‏ 2 Chronicles 34

Яҳуда патшасы Иошия

1Иошия сегиз жасында патша болып, Ерусалимде отыз бир жыл патшалық етти. 2Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры болған ислерди иследи ҳәм оңға да солға да бурылмай, бабасы Даўыттың жолынан жүрди.

Иошия киргизген жаңалықлар

3Иошия өз патшалығының сегизинши жылында, еле жас болса да, бабасы Даўыттың Қудайын излей баслады. Ал өз патшалығының он екинши жылы Яҳуда менен Ерусалимди сыйыныў орынларынан, кийели ағашлардан, ойма ҳәм қуйма бутлардың мүсинлеринен тазалай баслады. 4Оның басшылығында Баалларға арналған қурбанлық орынлар бузып тасланды, олардың жанындағы түтетки түтетилетуғын орынлар қыйратылды, кийели ағашлар менен ойма ҳәм қуйма бутлардың мүсинлери майдаланып, усы бутларға қурбанлық бергенлердиң қәбирлери үстине шашылды. 5Иошия бутқа хызмет ететуғын руўханийлердиң сүйеклерин өзлериниң қурбанлық орынларының үстинде отқа жақты. Усылайынша ол Яҳуда менен Ерусалимди пәкледи. 6Кейин Иошия Менашше, Эфрайым, Шимон урыўларының қалаларынан Нафталий жерлерине дейин ҳәм олардың қыйрап қалған аймақларындағы 7қурбанлық орынларды, кийели ағашларды кести ҳәм бутларды майдалап езди. Ол пүткил Израил ели бойлап түтетки түтетилетуғын орынларды қыйратып, соңынан Ерусалимге қайтып келди.

Нызам китабының табылыўы

8Өз патшалығының он сегизинши жылында, елди ҳәм Жаратқан Ийениң Үйин пәклегеннен соң, патша Иошия Асалия улы Шафанды, қала ҳәкими Маасеяны ҳәм дийўанбеги Еҳоахаз улы Иоахты Қудайы Жаратқан Ийениң Үйин оңлаў ушын жиберди. 9Олар бас руўханий Хилкияға барып, Қудайдың Үйине алып келинген барлық гүмислерди оған берди. Босағадағы қадағалаўшы руўханийлер болған лебийлилер бул гүмислерди Менашше ҳәм Эфрайым халқынан, басқа барлық израиллылардан, барлық Яҳуда ҳәм Бенямин халқынан, және Ерусалим турғынларынан жыйнаған еди. 10Олар гүмислерди Жаратқан Ийениң Үйиндеги ислерди бақлаў ушын тайынланған адамларға берди. Бақлаўшылар буны Үйдиң бузылған жерлерин дүзетип, оңлап атырған жумысшыларға төледи. 11Қаржының бир бөлеги усталар менен қурылысшыларға да берилип, олар сол гүмислерге Яҳуда патшалары қараўсыз қалдырған имаратларды оңлаў ушын, жонылған таслар ҳәм бақанлар менен арқалық ағашлар сатып алды. 12Бул адамлар жумысын ҳадал иследи. Олардың үстинен Мерарий урпағынан лебийли Яхат пенен Обадияны ҳәм Қоҳат урпағынан лебийли Зехария менен Мешулламды бақлаўшы етип қойды. Саз әсбапларын жақсы шертетуғын барлық лебийлилер 13жүк тасыўшыларды ҳәм ҳәр бир имараттағы ҳәмме жумысшыларды бақлап жүрди. Лебийлилерден айырымлары хаткерлер, қадағалаўшылар ҳәм дәрўаза қараўыллары хызметин атқарды.

14Жаратқан Ийениң Үйине әкелинген гүмисти алып шығып баратырып, руўханий Хилкия Жаратқан Ийениң Муўса арқалы берген Нызам китабын таўып алды. 15Хилкия хаткер Шафанға:

– Мен Жаратқан Ийениң Үйинен Нызам китабын таптым, – деп, китапты Шафанға берди.
16Шафан китапты патшаға алып келип, оған:

– Қулларыңыз өзлерине тапсырылғанның ҳәммесин ислеп атыр.
17Олар Жаратқан Ийениң Үйиндеги бар гүмисти алып, бақлаўшылар менен жумысшыларға берди, – деп хабар берди. 18Соңынан хаткер Шафан:

– Руўханий Хилкия маған бир китап берди, – деди ҳәм китапты патшаға даўыслап оқып берди.
19Патша Нызам китабындағы сөзлерди еситкенде, кийимлерин жыртты. 20Ол Хилкияға, Шафан улы Ахиқамға, Миха улы Абдонға, хаткер Шафанға ҳәм өз хызметшиси Асаяға былай деп буйырды:

21– Барып, табылған бул китаптың сөзлери ҳаққында мен ушын да, Израил ҳәм Яҳуда халқының қалғанлары ушын да, Жаратқан Ийениң еркин сораңлар. Жаратқан Ийениң үстимизге жаўдыратуғын ғәзеби уллы, себеби ата-бабаларымыз Жаратқан Ийениң сөзине әмел қылмады. Олар бул китапта жазылғанларға сай ис тутпады.

22Руўханий Хилкия менен патша жиберген адамлар барып, Хасраның ақлығы Тақҳаттың улы болған мухаддес кийимлерге қараўшы Шаллумның ҳаялы пайғамбар Хулда менен сөйлести. Хулда Ерусалимниң таза бөлиминде жасайтуғын еди. 23Ҳаял оларға былай деди:

– Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе сизлерди маған жиберген адамға былай деп айтыңлар деп атыр:
24«Жаратқан Ийе былай дейди: Яҳуда патшасының алдында оқылған китапта жазылған барлық нәлетлерди, яғный апатшылықларды усы жерге ҳәм ондағы халыққа жаўдырмақшыман. 25Олар мени тәрк етти ҳәм басқа қудайларға түтетки түтетип, пүткил ислери менен Мениң ғәзебимди келтирди. Сонлықтан бул жерге ғәзебим төгиледи ҳәм ол сөнбейди». 26Жаратқан Ийениң еркин сораў ушын сизлерди жиберген Яҳуда патшасына былай деп айтыңлар: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе сен еситкен сөзлер туўралы былай дейди: 27Бул жер ҳәм ондағы халыққа қарсы айтқан сөзлеримди еситкениңде, жүрегиң езилди ҳәм Маған бойсындың. Сен Маған бойсынып, кийимлериңди жыртып, Мениң алдымда жылағанлықтан, Мен де сени еситтим. Бул Жаратқан Ийениң сөзлери. 28Сонлықтан Мен сени ата-бабаларыңа қосаман, тынышлық пенен қәбирге қойыласаң. Мен бул жерге ҳәм бул жерде жасайтуғынларға жаўдыратуғын ҳеш бир апатшылықты сениң көзиң көрмейди».

Олар бул хабарды патшаға жеткизди.
29Сонда патша адам жиберип, Яҳуда ҳәм Ерусалимниң барлық ақсақалларын жыйнады. 30Ол Яҳуда халқын, Ерусалим турғынларын, руўханийлерди, лебийлилерди ҳәм үлкенинен кишкенесине дейинги пүткил халықты ертип, Жаратқан Ийениң Үйине барды. Кейин патша оларға Жаратқан Ийениң Үйинен табылған Келисим китабын басынан аяғына дейин даўыслап оқып берди. 31Патша өзиниң арнаўлы орнында турып, Жаратқан Ийениң алдында келисим дүзди. Ол Жаратқан Ийениң жолы менен жүрип, Оның буйрықларын, қарарларын, қағыйдаларын шын жүректен, жан-тәни менен орынлаўға, усы китапта жазылған келисим сөзлерине әмел қылыўға ант ишти. 32Ол Ерусалимде ҳәм Бенямин жеринде жасайтуғын адамларға усы антты тастыйықлаўды буйырды. Ерусалим турғынлары Қудайдың, ата-бабаларының Қудайының келисимине садық қалды.

33Иошия Израилға қараслы барлық аймақлардағы жеркенишли бутларды алып таслап, Израилда жасайтуғынлардың ҳәммесине өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийеге сыйыныўды буйырды. Иошияның көзиниң тирисинде халық ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийениң жолынан таймады.
Copyright information for KaaIBT22C