2 Chronicles 31
Хизкия киргизген өзгерислер
1Байрам толық тамам болғаннан кейин, оған қатнасқан израиллылардың барлығы Яҳуда қалаларына барып, кийели тасларды майдалап, кийели ағашларды кесип таслады. Олар пүткил Яҳуда, Бенямин, Эфрайым ҳәм Менашше жерлериндеги сыйыныў орынларын ҳәм қурбанлық орынларын бирде биреўин қалдырмай бузып таслады. Соңынан израиллылар өз қалаларына, өз ийеликлерине қайтты. 2Хизкия руўханийлер менен лебийлилерди атқаратуғын ўазыйпаларына қарап, топарларға бөлди. Олардың айырымларына жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм татыўлық қурбанлықларын усыныў, айырымларына Жаратқан Ийениң мәканының дәрўазаларында хызмет етиў, айырымларына тәрийиплеў ҳәм алғыс-мақтаў қосықларын айтыў тапсырылды. 3Патша Жаратқан Ийениң нызамына муўапық, ҳәр күни азанда ҳәм кеште, Шаббат күнлери, Жаңа ай байрамында ҳәм Жаратқан Ийениң Нызамында белгиленген байрамларда усынылатуғын жандырылатуғын қурбанлықлар ушын өз мал-мүлкинен маллар ажыратты. 4Руўханийлер менен лебийлилердиң өзлерин Жаратқан Ийениң Нызамын орынлаўға бағышлаўы ушын, патша Ерусалимде жасайтуғын халыққа руўханийлер менен лебийлилерге тийисли болған пайларын берип турыўды буйырды. 5Бул пәрман жәрияланыўдан-ақ, израиллылар бийдайдың, жаңа шараптың, зәйтүн майының, палдың, жерден өнген барлық өнимлердиң биринши зүрәәтинен сақыйлық пенен алып келе баслады. Сондай-ақ қолларында бар болғаннан мол етип оннан бирин берди. 6Яҳуда қалаларында жасап атырған израиллылар менен яҳудалылар да өз сүриў ҳәм падаларынан оннан бирин берди, және Қудайы Жаратқан Ийеге арналған мухаддес затларынан да оннан бирин берип, оларды бир жерге жыйнап үйин-үйин қылды. 7Олар бул исти үшинши айда баслап, жетинши айда тамамлады. 8Патша Хизкия ҳәм оның ҳәмелдарлары келип, үйинлерди көргенде, Жаратқан Ийеге алғыс айтып, Оның халқы Израилға пәтиясын берди. 9Хизкия руўханийлер менен лебийлилерден бул үйинлер ҳаққында сорағанда, 10Садоқ тийресинен болған бас руўханий Азария жуўап берип: – Халық Жаратқан Ийениң Үйине садақаларын алып келе баслағаннан бери, тамағымыз тоқ, артып та қалмақта. Жаратқан Ийе Өз халқын жарылқағанлықтан, аўысығының өзи ағыл-тегил, – деди. 11Сонда Хизкия Жаратқан Ийениң Үйине зат сақланатуғын бөлмелер қурыўды буйырды ҳәм олар қурылды. 12Бул бөлмелерге барлық садақалар, барлық заттың оннан бири, бағышланған затлар садықлық пенен апарып қойылды. Бул ислердиң басында лебийли Кенания турды, ал иниси Шимей оның орынбасары болды. 13Патша Хизкия ҳәм Қудайдың Үйиниң басқарыўшысы Азарияның тапсырмасы бойынша, Ехиел, Азазия, Нахат, Асаҳел, Еримот, Иозабад, Элиел, Исмахия, Махат ҳәм Беная Кенания менен оның иниси Шимейдиң қол астында бақлаўшылар хызметин атқара баслады. 14Шығыс дәрўазаның қараўылы лебийли Имна улы Қоре Қудайға ықтыярлы түрде берилген садақаларға жуўапкер болып, ол Жаратқан Ийеге аталған сыйларды бағышлап, арнаўлы түрде берилген сыйларды бөлип бериў ўазыйпасын алып барды. 15Эден, Минямин, Ешуа, Шемая, Амария ҳәм Шекания руўханийлер жасап атырған қалаларда руўханийлерге тийисли үлеслерин топарлары бойынша, үлкен-кишисине бирдей етип бөлип бериўде Қореге жәрдемлести. 16Буннан тысқары, Жаратқан Ийениң Үйине кирип, өзиниң ўазыйпасы ҳәм топарына сай ондағы күнделикли жумысларды атқаратуғын үш жасқа толған ҳәм оннан жоқары болған, шежиреге киргизилген еркеклерге, 17сондай-ақ, әўладлары бойынша шежиреге киргизилген руўханийлерге, жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы лебийлилерге ўазыйпалары менен топарларына сай үлес бөлип берди. 18Және де, руўханийлер менен лебийлилердиң шежиреге киргизилген нәрестелерине, ҳаялларына ҳәм ул-қызларына да үлес тийди. Себеби олар өзлерин садықлық пенен Қудайға бағышлаған еди. 19Қалаларының әтирапындағы аўылларда жасап атырған Харон урпақларынан болған руўханийлерге келсек, олардан болған барлық еркеклерге ҳәм лебийлилердиң шежиресине кирген ҳәр бир адамға тийисли үлесин бериў ушын атлары аталып, айырым адамлар тайынланды. 20Хизкия пүткил Яҳуда бойлап усылай ис алып барды. Ол Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде ийгиликли, туўры ҳәм ҳадал ислерди иследи. 21Ол Қудайдың Үйиндеги хызметте ҳәм Нызам менен буйрықларға әмел қылыў ислеринде нелер ислеген болса да, Қудайына бойсынып, шын жүректен ҳәрекет етти. Нәтийжеде ол табысқа еристи.
Copyright information for
KaaIBT22C