2 Corinthians 10
Павелдиң өз хызметин жақлаўы
1«Бизлер менен бирге болған ўақтында жуўас, бирақ арамызда болмаған ўақтында қатал», – деп айырымларыңыз сөз қылатуғын мен, Павел, Масийхтың мүләйимлилиги ҳәм сабырлылығы менен сизлерден өтинемен: 2сизлерге барғанымда, өзимди қатал тутыўға мәжбүр қылмаңлар. Өйткени бизлерди бул дүньядағы адамлар сыяқлы денесиниң қәлеўи бойынша жасап атыр, деп санайтуғын гейбиреўлерге қарсы қатал боламан деген нийетим бар. 3Бизлер дүньяда жасап атырған болсақ та, дүньяның жолы менен урыспаймыз. 4Бизлердиң қуралларымыз дүньяға тийисли қураллар емес, ал душпанның беккем қорғанларын қыйрататуғын Қудайдың қүдиретине ийе болған қураллар. 5Сол қураллар менен сандырақ сөзлерди ҳәм Қудайды билиўге тосқынлық қылатуғын ҳәр қандай менменликти жоқ қыламыз, Масийхқа бойсынбайтуғын ҳәр бир ой-пикирди Масийхқа тутқын етип бойсындырамыз. 6Сизлер Масийхқа толық бойсынғаныңызда, Оған бойсынбаған араңыздағы ҳәр бир адамды жазалаўға таярмыз. 7Сизлер тек сыртқы көриниске қарап баҳа бересизлер. Егер ким де ким өзиниң Масийхқа тийисли екенине исенсе, онда ол бизлердиң де Масийхқа тийисли екенимизди билсин. 8Ийемиздиң бизлерге берген бийлиги менен көбирек мақтанып кетсем де, уялмайман. Бул бийлик сизлерди қулатыў ушын емес, ал тиклеў ушын берилген. 9Мен тек ғана хатларым менен сизлерди қорқытып атырғандай болып көрингим келмейди. 10Себеби гейбиреўлер: «Хатларында ол қатал ҳәм күшли, бирақ жүзбе-жүз көрискенимизде ҳәлсиз ҳәм сөзге де шебер емес», – дейди екен. 11Бирақ, бундай адамлар билип қойсын: сизлерден узақта болып, хатларымызда не десек, араңызда болғанымызда да, солай ис тутамыз. 12Өзлерин әҳмийетли етип көрсетип атырған айырым адамлар менен өзлеримизди теңлестиргимиз ямаса салыстырғымыз келмейди. Олар өзлерин өз өлшемлери менен баҳалайды ҳәм өзлерин өзлери менен ғана салыстырады. Олар қаншелли ақылсыз! 13Бирақ, бизлер ҳәдден тыс дәрежеде мақтанбаймыз. Ал, Қудайдың бизлер ушын белгилеген жер шегарасы ишиндеги мийнетимиз бенен мақтанамыз. Бизлердиң араңызда ислеген мийнетимиз де усы жер шегарасы ишинде исленди. 14Сизлер жасайтуғын жер усы жер шегарасы ишинде жайласқанлықтан, бизлер сизлерге Масийхтың Хош Хабарын биринши болып жеткизгенимизде, шегарадан тыс шығып кетпедик. 15Бизлер басқалардың мийнети менен мақтанып ҳәддимизден аспаймыз. Керисинше, исенимиңиздиң өсиўи менен араңыздағы мийнетимиздиң көлеми кеңейе бериўинен үмит етемиз. 16Солай етип, бизлер Хош Хабарды сизлерден узағырақ жерлерге жәриялай аламыз. Өйткени басқаның ислеген хызмети менен мақтаныўды қәлемеймиз. 17Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Мақтанатуғын адам Жаратқан Ийе менен мақтансын». ▼ 18Себеби өзин өзи мақтаған адам емес, ал Ийемиз мақтаған адам ҳақыйқаттан қәдирлениўге ылайықлы.
Copyright information for
KaaIBT22C