‏ 2 Corinthians 2

1Солай етип, сизлерди және қапа қылмайын деп, сизлерге бармаўға кеўлимде қарар еттим. 2Өйткени егер мен сизлерди және қапа қылсам, онда мени ким қуўантады? Өзим қапа қылған сизлерден басқа, ким кеўлимди көтереди? Әлбетте, ҳеш ким! 3Сонлықтан мен барғанымда, қуўантыўы керек болған адамлар мени қапа қылмаўы ушын, сол хатты жазып жиберген едим. Себеби мениң қуўанышым сизлердиң ҳәммеңиздиң қуўанышыңыз екенине исенген едим. 4Мен сол хатты терең қайғырып, жүрегим езилип, көз жасларымды төгип отырып жаздым. Бундағы мақсетим – сизлерди қапа қылыў емес, ал сизлерге деген шексиз сүйиспеншилигимди билдириў еди.

Гүна ислеген адамды кешириў ҳаққында

5Егер араңызда бир адам басқаларды қапа қылған болса, ол тек мени емес, ал қандай да бир дәрежеде сизлердиң ҳәммеңизди қапа қылған болады. Мен буны асырып айтып атырған жоқпан. 6Бул адамға көпшилик тәрепинен берилген жаза жетерли болады. 7Солай етип, ол ҳәдден тыс қайғырмаўы ушын оны кеширип, жубаныш бергениңиз мақулырақ болады. 8Сонлықтан оған деген сүйиспеншилигиңизди дәлиллеўиңизди өтиниш етемен. 9Ҳәр бир исте сөзиме қулақ асатуғыныңызды ямаса аспайтуғыныңызды сынап билиў ушын, мен сизлерге сол хатты жазған едим. 10Сизлер оны кеширсеңиз, оны мен де кеширемен. Егер мен оны кеширген болсам, оны сизлер ушын Масийх алдында кеширдим. 11Солай етип, шайтанның аўҳалдан пайдаланып, пәнт бериўине жол қоймайық. Өйткени бизлер оның жаўыз жобаларынан хабарсыз емеспиз.

12Мен Масийхтың Хош Хабарын жәриялаў ушын Троасқа барғанымда, Ийемиз маған көп мүмкиншилик берген еди. 13Деген менен, туўысқанымыз Титусты сол жерде ушырата алмағаным себепли, руўхым тынышсызланды. Сонлықтан сол жердегилер менен хошласып, Македонияға кеттим .

14Қудайға шүкирлер болсын! Ол бизлерди бәрқулла Масийхтың жеңисиниң салтанатлы жүрисинде жетелеп жүреди ҳәм бизлер арқалы ҳәмме жерде Масийх ҳаққында билимди хош ийис сыяқлы тарқатады. 15Себеби бизлер қутқарылып атырғанлар арасында да, набыт болып атырғанлар арасында да, Масийхтың Қудайға бағышлаған хош ийисимиз. 16Бизлер Хош Хабарды жәриялаған ўақтымызда, набыт болып атырғанлар ушын өлимге апаратуғын өлим ийисимиз. Ал қутқарылып атырғанлар ушын өмир беретуғын өмир ийисимиз. Негизинде, бундай хызметке ылайықлы ҳеш ким жоқ! 17Өйткени өз пайдасы ушын Қудайдың сөзин сатып беретуғын көп адамлар бар. Бирақ, бизлер ондай адамлар емеспиз. Бизлер Қудай тәрепинен жиберилген ҳәм Масийхқа тийисли болған адамлар сыпатында Хош Хабарды Қудай алдында ҳақ кеўил менен жәриялаймыз.
Copyright information for KaaIBT22C