‏ 2 Chronicles 3

Қудайдың Үйиниң қурылыўы

1Сулайман Ерусалимдеги Мория таўында, ебуслы Орнанның қырман жеринде Жаратқан Ийениң Үйиниң қурылысын баслады. Бул жерди әкеси Даўыт алдын ала таярлап қойған болып, ол жерде Жаратқан Ийе Даўытқа көринген еди. 2Сулайман қурылысты өз патшалығының төртинши жылының екинши айының екинши күни баслады. 3Қудайдың Үйиниң иргетасының өлшеми ески өлшем бирлиги бойынша мынадай болды: узынлығы алпыс шығанақ, ени жигирма шығанақ еди. 4Қудайдың Үйиниң имаратының алдынғы жағындағы айўанның узынлығы Үй имаратының ениндей, яғный жигирма шығанақ, бийиклиги бир жүз жигирма шығанақ еди. Сулайман Үйдиң ишин сап алтын менен қаплатты. 5Оның үлкен бөлмесиниң дийўалларын сәрўи тахташалар менен, олардың үстин сап алтын менен қаплатты. Алтынның бетине пальма ағашлары менен шынжыр нағысларын ойдырып салдырды. 6Ол Үйди қымбатбаҳа таслар менен әшекөйлетти. Ол қолланған алтын Парўайым жеринен алып келинген еди. 7Сулайман Үйдиң төбесиндеги өрелерди, қапының дөгерек ағашын, дийўалларын ҳәм қапыларын алтын менен қаплатып, дийўалларға керублардың
Керуб – қанатлы руўхый барлық.
сүўретлерин ойып салдырды.
8Ол Ең мухаддес бөлмени де қурдырды. Оның узынлығы да жигирма шығанақ, ени де жигирма шығанақ болып, Үйдиң ени менен бирдей өлшемде еди. Сулайман бул бөлмениң ишин алты жүз талант
Алты жүз талант – бир талант шама менен 34 кг.
жақсы алтын менен қаплатты.
9Онда қолланылған алтын шегелердиң аўырлығы елиў шекел еди. Жоқарғы бөлмелердиң дийўаллары да алтын менен қапланды. 10Ең мухаддес бөлме ушын еки керубтың мүсинин ислетип, оларды алтын менен қаплатты. 11Керублардың қанатларының улыўма узынлығы жигирма шығанақ еди. Бир керубтың бир қанаты бес шығанақ болып, ол Үйдиң бир дийўалына тийип турды, ал екинши қанаты да бес шығанақ болып, ол екинши керубтың қанатына тийип турды. 12Сол сыяқлы, екинши керубтың да бир қанатының узынлығы бес шығанақ болып, ол Үйдиң екинши дийўалына тийип турды, ал екинши қанаты да бес шығанақ болып, ол биринши керубтың қанатына тийип турды. 13Керублардың жайылған қанатларының узынлығы жигирма шығанақ болды. Еки керуб та тик аяқта турған қәлипте исленип, жүзлери үлкен бөлмеге қарап турды. 14Сулайман қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерден ҳәм жиңишке ҳасыл зығыр жиплерден таўар тоқытты ҳәм олардың бетине керублардың сүўретлерин кестелетип, перде ислетти. 15Сулайман еки өре ислетип, оларды Үйдиң алдына қойдырды. Ҳәр бир өрениң бийиклиги отыз бес шығанақ, ал олардың үстиндеги төбелигиниң ҳәр бириниң бийиклиги бес шығанақ еди. 16Ол ҳалқа сыяқлы оралып туратуғын шынжырлар ислетип, олар менен өрениң жоқарысын безеди. Және, ол жүз дана анар мийўесин ислетип, оларды шынжырларға илдиртти. 17Өрелерди Ибадатхананың алдына: биреўин қубла тәрепине, екиншисин арқа тәрепине қойдырып, қубладағысын Яхин
Яхин – «Ол беккемлейди» дегенди билдириў мүмкин.
, арқадағысын Боаз
Боаз – «Онда қүдирет бар» дегенди билдириў мүмкин.
деп атады.
Copyright information for KaaIBT22C