‏ 2 Corinthians 6

1Қудай менен бирге мийнет етип атырған бизлер сизлерден өтиниш етемиз: өзлериңиз қабыл қылған Оның мийримине итибарсызлық пенен қарамаң. 2Себеби Қудай былай дейди: «Мийримим түскен ўақытта сени еситтим,
Қутқарылыў күнинде саған жәрдем бердим».

Минекей, ҳәзир Қудайдың мийрими берилетуғын ўақыт болды! Минекей, ҳәзир қутқарылыў күни келди!

Павел көрген қыйыншылықлар

3Хызметимизге сөз келмесин деп, ҳеш кимге ҳеш бир нәрседе тосқынлық жасамаймыз. 4Ал ҳәмме нәрседе Қудайдың хызметкерлери сыпатында ис тутамыз: қыйыншылық көрсек те, мүтәжликте ҳәм аўыр жағдайларда қалсақ та, шексиз сабырлы болдық. 5Және де, таяқ жедик, қамақта отырдық, топалаң ишинде қалдық, аўыр мийнет еттик, түнлерди уйқысыз өткиздик, аш қалдық. 6Солай болса да, бизлер пәк болдық, дурыс түсиник, шыдамлылық, кең кеўил, Мухаддес Руўх ҳәм ҳақыйқый сүйиспеншилик пенен жасадық. 7Ҳақыйқат сөзин айтып, Қудайдың қүдиретин көрсеттик. Оң ҳәм шеп қолымызда ҳақлық қуралын услап жүрдик. 8Бизлерди ҳүрмет те етеди, масқаралайды да, бизлерге сөгис те айтады, мақтайды да. Бизлерди өтирикшилер деп есаплайды, бирақ бизлер ҳақыйқатты айтамыз. 9Бизлерди белгисиз адамлар деп санайды, бирақ ҳәммеге белгилимиз. Бизлерди өлген деп есаплайды, бирақ, мине, тиримиз. Жазаланып таяқ жесек те, өлмей атырмыз. 10Бизлерди қапа қылады, бирақ бизлер бәрқулла қуўанышлымыз. Жарлымыз, бирақ көп адамларды байытамыз. Ҳеш нәрсемиз болмаса да, ҳәмме нәрсеге ийемиз.

11Ҳәй коринфлилер, бизлер сизлерге ашық сөйлеп, жүрегимизди кең аштық. 12Сизлерден мийримимизди аямадық, бирақ сизлер бизлерден өз мийримиңизди аядыңыз. 13Сизлерге балаларыма сөйлегендей, сөйлеп атырман: бизлер сыяқлы, сизлер де бизлерге жүреклериңизди кең ашыңлар.

Бизлер – Қудайдың ибадатханасымыз

14Исенбейтуғынлар менен бирге бир мойынтырықтың астына кирмеңлер. Өйткени ҳақлық пенен нызамсызлықтың арасында қандай уқсаслық бар? Нур менен қараңғылықтың арасында қандай байланыс бар? 15Масийх пенен шайтанның арасында қандай келисим ҳәм исенетуғын адам менен исенбейтуғын адамның арасында қандай шериклик болыўы мүмкин? 16Қудайдың ибадатханасы менен бутлар арасында қандай бирлик болыўы мүмкин? Ҳеш қандай! Себеби бизлер тири Қудайдың ибадатханасымыз. Қудай былай дейди: «Мен олар арасында жасап,
Олар арасында жүретуғын боламан».
«Мен олардың Қудайы боламан,
Олар Мениң халқым болады».

17Сол себептен Жаратқан Ийе былай дейди: «Олардың арасынан шығып, бөлеклениң.
Ҳарам нәрсеге қол тийгизбең,
Сонда Мен сизлерди қабыл етемен».

18Және де, Қүдирети күшли Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен сизлерге Әке боламан,
Сизлер Мениң ул-қызларым боласызлар».
Copyright information for KaaIBT22C