‏ 2 Corinthians 5

1Бизлер ишинде жасап атырған дүньядағы бул шатырымыз, яғный денемиз қыйралғанда, Қудай бизлерге адамның қолы менен қурылмаған аспандағы мәңгилик үйимизди, яғный жаңа денени беретуғынын билемиз. 2Аспандағы үйимизди, яғный жаңа денемизди кийим сыяқлы кийиўди қатты күсеп, ҳәзир бизлер дүньядағы шатырымызда, яғный денемизде «аҳ» урмақтамыз. 3Оны кийсек, бизлер жалаңаш қалмаймыз. 4Бизлер дүньядағы шатырымызда, яғный денемизде жасап жүрип, аўыр жүк астында қыйналмақтамыз. Негизинде дүньядағы денемизди шешип таслаўды емес, ал оның үстинен аспандағы денемизди кийиўди қәлеймиз. Солай етип, өлетуғын дене мәңгилик өмир тәрепинен жутып жибериледи. 5Бизлерди усы ушын таярлаған ҳәм буның кепили сыпатында бизлерге Мухаддес Руўхты берген Қудайдың Өзи болады.

6Сонлықтан денеде жасап атырған ўақтымызда Ийемиздиң аспандағы мәканынан узақта екенимизди билсек те, бизлер бәрқулла батырлыққа ийемиз. 7Өйткени бизлер көзге көринетуғын нәрселерге емес, ал исенимимизге сүйенип жасаймыз. 8Аўа, батырлыққа ийемиз ҳәм денеден шығып, Ийемиз бенен бирге жасағанымыз жақсырақ деп ойлаймыз. 9Бирақ денеде жасасақ та, денеден шығып кетсек те, бизлер Ийемиздиң кеўлинен шығыўға қатты тырысамыз. 10Себеби денеде жасаған ўақтымызда ислеген жақсы исимиз ушын да, жаман исимиз ушын да ылайықлы баҳа алыў ушын, ҳәр биримиз Масийхтың ҳүким гүрсисиниң алдында турыўымыз керек.

Жарастырыўшылық хызмети

11Солай етип, бизлер Ийемизден қорқыўдың не екенин билгенимиз себепли, адамларды ақылландырыўға ҳәрекет етемиз. Бизлердиң қандай екенлигимиз Қудайға аян. Бизлердиң қандай екенлигимизди сизлер де жақсы билетуғыныңыздан үмит етемен. 12Бизлер және сизлерге өзлеримизди усыныўға ҳәрекет етип атырған жоқпыз. Бирақ ишки дүньясы менен емес, ал сыртқы көриниси менен мақтанатуғын адамларға ылайықлы жуўап бериўиңиз ушын, сизлерге бизлер менен мақтаныўға мүмкиншилик берип атырмыз. 13Егер бизлер руўхый өзгеше аўҳалда болсақ, онда бул Қудай ушын. Егер әпиўайы аўҳалда болсақ, онда бул сизлер ушын. 14Усылай ислеўге бизлерди Масийхтың сүйиспеншилиги мәжбүр етеди. Өйткени бир Адам, яғный Масийх ҳәмме ушын өлгенликтен, ҳәмме Оның өлимине шерик болған болады, деген жуўмаққа келдик. 15Аўа, Масийх ҳәмме ушын өлди. Солай екен, жасап атырғанлар енди өзлери ушын емес, ал өзлери ушын өлген ҳәм қайта тирилген Масийх ушын жасаўы шәрт.

16Сонлықтан бизлер енди ҳеш кимге дүньяның көз қарасы менен қарамаймыз. Масийхқа бурын усылай қараған болсақ та, енди олай қарамаймыз. 17Солай етип, ким де ким Масийх пенен байланысқа ийе болса, ол – жаңа жаратылыс. Ески нәрселер өтип кетти, минекей, енди ҳәммеси жаңа болды. 18Буның ҳәммеси Қудайдан. Қудай Масийх арқалы бизлерди Өзи менен жарастырды ҳәм адамларды Өзи менен жарастырыў хызметин бизлерге тапсырды. 19Яғный, Қудай Масийх арқалы дүньяны Өзи менен жарастырып, адамлардың гүналарын есапқа алмады ҳәм усы жарастырыўшы сөзлерди бизлерге берди. 20Солай етип, бизлер Масийхтың елшилеримиз. Қудайдың Өзи бизлер арқалы сизлерге ақыл-нәсият берип атыр. Масийхтың атынан жалбарынамыз: Қудай менен жарасыңлар! 21Қудай бизлердиң гүналарымызды ҳеш қашан гүна ислемеген Масийхқа жүкледи. Масийх пенен байланысқа ийе болған бизлер Қудай алдында усы арқалы ақландық.
Copyright information for KaaIBT22C