2 Corinthians 13
Соңғы ескертиў ҳәм сәлемлер
1Мен сизлерге үшинши мәртебе баражақпан. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ҳәр бир ис еки ямаса үш адамның гүўалығы тийкарында қаралады». ▼ 2Буннан алдын араңызда екинши мәртебе болғанымда ескерткен едим. Енди ҳәзир сизлерден узақта болғанымда да тәкирарлап ескертип атырман: мен сизлерге және барғанымда, бурын гүна ислегенлердиң де, басқа ҳәмме адамлардың да ҳеш бирин аямайман! 3Себеби сизлер Масийхтың мен арқалы сөйлейтуғынына дәлил излейсизлер. Масийх сизлерге деген ис-ҳәрекетинде ҳәлсиз емес, Ол сизлердиң араңызда Өз қүдиретин көрсетеди. 4Ол ҳәлсиз болып атанақ ағашқа шегеленсе де, ҳәзир Қудайдың қүдирети менен жасап атыр. Масийх пенен қатнаста болған бизлер де ҳәлсиз болсақ та, Оның менен бирге Қудайдың қүдирети арқалы сизлердиң пайдаңыз ушын жасаймыз. 5Исенимде турған я турмағаныңызды билиўиңиз ушын, өзлериңизди өзлериңиз сынап көриңлер. Ийса Масийхтың ишиңизде екенлигин билмейсизлер ме? Егер билмесеңиз, сынаўдан өте алмай жығылған болар едиңиз. 6Бизлердиң сынаўдан өткенимизди билетуғыныңыздан мен үмит етемен. 7Ҳеш қандай жаманлық ислемеўиңизди сорап, бизлер Қудайға дуўа етемиз. Бундағы мақсетимиз өзлеримиздиң сынаўдан өткенимизди көрсетиў емес, ал бизлер сынаўдан өтпеген болып көринсек те, сизлердиң жақсылық ислеўиңизден ибарат. 8Өйткени бизлер ҳақыйқатқа қарсы ҳеш нәрсе ислей алмаймыз, ал тек ҳақыйқат ушын ҳәрекет етемиз. 9Бизлер ҳәлсиз, ал сизлер күшли болсаңыз, бизлер қуўанамыз. Бизлер сизлердиң туўрыланып, жетилисип барыўыңыз ушын да дуўа етемиз. 10Сонлықтан сизлерге келген ўақтымда Ийемиздиң маған берген бийлиги менен қатал ис тутыўға мәжбүр болмаўым ушын, бул нәрселерди араңызда болмаған ўақтымда жазып атырман. Мен бул бийликти сизлерди қулатыў ушын емес, ал тиклеў ушын алғанман. 11Қулласы, туўысқанларым, хош болыңлар. Жетилисип барыңлар, мениң айтқанларыма қулақ асыңлар, бир ой-пикирли болыңлар ҳәм татыўлықта жасаңлар. Сүйиспеншилик ҳәм тынышлық тийкары болған Қудай сизлер менен бирге болады. 12Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип сәлемлесиңлер. Барлық мухаддеслер сизлерге сәлем айтып атыр. 13Ийемиз Ийса Масийхтың мийрими, Қудайдың сүйиспеншилиги ҳәм Мухаддес Руўхтың шериклиги ҳәммеңизге яр болсын! 14–
Copyright information for
KaaIBT22C