2 Corinthians 4
Ылай ыдыслардағы ғәзийне
1Сонлықтан биз хызметшилер бул хызметти Қудайдың мийрим-шәпәәти менен ислеп атырғанымыз себепли, руўхымызды түсирмеймиз. 2Бизлер жасырын ҳәм уят ислеримизди тасладық, ҳийлекерлик пенен ҳәрекет қылмаймыз. Қудайдың сөзин бурмаламай, ҳақыйқатты ашық айтыўымыз арқалы өзимизди Қудай алдында ҳәр бир адамның ҳүжданына тапсырамыз. 3Егер бизлер жәриялап атырған Хош Хабар жабық болса, ол набыт болатуғынлар ушын жабық болады. 4Исенбейтуғын бундай адамлар Хош Хабардың жақтысын көрмесин деп, бул дүньяның ҳәкими – шайтан олардың жүрек көзлерин соқыр еткен. Хош Хабар Қудайдың қандай екенин көрсеткен Масийхтың даңқын билдиреди. 5Бизлер өзлеримиз ҳаққында жәриялап атырған жоқпыз. Ал Масийх Ийсаны ҳәммемиздиң Ийемиз деп, Ийса ушын сизлердиң хызметшилериңиз екенлигимиз ҳаққында жәриялап атырмыз. 6Себеби «Қараңғылықтан нур жарқырасын», ▼ – деп буйырған Қудай Масийхтың жүзинде жарқыраған Өзиниң даңқын билиўимиз ушын жүреклеримизди жақты қылды. 7Биз елшилер усы ғәзийнени ылай ыдыс сыяқлы болған денемизде алып жүрмиз. Бул уллы қүдиреттиң бизлерден емес, ал Қудайдан екенлиги көринип тур. 8Бизлер ҳәр тәреплеме қысқыдамыз, бирақ езилмеймиз. Албыраймыз, бирақ үмитсизликке берилмеймиз. 9Қуўдаланамыз, бирақ Қудай бизлерди таслап кетпейди. Бизлерди жығылтады, бирақ жоқ болып кетпеймиз. 10Ийсаның өмири денемизде ашық көринсин деп, бизлер бәрқулла азап шегип, Ийсаның өлимине шерик боламыз. 11Өйткени Ийсаның өмири бизиң өлетуғын денемизде ашық көринсин деп, жасап атырған бизлер Ийса ушын өлим қәўпине үзликсиз дуўшар болып атырмыз. 12Солай етип, бизлердиң өлим қәўпине дуўшар болып атырғанымыз арқалы сизлер мәңгилик өмирге ерисип атырсызлар. 13Забурда: «Мен исендим ҳәм соның ушын сөйледим», ▼ – деп жазылған. Усындай исенимди пайда еткен Мухаддес Руўхқа ийе болғанымыз себепли, бизлер де исенемиз ҳәм сонлықтан сөйлеймиз. 14Себеби Ийемиз Ийсаны өлимнен тирилткен Қудайдың бизлерди де Ийса менен бирге тирилтетуғынын ҳәм сизлер менен бирликте Өзиниң алдында турғызып қоятуғынын билемиз. 15Булардың ҳәммеси сизлердиң пайдаңыз ушын болып атыр. Солай етип, бизлердиң басымыздан кеширген қыйыншылықларымыз себепли, Қудайдың сизлерге деген мийрими артады. Сол мийрим еле де көп адамларға жетип барыўы арқалы Қудайға көп шүкирликлер айтылады ҳәм Ол даңққа бөленеди.Өткинши қыйыншылықлар ҳәм мәңгилик даңқ
16Сонлықтан руўхымызды түсирмеймиз. Бизлердиң көринетуғын денемиз тозып баратырған болса да, ишки дүньямыз күннен-күнге жаңаланып атыр. 17Өйткени ҳәзирги өткинши ҳәм арзымас қыйыншылықларымыз бизлерге ҳәдден тыс уллы ҳәм мәңгилик даңқ алып келеди. 18Бизлер көзге көринетуғын қыйыншылықларға емес, ал көзге көринбейтуғын уллылыққа қараймыз. Себеби көзге көринетуғын нәрселер өткинши, ал көзге көринбейтуғын нәрселер мәңги болады.
Copyright information for
KaaIBT22C