2 Corinthians 12
Қудайдың Павелге көрсеткен көринислери ҳәм аянлары
1Мақтаныўдың ҳеш қандай пайдасы жоқ болса да, енди мен Ийемиз көрсеткен көринислер ҳәм аянлар ҳаққында айтпақшыман. 2Мен Масийхқа исенетуғын бир адамды таныйман. Ол буннан он төрт жыл бурын үшинши аспанға көтерилип әкетилген еди. Ол сол ўақытта денеде болды ма ямаса денеден шығып руўхта болды ма, мен буны билмеймен, Қудай биледи. 3– 4Бул адам ҳаққында мынаны билемен: ол жәннетке алып кетилди. Ол сол жерде айтып жеткизиў мүмкин болмаған ҳәм адам баласына айтыўға рухсат етилмеген сөзлерди еситти. Бирақ, ол денеде болды ма ямаса денеден шығып, руўхта болды ма билмеймен, буны Қудай биледи. 5Мен усындай адам менен мақтанаман. Бирақ, өзиме келсем, тек өзимдеги ҳәлсизликтен басқа ҳеш нәрсем менен мақтанбайман. 6Мақтаныўды қәлеген жағдайымда да мен ақылсыз болмайман. Өйткени мен ҳақыйқатты айтып атырман. Бирақ, ҳеш ким мен туўралы ҳәдден тыс жоқары пикирге ийе болмай, мени тек меннен еситкенлери ямаса көргенлери бойынша баҳалаўы ушын, мен өзимди мақтаныўдан тыйып атырман. 7Қудайдың маған берген әжайып аянлары себепли өзимди жоқары тутпаўым ушын, Ол денеме бир тикен, яғный мени қыйнайтуғын шайтанның бир периштесин берип, мени менменликтен сақлап киятыр. 8Буны меннен алып таслаўды сорап, Ийемизге үш мәртебе жалбарынған едим. 9Бирақ, Ийемиз маған: «Саған берген мийримим жетерли. Себеби Мениң қүдиретим ҳәлсизлик арқалы толық көрсетиледи», – деди. Сонлықтан Масийхтың қүдирети менде болсын деп, мен ҳәлсизликлериме еле де көбирек қуўанып, олар менен мақтана беремен. 10Сол себептен Масийх ушын ҳәлсизликлерге, масқараланыўға, мүтәжликлерге, қуўдаланыўға ҳәм қыйыншылықларға ушырағанымда, мен қуўанышлыман. Өйткени мен қашан ҳәлсиз болсам, сонда күшлимен.Павелдиң Коринфтеги исениўшилер жәмәәтине деген ғамхорлығы
11Мен мақтанып, ақылсыз адам болып көриндим. Бирақ мени буған сизлер мәжбүр еттиңиз. Негизинде мени сизлер мақтаўыңыз керек еди. Себеби мен ҳеш ким болмасам да, сизлер «мәртебели елшилер» деп атайтуғын сол адамлардан ҳеш қандай кемшилигим жоқ. 12Мениң Қудайдың ҳақыйқый елшиси екенимди дәлиллейтуғын көп белгилер, таң қаларлық ислер ҳәм кәраматлар сизлердиң араңызда күшли сабырлылық пенен көрсетилди. 13Сизлерден ақшалай жәрдем сорап, өз аўырманлығымды салмағаным себепли, басқа исениўши жәмәәтлерден сизлерди кем көргендей болдым ба? Егер мени қәте иследи деп ойласаңыз, мени кешириң! 14Минекей, мен сизлерге үшинши мәртебе барыўға таярман. Бирақ, мен сизлерге аўырманлық салмайман. Маған сизлердиң мал-мүлкиңиз емес, ал сизлердиң өзлериңиз керексиз. Өйткени балалар ата-анасы ушын емес, ал ата-ана балалары ушын мал-мүлик жыйнаўы тийис. 15Сол сыяқлы мен де сизлер ушын өзимде бар ҳәмме нәрсени, ҳәтте, өз жанымды да бериўге қуўанышлы түрде таярман. Мен сизлерди соншелли сүйсем де, сизлердиң мени азырақ сүйиўиңиз дурыс болмайды. 16Мениң сизлерге аўырманлық салмағанымды сизлер де тастыйықлайсызлар. Бирақ, гейбир адамлардың айтыўы бойынша, мен ҳийлекер адам болғаным себепли, сизлерди алдаў жолы менен қолға киргизген қусайман. 17Деген менен, өзим сизлерге жиберген адамлардың бири арқалы болса да, сизлердиң есабыңыздан пайдаландым ба? 18Мен Титустан сизлерге барыўды өтинип, оның менен бирге басқа бир туўысқанымызды да жиберген едим. Титус сизлердиң есабыңыздан пайдаланған ба еди? Әлбетте, яқ. Себеби бизлер бир руўх пенен ис-ҳәрекет етип, бир жол менен жүремиз. 19Бизлерди усы ўақытқа дейин алдыңызда ақланып киятыр деп ойлап атырсыз ба? Яқ, олай емес. Бизлер Масийхқа тийисли адамлар сыпатында Қудай алдында сөйлеп турмыз. Сүйикли туўысқанларым, бизлер не ислейтуғын болсақ та, ҳәр бир нәрсени сизлердиң руўхый беккемлениўиңиз ушын ислеймиз. 20Өйткени мен сизлерге барған ўақтымда, сизлерди өзим қәлемеген аўҳалда көремен бе ҳәм сизлер де мени өзлериңиз күтпеген аўҳалда көресиз бе деген қәўетердемен. Сизлерге барғанымда, араңызда жәнжел, күншиллик, ғәзеп, даў, жала, өсек, менменлик ҳәм тәртипсизлик бар екенин көриўден қорқаман. 21Тағы да, сизлерге және барғанымда, Қудайдың мени сизлер себепли уялтыўынан, бурын гүна ислеп, өзлериниң ҳарамылығы, бузықшылығы ҳәм жүўенсизлиги ушын тәўбе етпеген көп адамлар ушын көз жасымды төгиўден қорқаман.
Copyright information for
KaaIBT22C