2 Chronicles 6
Сулайманның сөзи
1Сонда Сулайман былай деди: – Жаратқан Ийе! Сен: «Қойыў бултлар ишинде мәкан қурыўды қәлеймен», – деп айтқан едиң. 2Мен Сен ушын салтанатлы бир Үй, мәңгиге жасайтуғын бир қоныс қурдым.Сулайманның халыққа айтқан сөзлери
3Патша бурылып, тик аяқта турған пүткил Израил жәмийетине пәтия берди. 4Соңынан патша былай деди: – Әкем Даўытқа Өз аўзы менен айтқан сөзлерин ▼ Өз қоллары менен орынлаған Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Ол былай деген еди: 5«Халқымды Мысырдан алып шыққан күннен бери Өзимниң атыма арнап бир Үй қурыўы ушын, Израил урыўларына тийисли қалалардың ҳеш бирин таңламадым. Сондай-ақ халқым Израилды басқарыў ушын да бирде бир адамды таңламадым. 6Бирақ енди Мен атыма арнап Үй қурыў ушын Ерусалимди, ал халқымды басқарыў ушын Даўытты таңлап алдым». 7Әкем Даўыттың жүрегинде Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Үй қурыў қәлеўи бар еди. 8Бирақ Жаратқан Ийе әкем Даўытқа: «Мениң атыма арнап Үй қурыўды нийет етипсең. Бул жақсы нийет. 9Деген менен, Мениң атыма арнап бул Үйди сен емес, ал сениң бел балаң қурады», – деди. 10Жаратқан Ийе берген сөзин орынлады. Жаратқан Ийениң айтқанындай, әкем Даўыттан соң Израил тахтына мен отырдым ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Үй қурдым. 11Сондай-ақ, ишинде Жаратқан Ийениң Израил халқы менен дүзген келисими турған сандықты усы Үйдиң ишине қойдым.Сулайманның дуўасы
12Сулайман Жаратқан Ийеге арналған қурбанлық орынның алдында, пүткил Израил жәмийетиниң қарсысында турып, қолларын жайып дуўа етти. 13Қоладан узынлығы да, ени де бес шығанақ, бийиклиги үш шығанақ болған бир сыпа ислетип, оны ҳәўлиниң ортасына қойдырған болып, Сулайман сол сыпаға минип турған еди. Ол пүткил Израил жәмийети алдында дизерлеп отырып, қолларын көклерге жайып, 14былай деди: – Жаратқан Ийе, Израилдың Қудайы! Көкте де, жерде де Саған тең келетуғын қудай жоқ. Сен Өзиңе шын жүректен бойсынып жүрген қулларың менен дүзген келисимиңе садық қалып, оларға мийримиңди көрсетесең. 15Сен Өз қулыңа, әкем Даўытқа Өз аўзың менен айтқан сөзлериңди бүгин Өз қолларың менен иске асырдың. 16Жаратқан Ийе, Израилдың Қудайы! Енди әкем Даўытқа берген мына сөзиңниң де орынланыўын қәлеймен. Сен оған: «Егер урпақларың да саған уқсап, Мениң Нызамларыма әмел қылып, жолларынан адаспай жүрсе, сениң урпағыңнан Израил тахтында отыратуғын ер адамның изи үзилмейди», – деген едиң. 17Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе, енди Өз қулың Даўытқа берген сөзиңди орынлай гөр! 18Ырасында да, Қудай жер бетинде адамлар арасында жасар ма еди? Сен көклерге, көклердиң көклерине де сыймайсаң. Оның алдында мен қурған мына Үй не болыпты?! 19Солай болса да, Қудайым Жаратқан Ийе, қулыңның дуўаларын ҳәм өтинишлерин еситип, оның жалбарыныўларына ҳәм дуўасына қулақ сал. 20Көзлериң күни-түни: «Мениң атым сол жерде болады», – деп Өзиң айтқан Үйде болсын ҳәм қулыңның сол жерге қарап еткен дуўасын есит. 21Усы жерге қарап дуўа еткенинде, қулыңның ҳәм халқың Израилдың жалбарыныўларын есите гөр. Көклердеги Өз мәканыңнан оларға қулақ тутып, оларды кешире гөр. 22Егер биреў өз жақынына қарсы гүна ислеўде айыпланса ҳәм оннан ант ишиў талап етилсе, ол келип, усы Үйдеги Сениң қурбанлық орның алдында ант ишсе, 23Сен оларға көклерден қулақ салып, қулларыңды Өзиң ҳүким ете гөр. Жазықлыны исине сай жазалап, жазықсызды әдиллигине сай ақлай гөр. 24Егер халқың Израил Сениң алдыңда гүна ислегени ушын душпанларынан жеңилсе ҳәм қайтадан Саған жүз бурып, атыңды тән алса ҳәм усы Үйде дуўа етип, Саған жалбарынса, 25онда Сен оларға көклерден қулақ салып, Өз халқың Израилдың гүналарын кешир ҳәм оларды өзлерине және ата-бабаларына Өзиң берген жерге қайтара гөр. 26Олар Саған қарсы гүна ислегени ушын аспан жабылып, жаўын жаўмағанда, олар усы жерге қарап дуўа етсе, атыңды тән алса ҳәм Сен оларды жазалағаныңда, гүналарынан жүз бурса, 27онда Сен оларға көклерден қулақ салып, қулларыңның ҳәм халқың Израилдың гүналарын кешире гөр, оларға жүриўи тийис болған туўры жолды көрсет ҳәм халқыңа мүлик етип берген жериңе жаўын жаўдыра гөр. 28Егер елде ашлық болса, иллет пайда болса, егинлер қуўраса ямаса кеселленсе, шегиртке ҳәм қурт қапласа, душпанлар келип, өз қалаларының биринде қамал қылса, қандай да бир апатшылық басына түссе ямаса иллет тарқаса, 29сонда бир адам ямаса пүткил халқың Израил дуўа етип, жалбарынса, ҳәр бир адам өзиниң басына түскен апатшылықты сезип, қайғырып, усы Үйге қарай қолларын жайса, 30Сен көклердеги Өз мәканыңнан оларға қулақ сала гөр ҳәм оларды кеширип, ислеген ислерине қарай жуўап бере гөр. Себеби адам баласының жүрегинде не барын тек Сен ғана билесең. 31Олар Өзиң ата-бабаларымызға берген бул жерде өмир бойы Сеннен қорқып жасасын ҳәм бәрқулла Сениң жолың менен жүрсин. 32Егер халқың Израилдан болмаған жат жерли адам Сениң уллы атың, қүдиретли қолың ҳәм Өз халқыңа қол созғаның ҳаққында еситип, узақ елден келсе ҳәм усы Үйге қарап дуўа етсе, 33көклердеги Өз мәканыңнан оған қулақ салып, сорағанларын бере гөр. Солай етип, дүньядағы барлық халықлар халқың Израил сыяқлы Сениң атыңды билип, Сеннен қорқсын ҳәм мен қурдырған усы Үйдиң Саған сыйынатуғын орын екенин билсин. 34Егер халқың Сен жиберген жол бойынша душпанларына қарсы саўашқа шықса ҳәм Сен таңлап алған қала менен Сениң атыңа арнап мен қурған усы Үйге қарап Саған дуўа етсе, 35көклерден олардың дуўаларына ҳәм жалбарыныўларына қулақ сала гөр ҳәм оларға жәрдем бере гөр. 36Егер олар Саған қарсы гүна ислесе, себеби гүна ислемеген бирде бир адам жоқ, Сен ғәзепленип, оларды душпанға тәслим етсең ҳәм душпан оларды тутқын етип, жақын ямаса узақ бир елге алып кетсе, 37олар да тутқын болған елде жүрип, есин жыйып алғаннан кейин тәўбеге келип: «Гүна иследик, нызамсызлық қылдық, айыпдармыз», – деп жалбарынса, 38өзлери тутқынға алынып, сүргин қылынған елинде жүрип, шын жүректен ҳәм жан-тәни менен Саған жүз бурса, өзлериниң ата-бабаларына берген жерине, Сен таңлап алған қалаға ҳәм Сениң атыңа арнап мен қурған Үйге қарап дуўа етсе, 39көклердеги Өз мәканыңнан олардың дуўа ҳәм жалбарыныўларына қулақ сала гөр ҳәм оларды қутқара гөр. Саған қарсы гүна ислеген халқыңды кешире гөр. 40Енди Қудайым, нәзериң бизлерде болсын ҳәм усы жерде айтылатуғын дуўаларымызға қулақ сала гөр! 41Қудай, Жаратқан Ийе! Көтерил енди Өзиң жасайтуғын жерге,Қүдиретиңниң белгиси болған сандығың менен бирге.
Қудай Ийе! Руўханийлериң қутқарыўға бөленсин,
Садық қулларың жақсылығыңнан қуўансын.
42Қудай Ийе! Өз майлағаныңнан ўаз кешпе,
Қулың Даўытқа көрсеткен жақсылығыңды есте сақла!
Copyright information for
KaaIBT22C