‏ 2 Chronicles 36

Яҳуда патшасы Еҳоахаз

1Яҳуда халқы әкеси Иошияның орнына улы Еҳоахазды Ерусалимде патша етип қойды. 2Еҳоахаз жигирма үш жасында патша болып, Ерусалимде үш ай патшалық етти. 3Мысыр патшасы Нехо оны Ерусалимде тахттан түсирип, Яҳуда елине жүз талант гүмис ҳәм бир талант алтын салық салды. 4Мысыр патшасы Нехо Яҳуда ҳәм Ерусалим тахтына Еҳоахаздың әжағасы Элякимди отырғызды ҳәм атын өзгертип, Еҳояким деп қойды. Ал Еҳоахазды болса, Мысырға алып кетти.

Яҳуда патшасы Еҳояким

5Еҳояким жигирма бес жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. Ол Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. 6Бабилония патшасы Набуходоносор Еҳоякимге ҳүжим жасады ҳәм оны қола кисенлер менен кисенлеп, Бабилонға алып кетти. 7Ол Жаратқан Ийениң Үйиндеги бир қанша буйымларды алып кетип, Бабилондағы өзиниң бутханасына қойды.

8Еҳоякимниң басқа ислери, ол ислеген жеркенишли ислер ҳәм оның басына түскен барлық ислер ҳаққында Израил ҳәм Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. Оның орнына улы Еҳоякин патша болды.

Яҳуда патшасы Еҳоякин

9Еҳоякин сегиз
сегиз – Бир еврейше қолжазбада, әййемги сурия тилиндеги аўдармада ҳәм грекше аўдарманың базы қолжазбаларында «он сегиз». 4Пат 24:8 қараң.
жасында патша болып, Ерусалимде үш ай он күн патшалық етти. Ол да Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи.
10Ерте бәҳәрде патша Набуходоносор адам жиберип, оны Бабилонға алдыртты. Келгенлер оның менен бирге Жаратқан Ийениң Үйиндеги қымбатбаҳа буйымларды да алып кетти. Еҳоякинниң орнына Еҳоякинниң әкесиниң иниси Седекияны Яҳуда ҳәм Ерусалимге патша етип қойды.

Яҳуда патшасы Седекия

11Седекия жигирма бир жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. 12Седекия да Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Жаратқан Ийениң сөзин хабарлаған Еремия пайғамбар алдында бойсыныўшылық билдирмеди.

Ерусалимниң қулаўы

13Седекия Қудай ҳақы өзине ант иштирген патша Набуходоносорға қарсы бас көтерди. Ол қайсарлық пенен қасарысып, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге жүз бурмады. 14Буның үстине, руўханийлердиң ҳәм халықтың барлық басшылары да барған сайын басқа халықлардың жеркенишли ислерине еликлеп, опасызлық қылды ҳәм Жаратқан Ийе мухаддес қылған Ерусалимдеги Үйин де ҳарамлады.

15Ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийе Өз халқы ҳәм Өз мәканына жаны ашып, Өз хабаршылары арқалы оларға қайта-қайта ескертти. 16Бирақ олар Қудайдың хабаршыларын мазақ қылып, Оның сөзлерин писент етпеди ҳәм Оның пайғамбарларының үстинен күлди. Ақырында, Жаратқан Ийениң Өз халқына ғәзепленгени соншелли, енди қутқарылыўдың шарасы жоқ еди. 17Қудай калдейлердиң патшасын оларға қарсы атландырды. Калдейлердиң патшасы олардың жасларын Мухаддес мәканда қылыштан өткерди, жасты да, қыз баланы да, ғаррыны да, ақ шашлыны да аямады. Жаратқан Ийе олардың ҳәммесин Набуходоносордың қолына берди. 18Ол Қудайдың Үйиндеги үлкен-киши буйымлардың ҳәммесин, Жаратқан Ийениң Үйиниң қазналарын, патшаның ҳәм оның ўәзирлериниң қазналарын Бабилонға алып кетти. 19Ол Қудайдың Үйине от қойды, Ерусалимниң дийўалын қулатты, ондағы барлық әҳмийетли имаратларды жағып жиберип, ондағы қымбатбаҳа нәрселердиң ҳәммесин жоқ қылды. 20Ал қылыштан аман қалғанларды болса, Бабилонға сүргин қылды. Олар Персия патшалығы күшейгенге шекем, Бабилония патшасының ҳәм оның улларының қуллары болды. 21Солай етип, Жаратқан Ийениң Еремия пайғамбар арқалы айтқан мына сөзлери орынланды: «Жер жетпис жыл бос қалып, Шаббат дем алысларын өтемегенше дем алады».

Кирдиң сүргинде болғанлардың қайтыўына рухсат бериўи

22Персия патшасы Кирдиң патшалығының биринши жылында Жаратқан Ийе Өзиниң Еремия пайғамбар арқалы айтқан сөзин әмелге асырыў ушын, Персия патшасы Кирдиң жүрегине түртки салды. Сонда патша Кир мынадай пәрман шығарып, оны пүткил патшалығы бойлап жәриялаўды ҳәм жазба түрде таратыўды буйырды: 23«Персия патшасы Кир былай дейди: „Аспанның Қудайы Жаратқан Ийе жер жүзиндеги барлық патшалықларды маған берди ҳәм Яҳуданың Ерусалим қаласына Өзи ушын бир Үй қурыўды маған тапсырды. Араңыздағы Оның халқынан болған ҳәр бир адам Ерусалимге барсын. Қудайы Жаратқан Ийе оған яр болсын!“»
Copyright information for KaaIBT22C