‏ 2 Chronicles 7

Қудайдың Үйиниң бағышланыўы

1Сулайман дуўа етип болыўдан-ақ, аспаннан от түсип, жандырылатуғын ҳәм басқа қурбанлықларды жалмап кетти. Жаратқан Ийениң салтанаты Үйди толтырды. 2Жаратқан Ийениң салтанатының Өз Үйин толтырғаны соншелли, руўханийлер Үйге кире алмады. 3Пүткил Израил халқы аспаннан түскен отты ҳәм Үй үстиндеги Жаратқан Ийениң салтанатын көргенде, тас төселген алаңда ет бетинен жерге жығылып, тәжим етти ҳәм: «Жаратқан Ийе ийгиликли,
Оның садықлығы мәңги даўам етеди», –

деп тәрийипледи.

4Соңынан патша ҳәм пүткил халық Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық шалды. 5Патша Сулайман жигирма еки мың бас буға ҳәм бир жүз жигирма мың бас қойды Жаратқан Ийеге арнап, қурбанлыққа шалды. Солай етип, патша ҳәм пүткил халық Қудайдың Үйин бағышлады. 6Руўханийлер өз хызмет орынларын ийеледи. Лебийлилер де Жаратқан Ийени тәрийиплеў ушын патша Даўыт соқтырған саз әсбапларын қолларына алып турды. Даўыттың өзи де: «Оның садықлығы мәңги даўам етеди», – деп тәрийиплегенде, усы әсбаплардан пайдаланған еди. Лебийлилердиң қарсысында турған руўханийлер кәрнайларын шалды, пүткил Израил халқы тик аяқта турған еди. 7Сулайман Жаратқан Ийениң Үйиниң алдындағы ҳәўлиниң ортанғы бөлегин де мухаддес қылып айырып, жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм татыўлық қурбанлықларының майларын сол жерде берди. Өйткени өзи қоладан ислеткен қурбанлық орынға жандырылатуғын қурбанлықлар менен ғәлле садақалары ҳәм де татыўлық қурбанлықларының майлары сыймай кетти. 8Сол ўақытта Сулайман ҳәм үлкен жәмийет – Лебо-Хаматтан Мысыр шегарасындағы сайға дейинги жерлерде жасайтуғын пүткил Израил халқы Қос байрамын жети күн нышанлады. 9Сегизинши күни салтанатлы жыйналыс өткерди. Олар жети күн даўамында қурбанлық орынды бағышлаў рәсиминен өткергеннен кейин, жети күн байрамды нышанлаған еди. 10Жетинши айдың жигирма үшинши күни Сулайман халықты үйлерине қайтарды. Жаратқан Ийениң Даўытқа, Сулайманға ҳәм Өз халқы Израилға ислеген жақсылықларына қуўанып, олардың жүреклери толып тасты.

Жаратқан Ийениң Сулайманға және көриниўи

11Сулайман Жаратқан Ийениң Үйин ҳәм өзиниң сарайын салып, нийетлеген исиниң ҳәммесин табыслы тамамлағаннан соң, 12түнде Жаратқан Ийе оған және көринип, былай деди:

– Мен сениң дуўаларыңды еситтим ҳәм бул жерди Өзиме қурбанлық шалынатуғын Үй қылып таңладым.
13Егер Мен жаўын жаўмасын деп аспанды жаўып тасласам, яки шегирткелерге жер бетиндегилерди жеп таслаўды буйырсам, яки халқыма иллет жиберсем, 14сонда Мениң атым менен аталатуғын халқым Маған бойсынып, дуўа етсе, Маған жүз бурып, жаман жолларынан қайтса, онда Мен аспаннан оларға қулақ саламан. Олардың гүналарын кеширип, жерлерин шыпалайман. 15Буннан былай, усы жерде қылынатуғын дуўаларға нәзеримди саламан, қулақларым түриўли болады. 16Атымның мәңгиге сол жерде болыўы ушын, усы Үйди таңлап алып, мухаддес қылдым. Мениң көзлерим ҳәм жүрегим бәрқулла сол жерде болады. 17Саған келсек, Мениң алдымда әкең Даўытқа уқсап жүрсең, барлық буйрықларымды орынлап, қағыйда ҳәм нызамларыма бойсынып жасасаң, 18онда: «Израил тахтынан сениң урпағыңның изи үзилмейди», – деп әкең Даўытқа берген сөзимде турып, патшалық тахтыңды мәңгиге туратуғын қыламан. 19Бирақ егер сизлер жолымнан тайып, берген қағыйда ҳәм буйрықларыма бойсынбай, кетип қалсаңыз ҳәм басқа қудайларға хызмет етип, оларға табынсаңыз, 20онда Мен Израилды Өзим берген жерден шығарып таслайман ҳәм Өз атым ушын мухаддес қылған мына Үйди тәрк етип, оны пүткил халықлар арасында әпсанаға айландырып, масқара қыламан. 21Сонда ҳәзир зәўлим болып турған мына Үйдиң жанынан өтип баратырған ҳәр бир адам ҳайран қалып, қорқыныш пенен: «Жаратқан Ийе бул елди ҳәм мына Үйди не ушын бул аўҳалға салды екен?» – деп сорайтуғын болады. 22Кейин олар: «Израил халқы ата-бабаларын Мысырдан алып шыққан Қудайы Жаратқан Ийени тәрк етип, басқа қудайларға жабысып алды ҳәм оларға табынып, хызмет етти. Сонлықтан Жаратқан Ийе оларды усы апатшылыққа дуўшар етти», – дейди.
Copyright information for KaaIBT22C