2 Chronicles 33
Яҳуда патшасы Менашше
1Менашше он еки жасында патша болды ҳәм Ерусалимде елиў бес жыл патшалық етти. 2Ол Жаратқан Ийе Израил халқының алдынан қуўып жиберген халықлардың жеркенишли жаман ислерине еликлеп, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. 3Әкеси Хизкия қыйратып таслаған сыйыныў орынларын қайта тикледи, Баалларға арнап қурбанлық орынлар қурды, кийели ағашларды орнатты ҳәм пүткил аспан денелерине табынып, оларға хызмет етти. 4Менашше Жаратқан Ийениң Үйине, яғный Жаратқан Ийениң: «Атым мәңгиге Ерусалимде болады», – деген Үйине басқа қудайларға арнап, қурбанлық орынлар қурдырды. 5Ол Жаратқан Ийениң Үйиниң еки ҳәўлисине де барлық аспан денелерине арнап қурбанлық орынлар қурды. 6Ол Бен-Ҳинном ойпатлығында өз улын отта жандырып қурбанлыққа берди, пал ашты, белгилерди жорыды, дуўаханлық қылды, әрўақ ҳәм руўхларды шақырыўшыларға мәсләҳәт салды. Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди көп ислеп, Оны ғәзеплендирди. 7Менашше өзи ислеткен ойма бутты Қудайдың Үйине қойды. Қудай Даўытқа ҳәм оның улы Сулайманға: «Бул Үйде ҳәм Израил урыўлары арасынан таңлап алған қалам Ерусалимде атымды мәңгиге орнатаман. 8Егер олар Муўса арқалы берген барлық Нызам, қағыйда ҳәм пәрманларыма байланыслы буйрықларымды муқыятлы түрде орынлап жасаса, онда Израил халқын өзлериниң ата-бабаларына белгилеп берген жерден қайтадан қуўып шығармайман», – деген еди. ▼ 9Бирақ Менашше Яҳуда халқын ҳәм Ерусалим турғынларын жолдан азғырғаны соншелли, Израил халқы өзиниң алдынан Жаратқан Ийе жоқ қылған халықларынан да көбирек жаманлықлар иследи. 10Жаратқан Ийе Менашшеге ҳәм оның халқына ескертсе де, олар қулақ салмады. 11Сонлықтан Жаратқан Ийе оларға Ассирия патшасының әскербасыларын жиберди. Олар Менашшени тутқынға алды, мурнына ҳалқа өткерип, қола кисен менен кисенледи ҳәм оны Бабилонға алып кетти. 12Ол азап шегип атырып, Қудайы Жаратқан Ийеге жалбарынды ҳәм ата-бабаларының Қудайы алдында шын жүректен бас ийди. 13Ол дуўа етти, Жаратқан Ийе де оның дуўасын қабыл етип, жалбарыныўын еситти. Оны және Ерусалимге, өз тахтына қайтарды. Сонда Менашше Жаратқан Ийениң ҳақыйқаттан да Қудай екенин билди. 14Буннан кейин, Менашше Даўыттың қаласының сыртқы дийўалын бурынғыдан да бийик етип қайта қурды. Бул дийўал ойпатлықтағы Гихон булағының батысынан Офел төбесин айнала өтип, Балық дәрўазасының киреберисине шекем созылды. Патша Яҳуданың қорғанлы қалаларының ҳәммесине әскербасылар тайынлады. 15Менашше Жаратқан Ийениң Үйинен басқа жерлердиң қудайларының мүсинлерин, өзи қойдырған бутларды, Жаратқан Ийениң Үйи жайласқан таўдағы ҳәм Ерусалимдеги барлық қурбанлық орынларды алдырып, оларды қаладан шығарып таслады. 16Ол Жаратқан Ийениң қурбанлық орнын қайта тиклеп, онда татыўлық ҳәм миннетдаршылық қурбанлықларын усынды ҳәм Яҳуда халқына Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге хызмет етиўди буйырды. 17Деген менен, халық сыйыныў орынларында қурбанлық бериўин даўам етти. Бирақ олар берген қурбанлықларын Қудайы Жаратқан Ийеге арнайтуғын еди. 18Менашшениң басқа ислери, Қудайына арналған дуўасы ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атынан оған айтылған ўәлийдиң сөзлери Израил патшаларының жылнама китабында жазылған. 19Оның дуўасы, Қудайдың оған реҳим етиўи, барлық гүналары, опасызлығы, ол өзи бойсынғанға шекем қурғызған сыйыныў орынлары, кийели ағашлары ҳәм бутлары ҳаққында барлығы Көзи ашықлардың китабында жазылған. 20Менашше өлип, ата-бабаларына қосылғанда, өз сарайына жерленди. Оның орнына улы Амон патша болды.Яҳуда патшасы Амон
21Амон жигирма еки жасында патша болып, Ерусалимде еки жыл патшалық етти. 22Амон да әкеси Менашшеге уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Ол әкеси соқтырған барлық бутларға қурбанлық берип, оларға хызмет етти. 23Амон әкеси Менашшеге уқсап, Жаратқан Ийеге қайта жүз бурмады, керисинше, гүна ислеўди арттыра берди. 24Амонның хызметшилери оған қарсы тил бириктирип, оны өз сарайында өлтирди. 25Бирақ үлке халқы патша Амонға қарсы тил бириктиргенлердиң ҳәммесин өлтирди ҳәм оның орнына улы Иошияны патша етип қойды.
Copyright information for
KaaIBT22C