олар қуўаныш пенен алғыс-мақтаў айтты, сыйынды ҳәм тәжим етти.

31Кейин Хизкия:

– Мине, сизлер өзлериңизди Жаратқан Ийеге бағышладыңлар. Енди жақынырақ келип, Жаратқан Ийениң Үйине қурбанлықлар ҳәм миннетдаршылық қурбанлықларын алып келиңлер, – деди.

Сонда жыйналғанлар қурбанлықлар ҳәм миннетдаршылық қурбанлықларын берди. Айырым қәлеўшилер болса, жандырылатуғын қурбанлықлар алып келди.
32Халық алып келген жандырылатуғын қурбанлықлардың улыўма саны мынадай болды: жетпис буға, жүз қошқар, еки жүз тоқлы. Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийеге арнап жандырыў ушын алып келинген еди. 33Басқа мухаддес қурбанлықлар ушын да алты жүз бас ири мал, үш мың бас майда мал да алып келинди. 34Бирақ руўханийлер дым аз болғанлықтан, жандырылатуғын қурбанлықларды терисинен айырып үлгере алмай атырған еди. Сол себепли ис тамам болғанша ҳәм басқа руўханийлер пәклениў рәсиминен өтип болғанша, лебийли туўысқанлары оларға жәрдем берди. Себеби лебийлилер пәклениў рәсимине руўханийлерге қарағанда итибарлырақ еди. 35Татыўлық қурбанлықларының майы ҳәм жандырылатуғын қурбанлықлар ҳәм оның менен берилетуғын ишимлик садақалары мол болды.

Усылайынша Жаратқан Ийениң Үйиниң хызмети қайта тикленди.
36Хизкия ҳәм пүткил халық Қудайдың халық ушын ислеген ислерине қуўанды. Себеби бул ис қысқа ўақыт ишинде жүз берди.
Copyright information for KaaIBT22C