‏ 2 Corinthians 11

Павел ҳәм жалған елшилер

1Мениң бираз ақылсыз адамдай болып енди айтатуғын сөзлериме сизлердиң шыдаўыңызды қәлер едим. Аўа, мен сизлерден усыны өтиниш етемен! 2Сизлерди Қудайдың қызғанышы менен қызғанаман. Өйткени мен сизлерди бир пәк қыз сыяқлы жалғыз күйеўге, яғный Масийхқа усынып, Оған некеледим. 3Бирақ, жыланның Ҳаўа-енени ҳийлекерлик пенен алдағанындай , сизлердиң ақыл-ойларыңыздың да бузылып, Масийхқа деген ҳақыйқый ҳәм пәк садықлықтан аўып кетиўинен қорқаман. 4Себеби биреў келип, бизлер жәриялаған Ийсаны басқаша қылып жәриялағанда, сизлер исенесизлер. Және де, өзлериңиз алған Мухаддес Руўхтан басқа бир руўхты ҳәм өзлериңиз қабыл еткен Хош Хабардан басқа бир «хош хабарды» аңсат қабыл етесизлер. 5Сизлер «мәртебели елшилер» деп атайтуғын сол адамлардан мен өзимди ҳеш бир нәрседе кем санамайман! 6Мен сөзге шебер болмасам да, билимим жеткиликли. Буны сизлерге ҳәр қандай жағдайда ҳәм ҳәр тәреплеме ашық көрсеттик.

7Сизлердиң мәртебели болыўыңыз ушын, мен өзимди пәс қойып, Қудайдың Хош Хабарын сизлерге ешейин жәрияладым. Мениң усылай ислегеним гүна ма? 8Сизлерге хызмет етиў ушын, мен басқа исениўши жәмәәтлерден ақшалай жәрдем алып, оларды тонағандай болдым. 9Араңызда болған ўақтымда мүтәжлигим болса да, ҳеш бириңизге аўырманлық салмадым. Өйткени Македониядан келген туўысқанларымыз мүтәжликлеримниң орнын толтырды. Мен сизлерге ҳеш бир нәрседе аўырманлық салмаўға тырыстым ҳәм буннан былай да тырыса беремен. 10Өзимдеги Масийхтың ҳақыйқаты менен билдиремен: Ахая үлкесиндеги ҳеш бир адам мениң усы мақтаныўымды тоқтата алмайды. 11Мен не себептен усылай ислеп атырман? Сизлерди сүймегеним себепли ме? Мениң сизлерди сүйетуғынымды Қудай биледи.

12Өзлерин бизлерге теңлестирмекши болып мақтанып атырған сол адамларға жол бермеў ушын, мен сизлерге аўырманлық салмадым ҳәм солай ислеўди даўам ете беремен. 13Себеби жалған елшилер ҳәм өтирик жумысшылар болған бундай адамлар өзлерин Масийхтың елшилери қылып көрсетеди. 14Бирақ, бул таң қаларлық нәрсе емес. Шайтан да өзин нур периштеси қылып көрсетеди-ғо. 15Сонлықтан оның хызметшилериниң өзлерин ҳақыйқаттың хызметшилери қылып көрсетиўи де таң қаларлық нәрсе емес. Қудай ақырында бундай адамларға ислеген ислерине қарай ылайықлы жаза береди.

Павелдиң елши сыпатында көрген қыйыншылықлары

16Мен және тәкирарлап айтаман: ҳеш ким мени ақылсыз деп санамасын. Егер сизлер ақылсыз деп санасаңыз, мени ҳеш болмаса ақылсыз адам сыпатында қабыл етиңлер, сонда мен де аз-маз мақтанайын. 17Сөйлеп атырған сөзлеримди Ийемиздиң басқарыўында айтып атырған жоқпан, ал өзине исенетуғын ақылсыз мақтаншақтай болып айтып атырман. 18Көплер өзлери менен дүньяның көз қарасы бойынша мақтанғанлықтан, мен де мақтанажақпан. 19Сизлер өзлериңизди сондай ақыллымыз деп санап турып, ақылсызларға жан-жан деп шыдайсызлар! 20Биреў сизлерди қул қылса да, ҳақыңызды жесе де, таласа да, өзин сизлерден жоқары тутып, үстемлик етсе де ямаса бетиңизге шапалақ пенен урса да шыдайсызлар. 21Бирақ, сизлердиң ойыңыз бойынша ҳәлсиз болып есапланған бизлер бундай ислерди ислеўге уяламыз!

Деген менен, биреўдиң не менен болса да мақтаныўға батылы жетсе, мениң де мақтаныўға батылым жетеди. Мен буны ақылсыз адам сыяқлы айтып атырман.
22Сол жалған елшилер евреймиз дей ме? Мен де евреймен. Олар израиллылармыз дей ме? Мен де израиллыман. Олар Ибрайымның урпағымыз дей ме? Мен де Ибрайымның урпағыман. 23Олар Масийхтың хызметкерлеримиз дей ме? Ақылдан азған адам сыяқлы айтып атырман: мен Масийхқа олардан гөре көбирек хызмет еттим. Мен оларға қарағанда көбирек мийнет еттим, көп мәртебе қамақта болдым, сансыз рет таяқ жедим ҳәм талай мәртебе өлим менен жүзбе-жүз ушырастым. 24Яҳудийлерден бир кем қырықтан, бес рет қамшы жедим. 25Үш мәртебе таяқ жедим. Бир мәртебе тас боран қылды . Үш мәртебе кемеде апатқа ушырап, бир күн, бир түн теңизде ығып жүрдим. 26Көп мәртебе сапарға шыққанымда, қәўип астында болдым: дәрьялардың тасыўы себепли, қарақшылар себепли, өз миллетимниң адамлары себепли ҳәм басқа миллет адамлары себепли, және қалада, шөлде, теңизде ҳәм жалған туўысқанлар себепли қәўип-қәтерге ушырадым. 27Аўыр мийнет етип, қыйыншылық көрдим. Көп түнлерди уйқысыз өткиздим, ашлық ҳәм шөлди басымнан кеширдим. Талай мәртебе аўқатсыз қалып, суўықта кийимсиз болдым. 28Булардың ҳәммесинен тысқары, күн сайын барлық исениўши жәмәәтлердиң ғам-тәшиўишлери еңсемди басып, мени ойландырады. 29Қайсы дәрмансызлар менен, мен бирге дәрмансызланбадым? Қайсы азғырылған адам ушын, мен күйип-жанбадым?

30Сизлер мени мақтаныўға мәжбүр еткениңиз себепли, мен ҳәлсизлигимди көрсеткен нәрселер менен мақтанаман. 31Ийемиз Ийсаның Әкеси, мәңгиге алғысларға ылайық Қудай биледи: мен өтирик сөйлеп атырған жоқпан. 32Мен Дамаск қаласында болғанымда, Аретас патшаның қол астындағы бир ҳәким қала дәрўазасын қараўыллатып, мени қолға алмақшы болды. 33Бирақ, исениўши туўысқанларымыз мени себетке салып, қала дийўалындағы терезеден түсирип жиберди ҳәм мен усылай етип оның қолынан қашып қутылдым .
Copyright information for KaaIBT22C