2 Corinthians 7
1Солай етип, сүйикли туўысқанларым, усындай ўәделерге ийе болғанымыз себепли, денемизди ҳәм руўхымызды ипласлайтуғын ҳәр бир нәрседен өзлеримизди тазалайық. Қудайдан қорқып жасап, минсиз мухаддесликке жетилисип барайық.Коринфтеги жәмәәт ушын Павелдиң қуўаныўы
2Бизлерге жүреклериңизди кең ашыңлар. Бизлер ҳеш кимге жаманлық ислемедик, ҳеш кимди жолдан азғырмадық, ҳеш кимди алдап, ҳақысын жемедик. 3Буны сизлерди айыплаў ушын айтып атырған жоқпан. Өйткени бурын айтқанымдай, сизлер бизлердиң жүрегимиздесиз. Сизлер менен бирге өлиўге де, жасаўға да қайылмыз. 4Мениң сизлерге деген исенимим күшли ҳәм мен сизлер менен көп мақтанаман. Қыйыншылықларымыз көп болса да, мен сизлер себепли шексиз қуўаныш алып, жубанышқа бөлендим. 5Бизлер Македонияға келгенимизден кейин де денемиз ҳеш тыныш таппай, ҳәр тәреплеме қыйыншылық көрдик: сыртта жәнжел, жүрегимизде қорқыныш бар еди. 6Бирақ, руўхы түскен адамларға жубаныш бериўши Қудай Титустың сизлер беттен қайтып келгени арқалы бизлерге жубаныш берди. 7Бизлер тек оның қайтып келгени арқалы емес, ал сизлердиң оған берген жубанышыңыз арқалы да жубаныш алдық. Титус бизлерге сизлердиң мени қаншелли сағынғаныңызды, қылған ис-ҳәрекетлериңиз себепли өкинип атырғаныңызды ҳәм мени жақлаўға урынып атырғаныңызды айтып бергенде, мен оннан бетер қуўанып кеттим. 8Мен жазған хатым менен сизлерди қапа қылған болсам да, өкинбеймен. Сол хатымның сизлерди аз-маз ўақытқа қапа қылғанын билгенимде, мен өкинген едим. 9Бирақ, енди қуўанып атырман. Мен сизлердиң қапа болғаныңызға емес, ал бул қапашылықтың сизлерди тәўбеге әкелгенине қуўанып атырман. Бул қапашылық Қудайдың қәлеўи бойынша болғанлықтан, сизлер бизлер себепли ҳеш қандай зыян көрмедиңлер. 10Себеби Қудайдың қәлеўи менен берилген қапашылық адамды тәўбеге алып келеди ҳәм адам бул арқалы қутқарылыў алады. Бундай қапашылық өкиниў алып келмейди. Бирақ, дүньяның қапашылығы өлимге алып барады. 11Қараңлар, Қудайдың қәлеўи менен болған бул қапашылық сизлерде қаншелли инта, өз пәклигиңизди дәлиллеўге қатты умтылыў, наҳақлыққа деген күшли ғәзеп, қаншелли қорқыныш, маған деген соншелли сағыныш, қаншелли талпыныў ҳәм айыпкер адамды жазалаўға күшли тилек оятты. Сизлер сол исте ▼ өзлериңиздиң ҳәр тәреплеме пәк екениңизди көрсеттиңиз. 12Сизлерге буннан алдынғы хатты жазғанымда, наҳақлық ислеген адам ямаса наҳақлықтан жәбир көрген адам себепли жазған жоқпан. Ал, сизлердиң бизлерге деген ықласыңыздың Қудай алдында аян болыўы ушын жазған едим. 13Бизлер булардың ҳәммеси арқалы жубаныш таптық. Жубанышымызға қосымша Титустың қуўанышы бизлерди оннан да көбирек қуўандырды. Өйткени сизлердиң ҳәммеңиз оның руўхын көтерипсиз. 14Мен сизлерди оның алдында мақтаған едим, сизлер мени уятқа қалдырмадыңлар. Сизлерге айтқан ҳәр бир сөзимиз ҳақыйқат болғаны сыяқлы, сизлерди Титусқа айтып мақтаған сөзлеримиз де ҳақыйқат болып шықты. 15Ол ҳәммеңиздиң сөзге бойсынатуғыныңызды, өзин ҳүрмет ҳәм иззет пенен қабыл алғаныңызды еске алып, оның сизлерге деген сүйиспеншилиги және де артып атыр. 16Солай етип, мен сизлерге ҳәр бир исте исене алатуғыным себепли қуўанаман.
Copyright information for
KaaIBT22C