2 Chronicles 8
Сулайман қылған ислер
1Сулайман Жаратқан Ийениң Үйи менен өзиниң сарайын жигирма жылда питкерди. 2Соның менен бирге Сулайман өзине Тир патшасы Хирам берген қалаларды да қайта қурып, оларға израиллыларды орналастырды. 3Сулайман Хамат-Соба патшалығына жүрис қылып, оны да қолға киргизди. 4Ол шөлдеги Тадмор қаласын ҳәм Хамат елиндеги барлық телеклери бар қалаларды қурып питкерди. 5Жоқарғы ҳәм төменги Бейт-Хорон қалаларын қайта салып, дийўал менен қоршап, тәмбиленетуғын дәрўаза қурды. 6Сондай-ақ, Баалат қаласын, өзине тийисли барлық телеклери бар қалаларды, барлық саўаш арбалары ҳәм атлары сақланатуғын қалаларды қайта қурып, беккемледи. Солай етип, Сулайман Ерусалимде, Лебанон таўларында ҳәм қол астындағы ҳәмме қалаларда қәлеген нәрселерин қурды. 7Үлкеде Израил халқынан болмаған халықлар: хет, амор, периз, хиў ҳәм ебус халықлары қалып кеткен еди. 8Израил халқы оларды толық жоқ қыла алмаған еди. Сулайман бул халықлардың урпақларын мәрдикарға алды. Бул ҳәзир де даўам етпекте. 9Бирақ Сулайман Израил халқының биреўин де қара жумысқа салмады. Оларды өзине әскер, әскербасылар, арбалы әскерлердиң басшылары етип қойды. 10Сулайман патшаның халықты басқарып турған еки жүз елиў қадағалаўшысы да израиллылардан еди. 11Сулайман: «Ҳаялым Израил патшасы Даўыттың сарайында турмаўы керек. Себеби Жаратқан Ийениң Келисим сандығы турған жер – мухаддес», – деп, фараонның қызын Даўыттың қаласынан ол ушын салдырған сарайға көширди. 12Сулайман Ибадатхананың айўанының алдына қурылған қурбанлық орында Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар усынатуғын еди. 13Ол бул қурбанлықларды Муўсаның ҳәр күн ушын белгилеп берген қағыйдасына муўапық, Шаббат күнлери, Жаңа ай байрамларында, жылдың үш байрамында: Ашытқысыз нан байрамы, Ҳәптелер байрамы ҳәм Қос байрамы күнлери усынатуғын еди. 14Сулайман әкеси Даўыттың буйрығы бойынша, руўханийлерди топарлары бойынша хызметлерге қойды. Лебийлилерди болса алғыс-мақтаў айтыў ҳәм күнделикли ислерде руўханийлерге жәрдемлесиў хызметине қойды. Дәрўаза қараўылларын да топарлары бойынша дәрўазаларға бөлип қойды. Себеби Қудайдың адамы Даўыт усылай буйырған еди. 15Патшаның руўханийлерге, лебийлилерге, сондай-ақ қазнаға байланыслы берген буйрықлары булжытпай орынланды. 16Сулайман ислеўди қәлеген ислер, Жаратқан Ийениң Үйиниң негизин қойған күннен баслап, ол қурылып болынғанға дейинги ислер толық орынланды. Солай етип, Жаратқан Ийениң Үйи қурып болынды. 17Патша Сулайман Эдом жеринде, теңиз жағасында жайласқан Эсион-Гебер ҳәм Элат қалаларына барды. 18Патша Хирам Сулайманға теңизди жақсы билетуғын адамлары менен бирге кемелерин жиберди. Олар Сулайманның кемешилери менен бирге Офирге барып, ол жерден патша Сулайманға төрт жүз елиў талант алтын әкелип берди.
Copyright information for
KaaIBT22C