2 Chronicles 4
Ибадатханаға тийисли затларды ислеў
1Сулайман қоладан қурбанлық орын да ислетти. Оның узынлығы жигирма шығанақ, ени жигирма шығанақ, бийиклиги он шығанақ еди. 2Кейин қоланы еритип, үлкен ҳәўиз қуйдырды. Оның бир ернегинен екинши ернегине шекемги аралығы он шығанақ, бийиклиги бес шығанақ, айлана узынлығы отыз шығанақ еди. 3Ҳәўиз қуйылған ўақытта, оның ернегиниң астына еки қатар етип буғалардың көринислери қосып қуйылған болып, олар ҳәр бир шығанаққа он-оннан туўры келетуғын еди. 4Ҳәўиз он еки қуйма буғаның үстине орнатылған болып, олардың үшеўи арқаға, үшеўи батысқа, үшеўи қублаға, үшеўи шығысқа қарап турған еди. Буғалардың артқы жағы ҳәўиздиң астында, иште еди. 5Ҳәўиздиң қалыңлығы төрт ели болып, ернеги кесениң ернегине, ашылып турған лала гүлге уқсайтуғын еди. Оған үш мың бат суў сыятуғын еди. 6Сулайман он ләген ислетип, оның бесеўин қубла тәрепке, бесеўин арқа тәрепке қойды. Буларда жандырылатуғын қурбанлықлар жуўылатуғын еди. Ал ҳәўизде руўханийлер жуўынатуғын еди. 7Сулайман берилген көрсетпелер бойынша он алтын шыра қойғыш ислетип, олардың бесеўин Ибадатхананың ишине оң тәрепке, бесеўин шеп тәрепке қойды. 8Кейин ол он стол соқтырып, оның бесеўин Ибадатхананың ишине оң тәрепке, бесеўин шеп тәрепке қойды. Және алтыннан жүз дана қан себетуғын табақ та ислетти. 9Ол руўханийлер ушын ҳәўли ҳәм үлкен ҳәўли қурдырып, ҳәўлилер ушын қапылар ислетти ҳәм қапыларды қола менен қаплатты. 10Ҳәўизди Ибадатхананың қубла-шығыс тәрепине қойдырды. 11Буннан кейин Хурам күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер ҳәм қан себетуғын табақлар соқты. Солай етип, Хурам патша Сулайманның тапсырмасы бойынша Қудайдың Үйи ушын ислеп атырған мына ислерин тамамлады: 12еки өре, өрелердиң төбесине қойылатуғын еки төбелик, өрелердиң төбелигин орап турған еки тор, 13өрениң төбелигин жаўып турыў ушын арналған ҳәр бир тордағы еки қатар анар, яғный еки тордағы төрт жүз анар, 14түбелдириклер ҳәм түбелдирик үстине ләгенлер, 15ҳәўиз ҳәм ҳәўиздиң астындағы он еки буға, 16күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер, шанышқылар. Хурам-Абийдиң Жаратқан Ийениң Үйи ушын патша Сулайманға ислеп берген ҳәмме буйымлары жылтыратылған қоладан исленди. 17Патша буларды Иордан тегислигинде, Суккот пенен Середа арасындағы саз ылайлы жерлерде қуйдырды. 18Сулайман ислеткен буйымлар соншелли көп болғанлықтан, олар ушын кеткен қоланың өлшеми анықланбады. 19Сулайман Қудайдың Үйи ушын төмендеги затларды ислетти: алтыннан исленген түтетки түтетилетуғын орын, үстинде усынылған нанлар туратуғын столлар, 20қағыйдаға муўапық, төрги бөлмеге кирер аўызда жанып турыўы ушын, сап алтыннан шыра қойғышлар ҳәм олардың шыралары, 21сапалы алтыннан исленген гүллер, шыралар ҳәм пилик тазалайтуғын қысқышлар, 22сап алтыннан пилик кескишлер, қан себетуғын табақлар, лаўабы кеселер, шоқ салынатуғын ыдыслар. Ибадатхананың Ең мухаддес бөлмесиниң ҳәм үлкен бөлмениң қапылары да алтыннан исленди.
Copyright information for
KaaIBT22C