‏ 2 Chronicles 5

1Сулайман Жаратқан Ийениң Үйине тийисли болған барлық ислерди тамамлағаннан кейин, әкеси Даўыт атаған ҳәмме нәрсени: гүмис, алтын ҳәм басқа затларды әкелип, Қудайдың Үйиниң қазналарына қойды.

Келисим сандығының Жаратқан Ийениң Үйине алып келиниўи

2Патша Сулайман Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Даўыттың қаласы болған Сионнан алып келиў ушын Израилдың ақсақалларын, Израил халқының барлық урыў ҳәм әўлад басшыларын Ерусалимге шақырды. 3Ҳәмме израиллылар жетинши айдағы байрам ўақтында патшаның алдына жыйналды. 4Израил ақсақалларының ҳәммеси жыйналғанда, лебийлилер Келисим сандығын жерден көтерип алды. 5Руўханийлер менен лебийлилер Келисим сандығын, Ушырасыў шатырын ҳәм шатырдағы ҳәмме мухаддес буйымларды Ибадатханаға тасыды. 6Патша Сулайман ҳәм оның жанындағы пүткил Израил жәмийети Келисим сандығының алдында, сан-санақсыз қой ҳәм буғаларды қурбанлыққа шалды. 7Руўханийлер Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Үйдиң ең төрине, Ең мухаддес бөлмеге киргизип, керублардың қанатларының астындағы өз орнына қойды. 8Керублардың қанатлары сандықтың үсти бойлап созылып, сандықты да, оның сырықларын да жаўып турды. 9Сырықлар жүдә узын болғанлықтан, олардың ушлары төрги бөлмениң алдындағы Мухаддес бөлмеден көринип туратуғын еди. Бирақ олар сырттан көринбейтуғын еди. Олар ҳәзир де сол жерде тур. 10Сандықтың ишинде Муўсаның Хореб таўында қойған еки тас тахтасынан басқа ҳеш нәрсе жоқ еди. Мысырдан шыққанда Жаратқан Ийе бул таўда израиллылар менен келисим дүзген еди.

11Руўханийлер Мухаддес бөлмеден шықты. Ол жердеги барлық руўханийлер қайсы топарға тийисли болыўына қарамастан, тазаланыў рәсиминен өткен еди. 12Барлық лебийли сазенделер: Асаф, Ҳеман, Едутун, олардың уллары ҳәм ағайинлери ҳасыл зығырдан кийим кийип алған еди. Олар кимбал, арфа ҳәм лира
Лира – бармақ пенен шертилетуғын тарлы саз әсбабы.
шертип қурбанлық орынның шығыс жағында турған еди. Олардың жанында кәрнай шалатуғын бир жүз жигирма руўханий турды.
13Кәрнайшылар менен қосықшылар биригип, бәлент даўыс пенен Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтып, Оны тәрийипледи. Кәрнай, кимбал ҳәм басқа саз әсбапларына қосылып қосықшылар: «Жаратқан Ийе ийгиликли,
Оның садықлығы мәңги даўам етеди!» –

деп Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтты.

Сонда бир булт Жаратқан Ийениң Үйин толтырды.
14Бул булт себепли руўханийлер хызметин даўам еттире алмады. Себеби Жаратқан Ийениң салтанаты Қудайдың Үйин толтырып турған еди.
Copyright information for KaaIBT22C