2 Chronicles 9
Шеба ҳаял патшасының Сулайманға келиўи
1Шеба ▼▼ Шеба – Арабияның қубла тәрепинде жайласқан ел.
ҳаял патшасы Сулайманның арттырған даңқы туўралы еситип, оны жумбақлар менен сынаў ушын, хош ийисли затлар, көп муғдарда алтын ҳәм қымбатбаҳа таслар жүкленген үлкен бир кәрўанды баслап Ерусалимге келди. Ол кеўлинде бар болған ҳәмме нәрсесин Сулайман менен бөлисти. 2Сулайман ҳаял патшаның ҳәмме сораўларына жуўап берди. Сораўларда патша түсиндире алмастай ҳеш нәрсе жоқ еди. 3Шеба ҳаял патшасы Сулайманның даналығын, ол қурдырған сарайды көрди. 4Ол және патшаның дастурханындағы тағамларын, ўәзирлериниң отырыс-турысын, хызметшилериниң хызметин ҳәм олардың кийимлерин, шарап қуйыўшыларын ҳәм олардың кийимлерин, оның Жаратқан Ийениң Үйинде берген жандырылатуғын қурбанлықларын көргенде, артық өзин услап тура алмады. 5Ол патшаға былай деди: – Сизиң ислериңиз ҳәм даналығыңыз ҳаққында өз елимде еситкенлерим ырас екен. 6Бирақ мен келип, өз көзлерим менен көрмегенше, сол сөзлерге исенбеген едим. Маған сизиң даналығыңыздың ярымын да айтпаған екен. Сиз еситкенимнен де артық екенсиз. 7Сизиң адамларыңыз ҳәм хызметшилериңиз қаншелли бахытлы! Олар бәрқулла алдыңызда турып, даналығыңызды тыңлай алады. 8Сизге кеўли толып, сизди Қудайыңыз Жаратқан Ийеге хызмет етиў ушын патша етип Өз тахтына отырғызған Қудайыңыз Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Қудайыңыз Израилды мәңгиге беккемлеў ушын, оны сүйгенлиги себепли, әдалатты ҳәм туўрылықты жүзеге асырыўыңыз ушын сизди патша етип қойды. 9Шеба ҳаял патшасы Сулайман патшаға бир жүз жигирма талант алтын, жүдә көп муғдарда хош ийисли затлар ҳәм қымбатбаҳа таслар саўға етти. Шеба ҳаял патшасының патша Сулайманға саўға еткениндей дәрежеде сапалы хош ийисли затлар ҳеш қашан алып келинген емес. 10Хирам менен Сулайманның Офирден алтын алып келген адамлары да сол жерден сапалы арша ағашларын ҳәм қымбатбаҳа таслар алып келди. 11Патша сапалы арша ағашларынан Жаратқан Ийениң Үйи ҳәм өзиниң сарайы ушын текшелер, қосықшылар ушын лира ҳәм арфа саз әсбапларын ислетти. Бүгинге дейин Яҳуда елинде бундай сапалы арша ағашын ҳеш ким ҳеш қашан көрмеген еди. 12Сулайман Шеба ҳаял патшасына өзиниң әкелгенинен де көбирек саўғалар берди. Буннан тысқары, ол ҳаял патшаға сораған ҳәм қәлеген нәрселериниң ҳәммесин берди. Кейин, ҳаял патша адамлары менен бирге өз елине қайтып кетти. Сулайман патшаның байлығы
13Ҳәр жылы Сулайманға келип туратуғын алтынның муғдары алты жүз алпыс алты талант еди. 14Буннан тысқары, усақлап сатыўшылар, саўдагерлер ҳәм Арабстанның барлық патшалары менен Израил үлкелериниң ҳәкимлери Сулайманға алтын ҳәм гүмис алып келетуғын еди. 15Патша Сулайман еки жүз үлкен қалқан ислетип, оларды алтын менен қаплатты. Ҳәр бир қалқанға алты жүз шекел алтын жумсалды. 16Және алтыннан ҳәр бири үш жүз шекел келетуғын үш жүз кишкене қалқан ислетти. Патша бул қалқанларды Лебанон тоғайы деп аталатуғын имаратқа қойды. 17Ол және пилдиң сүйегинен үлкен тахт ислетип, оны сап алтын менен қаплатты. 18Тахттың алты текшеси ҳәм тахтқа бекитилген алтын табан тирегиши бар еди. Тахттың отырғышының еки тәрепинде шығанақ қойғышы ҳәм оның жанында еки арысланның мүсини бар еди. 19Тахттың алты текшесиниң ҳәр бириниң еки тәрепинде бир-бирден он еки арысланның мүсини тур еди. Ҳеш бир патшалықта бундай нәрсе жоқ еди. 20Патша Сулайманның ишимлик ишетуғын ыдыслары алтыннан исленди. Лебанон тоғайы деп аталатуғын имараттағы ҳәмме ыдыслар да алтыннан исленген еди. Себеби Сулайманның ўақтында гүмис қәдирсиз болып қалған еди. 21Теңизде Хирамның адамларының басшылығында Сулайманның үлкен саўда кемелери бар еди. Бул кемелер үш жылда бир мәрте қайтып келетуғын ҳәм сонда алтын, гүмис, пил сүйеги, маймыллар ҳәм таўыс қусларын алып келетуғын еди. 22Патша Сулайман байлықта ҳәм даналықта дүньяның барлық патшаларынан үстин болды. 23Қудайдың Сулайманға берген даналығын тыңлаў ушын, жер бетиндеги барлық патшалар оны көриўге қуштар еди. 24Оны көриўге келгенлердиң ҳәр бири ҳәр жылы саўға ушын гүмис ҳәм алтын ыдыслар, кийимлер, қурал-жарақлар, хош ийисли затлар, ат ҳәм ғашырлар алып келип турды. 25Сулайманның атлары менен саўаш арбаларына арналған төрт мың қорасы ҳәм он еки мың аты бар еди. Олардың бир бөлегин саўаш арбалары ушын ажыратылған қалаларға, бир бөлегин өзиниң жанына, Ерусалимге жайластырды. 26Сулайман Евфрат дәрьясынан филистлердиң жерине ҳәм Мысыр шегарасына дейинги барлық патшалықлар үстинен ҳүкимдарлық етти. 27Патша Ерусалимде гүмисти әпиўайы тасларға тең қылып қойды. Ал кедр ағашы жүдә көп болғанлықтан, батыстағы таў етеклеринде өсетуғын жабайы әнжир ағашына тең болып қалды. 28Сулайманның атлары Мысырдан ҳәм басқа барлық үлкелерден алып келинетуғын еди.Сулайманның өлими
29Сулайманның басқа ислери басынан ақырына дейин, Натан пайғамбардың тарийх китабында, шилолы Ахия пайғамбардың пайғамбаршылықларында ҳәм ўәлий Иддоның Набат улы Яробам туўралы көрген аяны баян етилген жазыўларда жазылған. 30Сулайман Ерусалимде пүткил Израил үстинен қырық жыл патшалық етти. 31Кейин Сулайман өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм әкеси Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Рехабам патша болды.
Copyright information for
KaaIBT22C