2 Corinthians 3
Жаңа келисимниң хызметшилери
1Бизлерди және өзлерин мақтап атыр, деп ойлайсыз ба? Айырым адамлар сыяқлы, сизлерге көрсетиў ушын ямаса сизлерден алып басқаларға көрсетиў ушын, минезлемемиз жазылған хатларға мүтәжбиз бе? 2Бизлердиң минезлеме хатымыз – сизлер боласызлар. Бул хат бизлердиң жүреклеримизде ▼▼ бизлердиң жүреклеримизде – Базы қолжазбаларда «сизлердиң жүреклериңизде».
жазылған болып, оны барлық адамлар биледи ҳәм оқыйды. 3Сизлер ҳақыйқаттан да, бизлердиң хызметимиз арқалы жазылған Масийхтың хаты екениңизди анық көрсетесизлер. Бул хат сыя менен емес, ал тири Қудайдың Руўхы менен жазылды ҳәм ол тасқа емес, ал адамлардың жүреклерине ойып жазылды. 4Бизлер Масийх арқалы Қудай алдында усындай исенимге ийе болғанымыз себепли, буларды айтып атырмыз. 5Бизлер хызметимизди уқыплы болғанымыз себепли атқарып атырмыз, демекши емеспен. Бизлердеги бар уқып өзимизден шықпаған, ал Қудайдан берилген. 6Қудай бизлерди жаңа келисимниң хызметшилери қылды. Жаңа келисим жазылған нызам тийкарында емес, ал Мухаддес Руўх тийкарында пайда болды. Себеби жазылған нызам өлимге ҳүким етеди, ал Мухаддес Руўх өмир береди. 7Тасқа ойып жазылған ҳәриплерден ибарат болған Мухаддес Нызам уллылық пенен берилгенликтен, Израил халқы Муўсаның жүзинен шыққан өткинши нурға қарай алмаған еди ▼. Өлимге ҳүким ететуғын Мухаддес Нызамға хызмет етиў соншелли уллы болса, 8онда өмир беретуғын Мухаддес Руўхқа хызмет етиў оннан анағурлым көп уллылыққа ийе емес пе? 9Адамды ҳүким еткен Мухаддес Нызамға хызмет етиў уллы болған болса, ақланыў беретуғын жаңа келисимге хызмет етиў оннан гөре қаншелли уллырақ болады! 10Ҳақыйқаттан да, жоқары уллылыққа ийе болған жаңа келисим пайда болғанда, бурын уллылыққа ийе болған Мухаддес Нызам өз уллылығын жойтты. 11Солай етип, өткинши болған нәрсе уллы болса, мәңги қалатуғын нәрсе оннан да уллырақ. 12Усындай үмитке ийе болғанымыз себепли үлкен батырлық пенен сөйлей аламыз. 13Бизлер жүзиндеги өшип баратырған нурды Израил халқына көрсетпеў ушын жүзин перде менен жапқан Муўса сыяқлы ис тутпаймыз. 14Бирақ, Израил халқының жүреги қайсар болғанлықтан, ҳәтте, усы күнге дейин олар Ески Келисимди оқығанда, олардың санасы сондай перде менен жабыўлы турғандай болады. Өйткени бул перде тек Масийх арқалы алып тасланады. 15Ҳақыйқаттан да, усы күнге дейин олар Муўсаның китабын оқығанда, жүреклери перде менен жабылғандай болып түсинбейди. 16Деген менен, адам Ийемизге жүз бурғанда, сол перде алып тасланады. 17Ийемиз – Руўх. Ийемиздиң Руўхы бар жерде азатлық бар. 18Бизлердиң ҳәммемиз пердесиз жүз бенен Ийемиздиң уллылығын көремиз. Сол арқалы Оған уқсаў ушын өзгерип, уллылық үстине уллылыққа ерисип барамыз. Бул Руўх болған Ийемиздиң жәрдеминде иске асады.
Copyright information for
KaaIBT22C