2 Chronicles 24:20-22
20Сонда Қудайдың Руўхы руўханий Еҳояда улы Зехарияны бийлеп алды. Зехария халықтың алдына шығып, былай деди: – Қудай былай дейди: «Неге буйрықларыма қарсы шығып атырсызлар? Сизлер табысқа ерисе алмайсызлар. Себеби сизлер Мени тәрк еттиңлер, Мен де сизлерди тәрк еттим». 21Бирақ Зехарияға қарсы тил бириктирилип, патшаның буйрығы менен Жаратқан Ийениң Үйиниң ҳәўлисинде ол тас боран қылып өлтирилди. 22Патша Иоаш Зехарияның әкеси Еҳояда көрсеткен жақсылықларды умытып, оның улын өлтирди. Зехария жан берип атырып: – Жаратқан Ийе бул ислериңизди көрип, есесин қайтарсын! – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C