2 Corinthians 8
Сақыйлық пенен садақа бериў ҳаққында
1Туўысқанлар, бизлер сизлерге Қудайдың Македониядағы исениўши жәмәәтлерге берген мийрими ҳаққында билдиргимиз келеди. 2Олар аўыр қыйыншылықлар менен сыналған болса да, қуўанышқа толды, жүдә кәмбағал болса да, шексиз сақыйлық көрсетти. 3Жағдайлары көтергенше, ҳәтте, жағдайларынан артық дәрежеде олардың өз қәлеўи менен сақыйлық көрсеткенине мен өзим гүўалық беремен. 4Олар Яҳудиядағы мухаддеслерге берилетуғын жәрдемге, яғный усы қайырлы иске қатнасыўды өтиниш етип, бизлерге жалбарынған еди. 5Олар бизлер үмит еткенимизден де зыят берип, Қудайдың қәлеўи менен өзлерин бириншиден Ийемизге, соңынан бизлерге бағышлады. 6Сонлықтан бурын сизлердиң араңызда бул қайырлы исти баслаған Титустан оны жуўмақлаўын өтиндик. 7Сизлер Масийхқа деген исенимде, Қудайдың сөзин сөйлеўде, ҳақыйқатты билиўде, инта менен хызмет етиўде, бизлерге деген сүйиспеншиликте ▼▼ бизлерге деген сүйиспеншиликте – Базы қолжазбаларда «бизлердиң сизлерге деген сүйиспеншилигимизде».
, улыўма ҳәмме нәрседе үстинсиз. Сол сыяқлы, бул қайырлы исте де сизлердиң үстин болыўыңызды қәлеймиз. 8Буны буйрық ретинде айтып атырған жоқпан. Ал, басқа жәмәәтлердиң интасы ҳаққында айтып, сизлердиң сүйиспеншилигиңиздиң ҳақыйқыйлығын сынап көрип атырман. 9Себеби сизлер Ийемиз Ийса Масийхтың мийримин билесизлер: Ол Өзи бай бола тура, сизлер ушын бул дүньяда жарлы болды. Оның жарлылығы менен сизлер руўхый байлыққа ийе болдыңыз. 10Бул бойынша мен сизлерге бир пайдалы кеңес беремен. Сизлер өткен жылы өз қәлеўиңиз бенен жәрдем ақшаны жыйнаўды биринши болып баслаған едиңлер. 11Енди сол исти ақырына дейин жеткизгениңиз мақул. Солай етип, баста қандай инта менен баслаған болсаңыз, сондай инта менен жуўмақлаўға қолларыңыздан келгенше тырысыўыңыз тийис. 12Егер сизлер өзлериңизде бар нәрсени инта менен берсеңиз, Қудай оны ырзашылық пенен қабыл етеди. Бирақ, Ол сизлерде жоқ нәрсени талап етпейди. 13Басқалардың аўҳалын жеңиллетиў ушын сизлерге аўырманлық салыў керек, демекши емеспен. Ал теңлик болыўы керек, демекшимен. 14Ҳәзирги сизлердеги молшылық олардың жетпей турған нәрсесин толықтырады. Ал соңынан олардағы молшылық сизлердеги жетпей турған нәрсени толықтырады. Солай етип, теңлик болады. 15Мухаддес Жазыўда: «Көп жыйнағанның артығы, аз жыйнағанның кемиси болмады», ▼ – деп айтылғандай болады. Титус ҳәм еки туўысқан
16Мениң кеўлимдеги сизлерге деген интаны Титустың да кеўлине салған Қудайға шүкирлер болсын! 17Өйткени ол тек бизлердиң өтинишимиз бойынша емес, ал өзинде сизлерге деген терең инта болғанлықтан, өз қәлеўи менен сизлерге баратыр. 18Оның менен бирге бир туўысқанымызды да жиберип атырмыз. Ол Хош Хабарды жәриялаў бойынша барлық исениўши жәмәәтлер тәрепинен мақтаўға ерискен адам. 19Буның үстине, бул туўысқанымызды бизлер ислеп атырған усы қайырлы хызметте жолдас болсын деп, исениўши жәмәәтлер сайлап қойған еди. Бизлер Ийемиздиң даңқы ушын ҳәм жәрдем бериўге инталы екенимизди көрсетиўимиз ушын усы қайырлы хызметти ислеп атырмыз. 20Көп ақшалар менен байланыслы болған бул хызметимизде бизлерди ҳеш ким айыплай алмаўы ушын, бизлер сақлық пенен ис тутып атырмыз. 21Себеби бизлер тек Ийемиздиң нәзеринде емес, ал адамлардың нәзеринде де дурыс болған нәрсени ислеўге тырысып атырмыз. 22Бизлер олар менен бирге және бир туўысқанымызды да жиберип атырмыз. Бул туўысқанымызды талай мәртебе ҳәм ҳәр түрли жағдайларда сынап, оның инталы екенин көрдик. Енди оның сизлерге деген исеними күшейгенликтен, интасы да артып атыр. 23Титусқа келсек, ол мениң шеригим ҳәм сизлер ушын мениң менен бирге мийнет ететуғын хызметши. Оның қасындағы еки туўысқанымыз – исениўши жәмәәтлердиң ўәкиллери ҳәм Масийхқа даңқ келтиретуғын адамлар. 24Солай етип, сизлер бул адамларға деген сүйиспеншилигиңизди дәлиллеңлер. Бул арқалы оларды жиберген исениўши жәмәәтлерге бизлердиң сизлер менен мақтанатуғынымыздың дурыс екенин көрсетиңлер.
Copyright information for
KaaIBT22C