2 Corinthians 1
Сәлемнама
1Қудайдың қәлеўи менен Масийх Ийсаның елшиси болған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Тимофейден, Коринф қаласындағы Қудайдың жәмәәтине ҳәм пүткил Ахая үлкесиндеги ▼▼ Ахая үлкеси – Коринф қаласы Ахая үлкесиниң бас қаласы болды.
барлық мухаддеслерге ▼▼ Мухаддеслер – Ийсаға исениўшилер.
сәлем! 2Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масийх сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин! Қудай толық жубаныш береди
3Қудайға, яғный Ийемиз Ийса Масийхтың Әкесине алғыслар болсын! Ол бизлердиң реҳимли Әкемиз ҳәм толық жубаныш бериўши Қудай. 4Қудай бизлерге барлық қыйыншылықларымызда жубаныш береди. Солай етип, бизлер де Қудайдан алған жубаныш пенен ҳәр қыйлы қыйыншылықларда болған адамларға жубаныш бере аламыз. 5Себеби Масийх шеккен азап-ақыретлерди бизлер қаншелли көп шексек, Қудай бизлерге Масийх арқалы соншелли үлкен жубаныш береди. 6Бизлер көрип атырған қыйыншылық сизлердиң жубаныш алыўыңыз ҳәм қутқарылыўыңыз ушын болып атыр. Бизлердиң жубаныш алыўымыз да сизлердиң жубаныш алыўыңыз ушын болып атыр. Сизлер өзлериңиз алған усы жубаныш арқалы бизлер шеккен азап-ақыретлер менен бирдей болған азап-ақыретлерге шыдай аласызлар. 7Бизлердиң сизлерге байланыслы болған үмитимиз беккем. Өйткени сизлердиң тек азап-ақыретлеримизге емес, ал алған жубанышымызға да шерик екениңизди билемиз. 8Туўысқанларым, Азия үлкесинде ▼▼ Азия үлкеси – ҳәзирги Туркия елиниң қубла-батыс бөлегинде болған бир үлке.
көрген қыйыншылықларымыздан сизлердиң хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймиз. Бизлер шектен тыс аўыр қыйыншылық астында болып, тири қалыўдан да үмитимизди үзген едик. 9Ишимизден өзимизди өлимге ҳүким етилгендей сездик. Бирақ бул өзлеримизге емес, ал өлилерди тирилтетуғын Қудайға сүйениўимиз ушын болды. 10– 11Қудай бизлерди усындай үлкен өлим қәўпинен қутқарды ҳәм еле де қутқара береди. Сизлердиң дуўаларыңыздың жәрдеминде Қудай бизлерди еле де қутқара береди деп, бизлер Оннан үмит етемиз. Көп адамлардың еткен дуўаларына Қудай жуўап берип, бизлерди қутқарғанлықтан, көплер бизлер ушын Қудайға шүкирлик билдиреди. Павелдиң сапарының өзгериў себеби
12Бизлер мақтаныш тутатуғын ҳәм пәк ҳүжданымыз бенен гүўалық беретуғын нәрсемиз мынаў: бизлер дүньяға, әсиресе сизлерге адамның даналығы менен емес, ал Қудайдың мийрими менен, Қудайдан келген ҳадаллық ▼▼ ҳадаллық – Базы қолжазбаларда «мухаддеслик».
ҳәм ҳақ нийет пенен қатнас жасадық. 13– 14Бизлер сизлерге оқып түсине алатуғын нәрселерди ғана жазып атырмыз. Ҳәзир бизлерди толық түсинбесеңиз де, ўақты келгенде толық түсинетуғыныңыздан үмит етемен. Солай етип, Ийемиз Ийсаның күнинде бизлердиң мақтанышымыз сизлер болатуғыныңыз сыяқлы, сизлердиң мақтанышыңыз да бизлер боламыз. 15Усындай исеним менен сизлерди еки есе қуўанышқа бөленсин деп, сизлерге барыўды бурын нийет еткен едим. 16Македонияға баратырғанымда да, Македониядан қайтып киятырғанымда да, сизлерге барыўды нийет еткен едим. Соңынан сизлер мени Яҳудияға шығарып саларсыз деп ойлаған едим. 17Усылай нийет етип, мен жеңилтеклик қылыппан ба? Мени денесиниң қәлеўи бойынша кеўлинде «яқ» деп ойлап, аўзы менен «аўа» дейтуғын адам деп есаплайсызлар ма? 18Мен Қудайдың садықлығы ҳақы ант ишемен: бизлер еки жүзли адамлар емеспиз. Бизлер сизлерге сөйлегенимизде, «яқ» деп ойлап, «аўа» деп айтпадық. 19Бизлер тәрепимизден, яғный мен тәрепимнен, Сила ▼▼ Сила – грекше текстте бул аттың басқа варианты Силванус.
ҳәм Тимофей тәрепинен сизлерге жәрияланған Қудайдың Улы Ийса Масийх ҳәм «аўа», ҳәм «яқ» емес. Онда тек «аўа» ғана бар. 20Қудайдың барлық ўәделери Масийх арқалы «аўа» болып, толық орынланады. Сонлықтан Қудайдың даңққа бөлениўи ушын, Масийх арқалы Қудайға «аўмийин» деймиз. 21Бизлер менен сизлердиң Масийх пенен болған байланысымызды беккем қылған ҳәм бизлерди хызметке тайынлаған Қудайдың Өзи болады. 22Ол бизлерди мөрлеп тамға басты ҳәм буның дәлили сыпатында Мухаддес Руўхты жүрегимизге жайластырды. 23Мениң жүрегимде не бар екенин билетуғын Қудайдың Өзи гүўа: сизлерди аяғаным себепли, усы ўақытқа дейин Коринфке бармаған едим. 24Бизлер сизлердиң исенимиңиздиң үстинен бийлик орнатқымыз келмейди. Керисинше, сизлердиң қуўаныўыңыз ушын, бизлер сизлер менен бирликте мийнет етип атырмыз. Себеби сизлер исенимде беккем турсызлар.
Copyright information for
KaaIBT22C