‏ 2 Chronicles 35

Иошияның Қутқарылыў байрамын өткериўи

1Иошия Ерусалимде Жаратқан Ийениң ҳүрметине Қутқарылыў байрамын нышанлады. Биринши айдың он төртинши күни қурбанлық шалынды. 2Иошия руўханийлерди өз хызметлерине қойып, Жаратқан Ийениң Үйиндеги хызметин орынлаў ушын, оларды жигерлендирди. 3Ол пүткил Израил халқына тәлим берип келген, Жаратқан Ийеге бағышланған лебийлилерге былай деди:

– Мухаддес сандықты Израил патшасы Даўыттың улы Сулайман қурдырған Үйге қойыңлар. Оны буннан былай ийинлериңизде көтерип жүриўдиң ҳәжети жоқ. Енди Қудайыңыз Жаратқан Ийеге ҳәм Оның халқы Израилға хызмет етиңлер!
4Израил патшасы Даўыттың ҳәм оның улы Сулайманның көрсетпелерине муўапық, әўладыңыз ҳәм топарларыңыз бойынша хызметке таярланыңлар. 5Мухаддес орында туўысқанларыңыз болған халықтың ҳәр бир әўладына лебийлилердиң бир тобы хызмет етиўге таяр турсын. 6Қурбанлық сойып, өзлериңизди пәклеңлер ҳәм Жаратқан Ийениң Муўса арқалы буйырғанындай, оларды туўысқанларыңыз ушын тайынлаңлар.

7Иошия сол жердеги халыққа Қутқарылыў қурбанлығы ушын, майда малдан отыз мың бас тоқлы ҳәм ылақ, ири малдан үш мың бас буға сыйлады. Булардың ҳәммеси патшаның жеке мүлкинен берилген еди. 8Патшаның ўәзирлери де ықтыярлы түрде халыққа, руўханийлерге ҳәм лебийлилерге қурбанлықлар сыйлады. Қудайдың Үйиниң басқарыўшылары Хилкия, Зехария ҳәм Ехиел де байрамға арнап, руўханийлерге Қутқарылыў қурбанлығы ушын еки мың алты жүз майда мал ҳәм үш жүз ири мал берди. 9Сондай-ақ, Кенания ҳәм оның туўысқанлары Шемая менен Нетанел, және де лебийлилердиң көсемлери Хашабия, Еиел ҳәм Иозабад байрамда Қутқарылыў қурбанлығына шалыў ушын лебийлилерге бес мың бас майда мал ҳәм бес жүз бас ири мал берди.

10Хызмет ушын ҳәммеси таяр болғанда, патша буйырғанындай, руўханийлер өз орынларында, ал лебийлилер өз топарлары менен таяр турды. 11Қурбанлықлар сойылып, руўханийлер өзлерине берилген қанды қурбанлық орынға септи. Лебийлилер малларды териден айырды. 12Олар Муўсаның китабында жазылғанларға муўапық, Жаратқан Ийеге усыныўы ушын, қурбанлыққа жандырылатуғын малларды халықтың ҳәр бир әўладына бөлип берди. Ири малларды да солай иследи. 13Қағыйда бойынша, Қутқарылыў байрамының қурбанлығын отта қуўырды, мухаддес қурбанлықларды ҳәр түрли қазанларда асып, пүткил халыққа асығыс үлестирди. 14Кейин лебийлилер өзлери ҳәм руўханийлер ушын аўқат таярлады. Себеби Харонның урпақларынан болған руўханийлер қас қарайғанша жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм малдың майын өртеў менен бәнт еди. Сонлықтан лебийлилер өзлери ҳәм Харонның урпақларынан болған руўханийлер ушын аўқатты кейин таярлады.

15Асаф урпағынан болған қосықшылар Даўыт, Асаф, Ҳеман ҳәм патшаның ўәлийи Едутунның буйрығы бойынша белгиленген орынларында турды. Дәрўазалардағы дәрўаза қараўылларына өз орынларын таслап кетиўдиң ҳәжети болмады, себеби олардың туўысқанлары болған лебийлилер олар ушын ҳәммесин таяр қылды. 16Солай етип, сол күни патша Иошияның буйрығына муўапық, Қутқарылыў байрамын өткериў ҳәм Жаратқан Ийениң қурбанлық орнында жандырылатуғын қурбанлықлар бериўге байланыслы Жаратқан Ийеге арналған ҳәмме хызметлер орынланды. 17Сол күни сол жерде болған барлық израиллылар Қутқарылыў байрамын нышанлады ҳәм оған қоса, жети күн бойы Ашытқысыз нан байрамын байрамлады. 18Пайғамбар Самуелдиң күнлеринен бери, Израилда Қутқарылыў байрамы бундай етип нышанланбаған еди. Израил патшаларының ҳеш бири де Иошияның нышанлағаны сыяқлы, руўханийлер, лебийлилер, пүткил Яҳуда халқы, сол жердеги израиллылар ҳәм Ерусалим турғынлары менен бирге Қутқарылыў байрамын байрамламаған еди. 19Усы Қутқарылыў байрамы Иошияның патшалығының он сегизинши жылында болып өтти.

Иошияның өлими

20Бул ўақыялардан соң, Иошия Қудайдың Үйин тәртипке келтирип болғанда, Мысыр патшасы Нехо урысыў ушын Евфрат дәрьясы бойындағы Каркемиш қаласына келди. Патша Иошия да Нехоға қарсы жүрис қылды. 21Бирақ Нехо Иошияға елшилери арқалы мына хабарды жиберди: «Ҳәй, Яҳуда патшасы! Мениң менен не жумысың бар? Бүгин саған қарсы емес, ал өзим менен урысатуғын патшалыққа қарсы урысқа шықтым. Қудай маған асығыўды буйырды, Ол мен тәрепте. Сонлықтан Оған қарсы шықпа, болмаса набыт боласаң».

22Бирақ Иошия Нехо менен урысыўдан ўаз кешпей, кийимлерин өзгертти. Қудайдың Нехо арқалы айтқан сөзлерине де қулақ салмай, Мегиддо ойпатлығында Нехо менен урысқа киристи. 23Сол жерде садақшылардың оғы патша Иошияға тийип, ол хызметшилерине:

– Мени алып кетиңлер, мен аўыр жарақатландым, – деди.

24Хызметшилери Иошияны арбасынан алды да, басқа арбаға мингизип, Ерусалимге алып келди ҳәм ол сол жерде қайтыс болды. Оны ата-бабаларының қәбирине жерледи. Пүткил Яҳуда ҳәм Ерусалим халқы ол ушын жоқлаў айтып жылады. 25Еремия пайғамбар Иошияға арнап жоқлаў жырын шығарды. Усы күнге дейин қосықшылар Иошияны жоқлаў жырлары арқалы еске алады. Бул жоқлаўлар Израилда дәстүрге айланып, олар Жоқлаўлар китабына киргизилген.

26Иошияның басқа ислери, Жаратқан Ийениң Нызамында жазылғанларға сай алып барған ийгиликли ислери, 27ҳәмме ўақыялар басынан аяғына шекем Израил ҳәм Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
Copyright information for KaaIBT22C